Ташкент ўәлаяты избе-из өсиў, заман талабы менен бирге қәдем таслаў жолынан барады
2024-10-16 09:20:00 / Жаңалықлар
Бул қаланың тийкары ҳәм драйвери – Алмалық кән-металлургия комбинаты. Экономика, жумыс орынлары, турақ жайлар, мәденият ҳәм билимлендириў орынлары усы комплекс тийкарында қәлиплескен.
Ҳәзирги күнде избе-из өсиў, заман менен бирге ҳәрекетлениў керек. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир тараўды илимге тийкарланып раўажландырыў талабын қояды.
Алмалықта да кадрлар таярлаў усы түрде жолға қойылған. Атап айтқанда, қалада Ташкент техника университетиниң ҳәм Москва полат ҳәм еритиў институтының филиаллары ашылған. Жақында оларға қосымша Алмалық кән-металлургия комбинатының Инженерлик мектеби шөлкемлестирилди.
Президент бәринен бурын усы мектеп жумысы менен танысты.
Бул жерде Германия тәжирийбеси тийкарында жылына 480 инженер таярланады ҳәм мың хызметкердиң маманлығы арттырылады. Сабақ процесслери бағдарлар ҳәм темалардан келип шығып, сырт елли профессор-оқытыўшылардың қатнасыўында алып барылады.
Оқыў бағдарламасы Германияның Фрайберг кәншилик академиясы, «GP Günter Papenburg AG» ҳәм «Aurubis AG» компанияларының алдыңғы билимлендириў методологиялары тийкарында ислеп шығылған. Мектеп соған муўапық, механика, металлургия, өндиристи автоматластырыў, пайдалы қазылмаларды байытыў, энергетика бағдарлары бойынша заманагөй оқыў-әмелият үскенелери менен тәмийинленген.
Мәмлекетимиз басшысы бул ханаларда болып, жумыс үйренип атырған жаслар менен сәўбетлести.
– Заман өзгермекте, ҳәр бир тараўға инновациялар кирип келмекте. Соған мүнәсип маман кадр болыў ушын бәрқулла өз үстиңизде ислеўиңиз керек. Комбинат тәғдири санластырыўда. Ҳәр бир бөлимди, өндиристиң ҳәр бир басқышын санластырыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.
Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасы қурылмақта. Келешекте онда ислейтуғын қәнигелер ҳәзирден таярланбақта.
Қысқа ўақытта бул жерде 100 ден аслам жаслар оқып, тармақ кәрханаларына жумысқа жайласқан.
Президентимиз мектептиң нәтийжелилигин және де арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Оның ушын оқыўлар турақлы шөлкемлестирилиўи, ең әҳмийетлиси, әмелият пенен тығыз байланыслы болыўы керек.
Быйыл 20-июнь күни инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын және де жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өткен еди. Онда биринши басқышта 10 жоқары инженерлик мектеби шөлкемлестирилетуғыны белгиленген еди. Ҳәзирги күнде усындай мектеплер шөлкемлестирилмекте. «Тармақ-кәрхана-жоқары оқыў орны» шынжырын беккемлеў мақсетинде ҳәр бириниң санаат пенен бирге ислесиўшиси белгиленеди.
Инженерлик мектеплери жоқары билимлендириў мәкемелериниң қурамында жетекши бағдарлар бойынша шөлкемлестириледи. Оларда математика, физика, химия, инженерлик графикасы, информатика ҳәм шет тиллери бойынша терең билим бериледи. Бакалавриат ҳәм магистратура 4+1 түринде жолға қойылады. Студентлер 2-курстан қәнигеликлер бойынша сайлап алынып, санаатта бирге ислесиўшилер ушын мақсетли кадрлар таярланады.
Бул мектеплердиң профессор-оқытыўшылары «Эл-юрт умиди» қоры, тийисли бирге ислесиўши ҳәм университет қаржылары есабынан жетекши сырт ел мәкемелерине маманлық арттырыўға жибериледи. Санаатта бирге ислесиўшилер тараўдың раўажланыўынан келип шығып, заманагөй лабораториялар қурады.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Алмалықтағы «Ёшлик-1» кәни ҳәм оның тийкарында қурылып атырған 3-мыс байытыў фабрикасын көзден өткерди.
Алмалық кән-металлургия комбинаты реңли, сийрек гезелесетуғын ҳәм баҳалы металлар қазып шығарыўда жетекши. Мәмлекетимиз жалпы санаат өниминиң 5 проценти, санаат өнимлери экспортының 6 проценти оның үлесине туўра келеди. Комбинат системасында 35 мыңға шамалас адам ислейди.
Өткен жылы 148 мың тонна мыс, 17 тоннадан аслам алтын, 162 тонна гүмис ислеп шығарылған. 1 миллиард 100 миллион доллар инвестиция өзлестирилип, 662 миллион долларлық өним эеспорт етилген.
Кейинги жыллары геологиялық излеўлер ҳәм инвестициялар муғдарының артқаны нәтийжесинде өндиристиң жаңа имканиятлары табылмақта. Солардан бири – «Ёшлик-1» кәни. Бул жерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-мартағы қарарына муўапық перспективалы инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта.
Кән аймағы 11 мың гектар. Резерви де салмақлы –жылына 65 миллион тонна дәрек. Бул кәнде алтын, мыс, гүмис, молибден, селен сыяқлы 13 түрдеги баҳалы ҳәм сийрек гезелесетуғын металлар бар.
Мәмлекетимиз басшысы усы кәнде болып, қазыў жумысларын көзден өткерди, қәнигелер менен сөйлести.
«Ёшлик-1» кәни қазылма дәреклеринен жоқары қунлы өнимлер ислеп щығарыў ушын Алмалық кән-металлургия комбинатының 3-мыс байытыў фабрикасы қурылмақта. Оның қурылысына 2021-жыл 29-июльде тырнақ тасы қойылған еди.
Бул ири жойбардың баҳасы 4,6 миллиард доллар болып, кәнди қазыў, фабрика ҳәм оның инфраструктурасын қурыўды өз ишине алады. Ҳәзирги күнде 200 миллион куб метр кән бети ашылған, 41 километр темир жол өткерилген, 650 мегаваттлы подстанция қойылған. АҚШ, Уллы Британия, Германия, Түркия, Қытай, Россия ҳәм басқа Европа мәмлекетлеринен үскенелер келтирилген. Фабрика ҳәм басқа да инфраструктуралардың қурылысы жедел алып барылмақта.
Президентимиз бул жердеги үлкен дөретиўшилик жумыслары менен ҳәр тәреплеме танысты. Болажақ заводтың экономикалық нәтийжелилиги, онда қолланылатуғын алдыңғы технологиялар, жумыс процесиндеги қолайлықлар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бул фабрика биринши басқышта жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеў қуўатлығына ийе болады. Бул арқалы жылына 917 мың тонна мыс ҳәм 2,5 мың тонна молибден концентратлары ислеп шығарылады. 5 мың 600 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.
Бул ири жойбар түрлес санаат тармақларының раўажланыўына да түртки берди. Мәселен, фабрика қурылысына металл конструкциялар жеткерип бериў ушын 6 завод иске қосылды. Инженерлик, программалық тәмийнат ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи жаңа дәрежеге шықпақта. Жаңа турақ жайлар ҳәм хызметлерге талап пайда болмақта.
Фабрикада логистика процеси де қолайластырылады. Оның барлық корпуслары арасында конвейерлер болады. Бул жүк жүклеў ҳәм тасыўды сапластырып, қәрежетлерди қысқартады.
Екинши басқышта қуўатлығы 160 миллион тоннаға жетеди ямаса ҳәзирги көрсеткиштен 3 есеге көбейеди. Бул еки басқыш әмелге асырылыўы нәтийжесинде кәрхана 2028-жылға барып жылына 400 мың тонна мыс, 50 тонна алтын ҳәм 270 тонна гүмис ислеп шығарыў қуўатлығына ийе болады. Усы тәризде Алмалық комбинаты таў-кән металлургиясы тараўында дүньядағы ең ири санаат комплекслеринен бирине айланады.
Халықаралық баҳалаў нормаларына бола, Алмалықта мыстың жалпы резерви 45 миллион тоннаны, алтын резерви болса 5 мың тоннадан асламды қурайтуғыны анықланған. Бул дүнья көлеминде де ең ири ҳәм сийрек гезелесетуғын көрсеткиш болып есапланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи, бүгин дүньяда «жасыл экономика», электр техникасы, электромобильлер санааты жедел раўажланбақта. Оның нәтийжесинде 2030-жылға барып мыс өнимлерине болған талап 40 процентке артыўы күтилмекте.
Яғный, Алмалық комбинаты өнимлерине талап узақ жыллар даўамында халықаралық дәрежеде болады. Келешекте комбинат ислеп шығаратуғын өнимлердиң көлеми 3 мәртеден зыят көбейип, оның баҳасы дерлик 8 миллиард долларға жетеди. 11 мың жаңа, жоқары технологиялы жумыс орынлары жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы «Enter Steel» механика оңлаў кәрханасының устаханаларында да болып, жаңа үскенелер ҳәм жумыс процеси менен танысты.
Бүгин 350 адам мийнет етип атырған бул кәрхана тәрепинен жеңил ҳәм аўыр санаат, атап айтқанда, таў-кән, газ-химия бағдарындағы өндирис объектлерине әсбап-үскене, аўысық бөлеклер жеткерип бериледи. Ислеп шығарылып атырған балка, үстин, эстакада, электр тогин узатыў таянышлары, суў минаралары, жақтыландырыў үстинлери, GSM антенна мачталары сыяқлы металл конструкция өнимлери, жоқары басымға шыдамлы резервуарлар, бурғылаў үскенелери, электр қутыларға талап жоқары.
Бул жерге Қытай, Италия, Германия сыяқлы мәмлекетлерден ең заманагөй үскенелер келтирилгени өнимлердиң сапасы ҳәм жумыс өнимдарлығы жоқары болыўына хызмет етпекте.
Ҳәзирги ўақытта бул кәрхана 3-мыс байытыў фабрикасы ушын да зәрүр болған үскенелерге аўысық бөлеклер жеткерип бермекте.
Мәмлекетимиз басшысы заводтағы өндирис процеси ҳәм таярланып атырған өнимлерди көзден өткерди. Жумысшы-хызметкерлер менен сөйлести. Санаат раўажланып атырған аймақларда бундай жойбарларды хошаметлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соң Алмалық қаласында Ташкент ўәлаятын раўажландырыўдың ҳәзирги жағдайы ҳәм келешектеги ўазыйпаларды додалаў бойынша мәжилис болып өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев аймақтағы экономикалық-социаллық нәтийжелерди ҳәр тәреплеме таллап, қосымша имканиятларды көрсетип өтти.
Соңғы жети жылда Ташкент ўәлаятында да үлкен өзгерислер болды. Аймақ экономикасы 1,5 есеге өсип, өткен жылы 119 триллион сумлық қосымша қун жаратылды, исбилерменлер 16 мыңға көбейип, 170 мың турақлы жумыс орны ашылды. 6 миллиард долларлық 826 жаңа санаат кәрханасы иске қосылды, 5 миллиард долларлық экспорт болды. Булардың нәтийжесинде өткен төрт жылда 70 мың, бул жылдың өзинде 19 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды.
Ташкент ўәлаяты район ҳәм қалалар саны бойынша республикада биринши орында турады. Аймақтағы мәмлекетлик уйымларда дерлик 10 мың адам ислейди. 1 мың 25 мәҳәлледе 6 мың 123 «мәҳәлле жетилиги» бар. Бул ишки имканиятларды иске қосып, қала менен аўылларды раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ушын жетерли күш екени атап өтилди.
Усындай мәнзилли үйрениўлер нәтийжесинде қосымша 13 миллиард доллар инвестиция, 500 мың жумыс орны, бюджетке 3,5 триллион сум түсим етиў имканиятлары анықланған. Бул имканиятларды нәтийжеге айландырыў ушын 22 район-қаланың ҳәр бири бойынша ҳүкиметтиң айрықша қарарларының шығатуғыны айтылды.
Ўәлаятта исбилерменлик ислеўге қызығыўшылық күннен-күнге артпақта. Пайтахттағы кәрханалар да инфраструктура жақынлығы, жер, мүлк салығы, жумысшы күшиниң арзанлығы ушын Ташкент ўәлаятынан орын излемекте. Соның ушын Ташкент, Қыбрай, Зангиата, Жоқары Шыршық, Орта Шыршық районлары, Шыршық ҳәм Нурафшон қалалары пайтахт районлары менен теңдей раўажланыўы керек екенлиги атап өтилдди.
Мысалы ушын Ташкент районында 97 гектарда индустриал технопарк шөлкемлестириледи. Онда исбилерменлер ҳәм банклердиң қатнасыўында 350 миллион долларлық жоқары қосымша қунлы жойбарлар жайластырылады. Сондай-ақ, районда көп қабатлы турақ жайлар, жаңа санаторийлар, спорт ҳәм кеўилашар дәргайлар қурыў имканияты бар.
Ангрен, Алмалық, Аҳангарон қалалары, Пискент ҳәм Аҳангаран районларының ўәлаят санаатындағы үлеси 50 процентти қурайды. Олар жақын жайласқан болып, шийки зат резервине жүдә бай. Соның ушын бул қала ҳәм районларда өндиристи кооперация ҳәм кластер тийкарында шөлкемлестириў ушын пүткиллей жаңа система – «санаат үшмүйешлиги» бағдарламасының әмелге асырылатуғыны айтылды.
Бул аймақта 1 мың 100 кәрхана ислемекте. Жаңа жойбарлар есабынан 2-3 жылда олар 1,5 мыңға жетеди. Бул кооперация нәтийжесинде транспорт қәрежети де, өзине түсер баҳасы да азаяды.
Мәселен, Алмалық комбинаты жылына 9 триллион сумлық өним сатып алмақта. Бул – әтирапта жайласқан 5 қала ҳәм район ушын үлкен имканият екени көрсетип өтилди.
Улыўма, жылдың ақырына шекем сырт ел инвестицияларының көлемин 2 миллиарда долларға ҳәм экспортты 1,5 миллиардқа жеткериў, 661 жойбарды жуўмақлап, 30 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Машина қурылысы тараўындағы талапты толық таллап, локализациялаўды кеңейтиў ҳәм ири кәрханалар менен кооперацияны күшейтиў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Ташкент ўәлаятында жер ҳәм суў бол. Бирақ 1 гектардан орташа дәрамат басқа ўәлаятларға қарағанда аз. Соңғы үш жылда ўәлаяттағы 21 мың гектар дийқаншылық ушын 57 мың халыққа берилген.
Мийўе-овощ экспорты да өткен жылдағыдай болмаған. 2 мың 200 гектар нәтийжесиз бағ ҳәм жүзим атызы есабынан жылына 10 миллион доллар экспорт жоқ етилмекте. Суўды үнемлеўши технология бойынша Ташкент ўәлаяты ең ақырғы орынларда.
Бундай кемшиликлер себепли ўәлаят ҳәкиминиң аўыл хожалығы бойынша орынбасары ўазыйпасынан азат етилди.
Бағшылық бойынша жаңа система тийкарында Аҳангаран ҳәм Бостанлықтағы таўалды жерлерде малина ҳәм голубика плантациясы, Паркент ҳәм Аҳангаранда жүзим ҳәм шийе бағлары шөлкемлестирилетуғыны айтылды. Ангренде анар шербетин ислеп шығарыў, Аҳангаран районында қәрелини қайта ислеў жолға қойылады. Быйыл да Ташкент ўәлаятындағы шаңарақларға дийқаншылық ҳәм бағшылық ушын қосымша 5 мың гектар жер бериледи.
Улыўма, ўәлаятты бағшылықта үлгили аймақ етип, экспортты 300 миллион долларға жеткериў бойынша көрсетпе берилди.
Мәжилисте кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери де талланды.
Ҳәзирги күнде Ташкент ўәлаятында 63 мың кәмбағал шаңарақ қалған болып, олардың 190 мың ағзалары мийнетке уқыплы. «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы шеңберинде келеси жылы ўәлаятта 116 мың халықты кәмбағаллықтан алып шығыў режелестирилген.
Бирақ бул жетерли емес. Мәселен, Ташкент ўәлаяты киши бизнес арқалы халықты жумыслы етиў бойынша республикада ең ақырғы орында. Ўәлаят санаатының тек ғана 25 проценти киши бизнеске туўра келеди. Соның ушын исбилерменликти раўажландырып, халыққа дәрамат дәрегин жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Оның ушын бир жыл ишинде «Сайхунабад» тәжирийбеси тийкарында 27 мың, «Зарбдор» тәжирийбеси тийкарында 8,5 мың, «Үйши» тәжирийбеси тийкарында 39 мың, «Ғиждувон» тәжирийбеси тийкарында 10 мың кәмбағал халықты бәнт етиў ўазыйпасы белгиленди.
Киши исбилерменлик жойбарлары ушын ажыратылатуғын 1 триллион сум жеңиллетилген кредит ҳәм 32 миллиард сум субсидиялар нәтийжесинде 30 мың халық исбилерменликке тартылады.
Кейинги ўақытларда Ташкент ўәлаятынан сырт елге арзан жумысларға кетиўшилер 30 мыңға азайған. Бирақ еле 158 мың адам сырт елде мийнет етип атырғаны атап өтилди.
Енди Миграция агентлигиниң жумысы жетилистирилип, халықты қәўипсиз ҳәм жоқары дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў бойынша жаңа қатнаслар енгизиледи. Сырт елде мәўсимлик жумыс ислеп қайтқан ҳәм және кетиў тилегинде болған адамларға жоқары дәраматлы кәсиплер үйретиледи. Кәсип-өнери барлар шет тиллерге оқытылады.
Гөззал тәбияты, қолайлы инфраструктурасы бар Ташкент ўәлаятында туризм имканияты жоқары. Бирақ усынысқа қарағанда талаптың көп болғаны себепли баҳалар қымбат. Туризм орынларын көбейтип, хызметлер көлемин 2 есега арттырыў, 10 миллион туристти тартыў имканияты бар екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге келеси жыл ушын 1,5 миллиард долларлық жойбарларды қәлиплестириў тапсырылды.
Мәжилисте қыс мәўсимине таярлық, энергиядан пайдаланыў мәселелерине де тоқтап өтилди. Ири кәрханаларда энергияны жумсаў жоқары үскенелерди үнемлейтуғынына алмастырыў, мәҳәллелерди ыссылық пенен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.
Ташкент ўәлаяты, қала ҳәм район ҳәкимлери, тармақ басшылары мәжилистен шығарған жуўмақлары ҳәм келешектеги режелери бойынша мәлимлеме берди. Мәмлекетимиз басшысы халық ўәкиллери менен қызғын сөйлести.
Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Алмалық кән-металлургия комбинатының жумысы ҳәм жаңа инвестиция жойбарлары менен де танысты.
Экономикалық реформалар барлық тармақларда өз нәтийжесин көрсетпекте. Соңғы алты жылда Алмалық комбинатында санаат өними 1,8 есеге, локализациялаў 7,7 есеге, инвестиция 13 есеге артқан. «Санлы ОКМК-2030» стратегиясы шеңберинде 70 ден аслам жойбарлар әмелге асырылған.
Ҳәзирги ўақытта жаңа комплекслер қурылып, қуўатлықлар арттырылып атыр. Комбинаттың 75 жыллық тарийхы даўамында 2 фабрика қурылған болса, ендигиден былай жаңа қуўатлықларды қурыў процеси тезлести. 2021-жылы «Ёшлик-1» кәни тийкарында 3-мыс байытыў фабрикасының қурылысы басланған еди. Енди бул жойбардың екинши басқышы шеңберинде 4-мыс байытыў фабрикасы турмысқа енгизилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы символикалық түймени басып, бул жаңа заводтың қурылысын баслап берди.
Баҳасы 5,3 миллиард долларлық бул жойбар арқалы жылына 146 мың тонна катодлы мыс, 13 тонна алтын ҳәм 73 тонна гүмис алыў қуўатлықлары жаратылады. Жыллық өндирис көлеми 1,9 миллиард долларға жетеди. Фабрика ҳәм оның инфраструктарларында 3 мыңнан артық адам ислейди.
Жойбарға Италияның «Wood» ҳәм Уллы Британияның «Worley Parsons» компаниялары тартылған. Өндиристе жоқары технологиялы, экологиялық қәўипсиз ҳәм үнемлеўши технологиялар қолланылыўы белгиленген.
Ҳәзирги күнде Алмалық кән-металлургия комбинатының 5-мыс байытыў фабрикасы да жойбарластырылып атырғанан айтыў керек.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ташкент ўәлаятына сапары жуўмақланды.