Аймақларды раўажландырыў
Раматов Ачилбай Жуманиязович
Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары
Миллий економиканы реформалаў бойынша сыртқы саўда, салық ҳәм ўаинанс сиясатын либераллаштириш, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм жеке меншик қол қатылмаслығын кепиллик бериў, аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеўди шөлкемлестириў ҳәм де аймақларды жедел раўажландырыўды тәмийинлеў бойынша тәсирли шаралар коърилди.
Пуқаралардың социал қорғалыўын күшейтиў ҳәм жарлылықты кемейтиў мәмлекет сиясатының үстин туратуғын бағдары ретинде белгиленип, халықты жаңа жумыс орынларын ҳәм кепилликли дәрамат дәреги, маман медициналық ҳәм тәлим хызметлерин, мүнәсип жасаў шараятлары менен тәмийинлеў сапа тәрепинен жаңа басқышқа көтерилди.
2022-жылы мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, халықты узақ жыллар қыйнап келген мәселелерди шешиўге бюджеттен 8 триллион сум қаратылды. «Басламалы бюджет» шеңберинде 8 миллионға шамалас халықтың усынысларынан келип шығып, мәҳәллелердеги жойбарларға 2,5 триллион сум ажыратылды. Онда аймақлардың қосымша экономикалық имканиятларынан қәлиплескен 16,5 триллион сум да аймақлар инфраструктурасын жақсылаўға қаратылды.