![Транспорт жойбарлары бойынша усыныслар көрип шығылды](/_next/image?url=https%3A%2F%2Fapi-portal.gov.uz%2Fuploads%2Fdc064152-4ba3-9749-50c5-e4fc6511dbf0_news_.jpg&w=1080&q=75)
Экономика ҳәм Қаржы
![Кучкаров Джамшид Анварович](/_next/image?url=https%3A%2F%2Fapi-portal.gov.uz%2Fuploads%2F2715cb75-bfaa-bc50-a006-0a1b2ef47d18_guide_2.jpg&w=3840&q=75)
Кучкаров Джамшид Анварович
Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары - Өзбекистан Республикасының экономика ҳәм қаржы министри
![Кудбиев Шерзод Давлятович](/_next/image?url=https%3A%2F%2Fapi-portal.gov.uz%2Fuploads%2F1ec9ffa0-3ed1-46ed-17f4-c11b1d6a38e2_guide_148.jpg&w=3840&q=75)
Кудбиев Шерзод Давлятович
Өзбекстан Республикасы Салық комитети Баслығы
2022 жылдың қыйын болғанына қарамастан, экономикада унамлы нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди. Атап айтқанда, 2022 жылы жалпы ишки өним көлеми 5 проценттен жоқары пәтте артқан. Экспорт көлеми 14 прцентке өсип, 19 миллиард долларды қураған. Экономикаға 8 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары кирип келген.
Ҳәммемизге белгили, инфляция тек ғана макроэкономикалық көрсеткиш емес, халықтың дәраматы ҳәм турмыс тәризине тәсир етиўши фактор болып есапланады. 2022-жылдың жуўмағы менен елимизде инфляция 12,3 процентти қураған еди. Барлық экономикалық механизмлерди қолланып, усы жылы бул көрсеткишти 10 проценттен төменге түсириў мақсет етилмекте.
Халықтың дәраматларын арттырыўда олардың бос пул қаржыларын қаржы базарына тартыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда жаратылып атырған қолайлықлар өзиниң нәтийжесин бермекте. Соның ишинде, кейинги үш жылда халықтың банктеги аманатлары 2 есеге артты.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Мəкемесиниң “2025-2027 жылларда мəмлекет сатып алынған затлары системасын жəне де жетилистириў ҳəм раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў туўрысында”ги 2024 жыл 20 декабрдеги 865-сан қарары қабылланды.
Бул Стратегияның мақсети 2025-2027 жыллар даўамында “жасыл” мəмлекет сатып алынған затларының үлесин асырыў, соның менен бирге, економикалық өсиўде зəрүрли болған турақлы, кең бəсекине тийкарланған мəмлекет сатып алынған затлары системасын жетилистириў ҳəм раўажландырыўға қаратылған мəмлекет сатып алынған затлары сиясатын белгилеўден ибарат.