Денсаўлықты сақлаў
Худаяров Асилбек Анварович
Кейинги жылларда Өзбекстанда ҳәр бир пуқара ушын жоқары сапалы ҳәм қәнигели медициналық хызмет системасын жаратыў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленип, бул бағдарда кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны сизлерге жақсы белгили.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 7 декабрдеги “ Өзбекстан Республикасы ден саўлықты сақлаў системасын туптен жетилистириў бойынша комплекс илажлар туўрысында”ги ПФ-5590 -сан пəрманы менен 2019 - 2025 жылларда Өзбекстан Республикасының ден саўлықты сақлаў системасын раўажландырыў контсептсиясы тастыйықланди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 25 апрелдеги “2022 - 2026 жылларда аналық ҳəм балалықты қорғаўды күшейтиў туўрысында”ги ПҚ-216 -сан қарары менен 2022 - 2026 жылларда аналық ҳəм балалықты қорғаўды күшейтиў бойынша ШОРА-ТАДБИРЛАР РЕЖАСИ тастыйықланған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024 жыл 22 январдағы “Ден саўлықты сақлаў саласында реформаларды тереңлестириў бойынша қосымша илажлар туўрысында”ги ПҚ-38-сан қарары менен Ден саўлықты сақлаў системасын жетилистириўдиң үстин туратуғын бағдарларын əмелге асырыў бойынша “ЙӨЛ ХАРИТАСИ” тастыйықланған.
2022-жылы орынларда 100 ден аслам шаңарақлық шыпакерлик пункти, поликлиникаларда және шетки аймақларда 1000 нан аслам мәҳәлле медицина пунктлери шөлкемлестирилди. Нәтийжеде қосымша түрде 3,5 миллион халықты басланғыш медициналық хызмет пенен қамтып аыўға ерисилди.
Шаңарақлық шыпакерлер тәрепинен халыққа бийпул тарқатылатуғын 70 түрдеги дәри-дәрмақлар ушын қаржылар көлеми өткен жылға салыстырғанда 3 есеге көбейтилди. Басланғыш медицина мәкемелери заманагөй ультрасес, электрокардиограмма үскенелери, стоматологиялық ҳәм хирургиялық топламлар менен үскенеленбекте.
Шаңарақлық поликлиникаларда күндизги емлеў орынларының шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде 740 мың адам емлеўханаға бармай, тиккелей өзи жасайтуғын мәҳәлледе емлениў имканиятына ийе болды.
Мәмлекетимизде жеке меншик медицина мәкемелерин раўажландырыў мақсетинде бул клиникаларға салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилип, мәжбүрий туристлик жыйымлар бийкар етилди және мәмлекетлик қаржылар есабынан медициналық хызмет көрсетиўге рухсат етилди.
Саламатлық сақшыларының аўыр ҳәм жуўапкершиликли мийнетин мүнәсип қәдирлеў, олардың өзиниң кәсибинен мәпдарлығын арттырыў мәселеси де мәмлекетимиздиң турақлы дыққат орайында тур.
Тараў хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы 30 процентке шекем көбейтилип, жумыс нәтийжелилигине қарай дифференцияластырыған хошаметлеў және үстеме енгизилгени де бул жолда әҳмийетли қәдем болғанын атап өтиў зәрүр.