Тийкарғы контентга өтиў

Cоциаллық қорғаў ҳәм Бәнтлик

Махкамова Зулайхо Бахриддиновна

Махкамова Зулайхо Бахриддиновна

Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы

Зоҳидов Ботир Эркинович

Зоҳидов Ботир Эркинович

Өзбекстан Республикасы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министры

2020 жыл 20 -октябрде Өзбекстан Республикасының “Халық бандлиги туўрысында”ги нызам қабылланды. Өндиристеги бахтсыз ҳәдийсең алдын алыў, жумысшы ҳәм хызметкерлерди саў ҳәм қаўипсиз мийнет шараятларына болған ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша нызам ҳүжжетлерин жетилистириў ҳәм халық аралық стандартларға масластырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, 2021 жыл 4 июң күни “Халық аралық мийнет шөлкеминиң мийнет қаўипсизлиги ҳәм гигиенасына көмеклесиў тийкарлары туўрысында 187-санлы конвенциясини (Женева, 2006 жыл 15 июн ) ратификация қылыў ҳаққында”ги Өзбекстан Республикасының Нызамы қабылланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 1 июндағы “Халыққа сапалы социал хызмет ҳəм жəрдем көрсетиў ҳəм де оның нəтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплекс илажлар туўрысында”ги ПФ-82-сан Пəрманы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социал қорғаў миллий агентлиги исленген. Соның менен бирге, мийнет нызамчилиги бузылған тəғдирде пуқаралар Мəмлекет мийнет инспектсиясига шақырық етиўлери мүмкин.

Мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық сиясатының тийкарғы мақсети жумыс орынларын көбейтиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў болып есапланады. Бул бағдардағы мәнзилли жумыслар нәтийжесинде өткен жылдың өзинде кәмбағаллық дәрежеси 17 проценттен 14 процентке түсти. 1 миллион халық кәсип-өнерге оқытылып, жумыс баслаўына жәрдемлесилип, кәмбағаллықтан алып шығылды.

Өзгелер күтимине мүтəж болған жалғыз ғаррылар ҳəм өзгелер күтимине мүтəж жалғыз майыплығы болған шахсларға көрсетилетуғын хызметлер ҳақида

Бул дәўирде 200 мыңға шамалас исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди, 10 мың кәрхананың жумысы кеңейтилди, 11 мың кәрхананың қуўатлылығы тикленди.

Мәмлекетимизде гендер теңликке ерисиў бойынша да системалы жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, былтыр жоқары оқыў орныларға қабыл етилген студентлердиң 49 пайызын қызлар қурады. Ҳаял-қызлардың мәмлекет басқарыўындағы үлеси болса биринши рет 35 процентке жетти.

Бүгинги күнде медицина саласында мийнет қылып атырғанлардың 77 пайызын, билимлендириў тараўында болса 74 процентти ҳаял-қызлар қурап атыр. Экономика ҳәм санаат тармақларында бул көрсеткиш 46, басқарыў саласында 33, партиялар сафидаги үлеси 47 процентке жеткен.

12

Ақырғы жаңаланыў: 2024-12-19 19:28:33