Санлы технологиялар ҳәм Транспорт
Шерматов Шерзод Хотамович
Өзбекстан Республикасы цифрлы технологиялар министри - Бас Информация Директоры (CIO)
Махкамов Илхом Рустамович
Өзбекистан Республикасы транспорт министри
«ЦИФРЛЫ ӨЗБЕКСТАН - 2030» СТРАТЕГИЯСЫ
Мәмлекетимизде цифрлы экономиканы актив раўажландырыў, барлық тармақлар ҳәм тараўларда, бәринен бурын, мәмлекет басқарыўы, тәлим, ден саўлықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығында заманагөй информацион-коммуникация технологияларын кең енгизиў бойынша комплекс илажлар әмелге асырылып атыр. Өзбекстан Республикасы Цифрлы технологиялар вазирлиги тәрепинен мәпдар министрлик ҳәм кеңселер, бизнес жәмиетшилиги ҳәм илимий дөңгелеклер ўәкиллери ҳәм де шет ел экспертлер қатнасыўында “Цифрлы Өзбекстан — 2030” стратегияси ишлаб шығылған.
1997 жыл 24 апрелде Өзбекстан Республикасының " Информация алыў кепилликлери ҳəм еркиншеги туўрысында" ги 400-I-санлы Нызамы қабылланды.
Өзбекстан Республикасында пуқаралар ҳəм исбилерменлик ўәкиллери ушын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди, мəмлекет бюджети параметрлерин ҳəм соған уқсас мəселелерди талқылаў ҳəм де қабыллаўда електрон тəрзде қатнасыўлары ушын кең мүмкиншиликлер жаратылған. Бул процессда пуқаралар ҳəм исбилерменлер актив қатнас етислери мүмкин.
Кейинги үш жылда мәлимлеме технологиялары тараўына үлкен итибар қаратылғаны өз нәтийжесин берип атыр. Өткен жылы IT-парк резидентлери 5 триллион сум муғдарындағы хызметлер көрсеткен, 140 миллион доллар муғдарындағы хызметлерди экспорт еткен.
715 мәмлекетлик хызметтен 370 и санлы платформаға өткерилген болып, олардан өткен жылы 12 миллион халық пайдаланған. Санластырыў нәтийжесинде 70 тен аслам түрдеги мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди халықтан талап етиў бийкар етилген.
Мәмлекетимизде мәлимлеме технологиялары тараўындағы хызметлер экспортын келешекте 1 миллиард долларға жеткериў режелестирилген. Буның ушын кеминде 100 мың маман программист, IT-архитектор, оператор ҳәм инженерлер керек. Аймақларда жоқары тезликтеги интернет тармағын кеңейтиў керек. Сырт елли IT-компаниялардың көбейиўи ушын және де қолайлы орталық жаратыў зәрүр. Халық ҳәм исбилерменлер ушын ең зәрүр болған жаңа электрон хызметлерди иске қосыў керек.
Кейинги еки жылда елимизде 215 IT-билимлендириў орайлары ашылған. «Бир миллион программист» жойбары да өз нәтийжесин берди. Ҳәзирги ўақытта IT-парклер қәнигелериниң көпшилиги усы бағдарламаны питкерген жаслар есапланады. Енди жасларды «Coursera» платформасы арқалы оқытыў да кеңейтиледи. Олардың арасынан ең қәбилетлилери таңлап алынып, өз алдына бағдарлама тийкарында халықаралық IT-базар ушын таярланады.
Киберхавфсизлик туўрысындағы нызамшылық Өзбекстан Республикасының “Киберхавфсизлик туўрысында” Нызамы ҳәм ҳәм басқа нызамшылық ҳүжжетлеринен ибарат есапланади. Киберхавфсизлик саласын тәртипке салыўға салыстырғанда бирден-бир жантасыў мағлыўматларға қайта ислеў ҳәм де оларды қорғаў бойынша программалық ҳәм техникалық қуралларды ислеп шығыў ҳәм де енгизиў процесин шөлкемлестириў, оның моныторингини ҳәм қадағалаўын әмелге асырыўға қаратылған информация системаларын ҳәм де ресурсларини киберҳимоя қылыўдың бирден-бир мәмлекет системасы енгизилген ҳалда тәмийинленеди. Киберхавфсизлик саласындағы бирден-бир мәмлекет сиясатын Өзбекстан Республикасы Президенти белгилейди. Өзбекстан Республикасы Мәмлекет қаўипсизлик хызмети киберхавфсизлик саласындағы кепилликли мәмлекет органы болып табылады.
Жеке мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм қорғаў процессинде жүзеге келетуғын мунасәбетлер, пайдаланилетуғын қайта ислеў қуралларындан, атап айтқанда, информация технологияларынан қарамастан, Өзбекстан Республикасының 2019 жыл 2 июлдаги “Шахсқа тийисли мағлыўматлар туўрысында”ги ӨРҚ-547-сан Нызамы менен тәртиплестириледи.
Мəмлекет ҳəкимияты ҳəм басқарыўы шөлкемлери искерлигиниң ашықлығы ҳəм əшкаралығын тəмийинлеў бойынша реформаларды жəне де тереңлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 04.09.2019 жылдағы ПҚ-4273-сан қарары қабылланды.
Ашық мағлыўматлардың əшкаралық ҳəм сапасы дəрежесин, оларды пуқараларға ҳəм жəҳəн жəмийетшилигине жеткизиў системасын жəне де жетилистириў мақсетинде Министрлер Мəкемесиниң 23.12.2020 жылдағы 808-санлы қарары қабылланды ҳəм 2021 - 2025 жылларда Өзбекстан Республикасында ашық мағлыўматлар саласын раўажландырыў КОНЦЕПЦИЯСИ тастыйықланди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024 жыл 14-октябрдаги “Жасалма интеллект технологияларын 2030 жылға шекем раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў туўрысында”ги ПҚ-358-санлы қарары менен 2030 жылға шекем жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў стратегиясы тастыйықланди.
Халық аралық әҳмиет деги автомобилъ жолларын заманагөй талапларға масластырыў ҳәм техникалық параметрлерди асырыў бойынша бир қанша әмелий жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, ҳәзирги күнде ҳәм келесиндеги әмелге асырилатуғын жойбарларда тсементобетон қатламлы жоллар қурыўды, автомобиллер бурылып алыў жайларын жер үстинен ямаса жер астындан өткериўди, жол ҳәм көпирлер ҳәм де транспорт шешимлерин жетилискен проектлестириў есабына халық аралық ҳәм мәмлекет әҳмиетиндеги автомобилъ жолларда ҳәрекетлениўде қаўипсизликти ҳәм қолайлықты асырыўға итибар қаратылып атыр.
Мәмлекетимизде транспорт тармақлары избе-из раўажландырып келинбекте. Атап айтқанда, 2018-жылы Бухара-Мискин темир жолы қурылып, Хийўаға шекемги аралық 242 километрге қысқарған еди. Соның менен бирге, электр поездының өнимдарлығы 4,5 есеге жоқарылығын инабатқа алып, пайдаланыўдағы темир жоллар электрлестирилмекте. Кейинги жыллары Қаршы-Китаб, Поп-Наманган-Әндижан ҳәм Қаршы-Термиз жөнелислери электрлестирилди.