Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары бойынша усыныслар таныстырылды
2025-02-28 17:50:00 / Презентациялар

Экономикада мәмлекеттиң үлесин кескин қысқартыў бойынша елимизде үлкен реформалар алып барылмақта. 2019-жылы “Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында”ғы нызамның қабыл етилгени буған кең жол ашты.
Бундай шериклик социаллық тараўларда жақсы нәтийжелер бермекте. Мәселен, 1 миллион 200 мың орынлық жеке меншик бақшалардың ашылғаны себепли қамтыў дәрежеси 77 процентке шықты. Жоқары билимлендириў системасындағы 57 жойбар нәтийжесинде 29 мың студент жатақхана менен тәмийинленди. Медицинада отоларингология, диагностика, лаборатория сыяқлы хызметлерде жеке меншик сектордың үлеси бираз жоқары.
Соған қарамастан, бул бағдарда еле имканият та, талап та жоқары. Презентацияда медицина, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт бағдарларында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти кеңейтиў бойынша усыныслар додаланды.
Азия раўажланыў банки, Халықаралық қаржы корпорациясы, Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банки ҳәм басқа да шериклер менен биргеликте денсаўлықты сақлаў тараўында жәми баҳасы 1,2 миллиард долларлық 5, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында 745 миллион долларлық 6 және жоқары билимлендириў тараўында 100 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў илажлары белгилеп алынды.
Атап айтқанда, Ташкент, Ферғана, Бухара, Әндижан ҳәм Самарқанд қалаларында көп тармақлы заманагөй клиникалар қурылады. Аймақлардағы орайлық емлеўханаларда медицина менен байланыслы болмаған хызметлер жеке меншик секторға өткериледи.
Мәденият ҳәм спорт тараўларындағы айырым жумысларға жеке меншик секторды тартыў мәселеси де көрип шығылды. Ҳәзирги күнге шекем 43 мәденият орайы жеке меншик секторға берилген болып, және қосымша 127 син бериў имканияты анықланған.
Усындай бос турған бассейн, спорт залы ҳәм майданшаларды да жаңалап, саўалландырыў хызметлерин кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Бул ушын мәденият ҳәм спорт имаратларын әпиўайы тәртипте жеке меншик шерикликке бериў усынысы алға қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы социаллық тараўдағы министрликлер ҳәм жергиликли ҳәкимликлерге тийисли объектлер кесиминде “жол карталары”н тастыйықлап, орынланыўын тәмийинлеў, жеке меншик шериклик жойбарларын жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.