Сырдәрья ўәлаятының экономикасын раўажландырыў бойынша режелер көрип шығылды
2025-02-26 09:20:00 / Мәжилислер

Кейинги жылларда Сырдәрья да энергетика, қурылыс, исбилерменлик бир қанша раўажланды. Өткен жылы мәмлекетимиз басшысының Сайхунабад районына сапары ўақтында қыйтақ жерде өним жетистириўди ҳәм киши жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа тәжирийбе жаратылды.
Бирақ интекерлик аз болғаны ушын санаат, саўда ҳәм хызметлер раўажланыўдан артта қалып кетпекте. Атап айтқанда, Сырдәрьяда хызмет көрсетиў тараўының республикадағы үлеси ең төмен. Кәмбағаллық дәрежеси 11 проценттен көп. 22 мың пуқара жумыссыз.
Бүгин дүньяда экономикалық шараятлар тез өзгермекте. Бундай жағдайда изленип, үйренип, ишки имканиятларды толық иске қосқан аймақ жеңеди.
Усы мақсетте, Сырдәрья ўәлаятында инвестицияларды көбейтип, санаат ҳәм бизнес – орталығын жақсылаў, кәмбағаллықты қысқартыў, сондай-ақ, ўәлаяттың транзит потенциалынан үнемли пайдаланыў бойынша усыныслар ислеп шығылған.
Мәселен, дерлик 900 гектар жер майданында санаат зоналарын шөлкемлестириў мөлшерленген. Бул 5 миллиард доллар инвестицияға ҳәм 20 мыңнан аслам жаңа жумыс орнына тийкар жаратады. Жойбарлар Сырдәрья, Ширин, Боёвут, Ховос, Мирзаабад, Гүлистан, Ақалтын ҳәм Сардобада жайласады.
Ўәлаят географиялық жақтан Өзбекстанның орайлық бөлегинде, бир неше халықаралық автомагистраль кесилиспесинде жайласқан болып, бир суткада 311 мың транспорт қураллары өтеди. Соған бола, исбилерменлер, бул жоллар бойында жүзлеген саўда шақапшаларын ашыўға таяр екенлигин билдирген.
Улыўма, 500 мың квадрат метр саўда-сервис майданы шөлкемлестирилип, 50 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеў имканияты бар.
Жер-суўы мол бул аймақта пахта, салы, мийўе-овощ ҳәм палыз өнимлерин жетистириў ушын үлкен потенциал бар. Сонлықтан картошка, пияз, ежевика, смородина ҳәм шийе майданлары кеңейтиледи. Қыйтақ жер, атыз ҳәм каналлар шетиндеги 38 мың гектарға қайта ислеўши ҳәм экспортшылар бириктириледи.
8 райондағы төмен рентабелли 25 мың гектар жер салы жетистириўге өткериледи. Салы жетистириў кәрханаларын қоллап-қуўатлаў ушын өнимниң 50 процентин экспорт етиўге руқсат бериледи.
Ўәлаятта мыңнан аслам турақ жайдың қурылғанына елиў жылдан асқан. Реновация бағдарламасы тийкарында, олардың орнында 15 мың квартиралы заманагөй турақ жайлардың қурылысы нәзерде тутылған. Бул бағдарда Марғылан қаласы, Дослық районындағы унамлы тәжирийбелер үйрениледи.
Жаңа турақ жайлар арзан болыўы ушын девелоперлерге салық, бажыхана жеңилликлери бериледи. Сондай-ақ, ўәлаяттағы жол, электр, турақ жай, ирригация, бақша, мектеп ҳәм басқа социаллық объектлерди жаңалаўға 100 миллион доллар бағдарланады.
Гулистан қаласын үзликсиз ишимлик суўы менен тәмийинлеўге зәрүр қаржы ажыратыў ҳәм бул жумысларды 2025-жыл 1-июльге шекем жуўмақлаў тапсырылды. Сондай-ақ, Гулистан ҳәм Ширин қалаларында урбанизация процесслерин жеделлестириў мақсетинде олардың аймағын кеңейтиў усынысы мақулланды.
Улыўма, усындай имканиятлар есабынан быйылғы жылда 2 миллиард доллар инвестиция тартып, экспортты 500 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы белгиленди. Соның нәтийжесинде 16 мыңнан аслам жаңа жумыс орны ашылыўы, кәмбағаллық дәрежеси 7,4 процентке түсетуғыны атап өтилди.