Өзбекстан Республикасы Президентиниң АҚШқа сапары нәтийжели болмақта
2023-09-19 11:05:00 / Jańalıqlar

Президент Шавкат Мирзиёев Нью-Йорк қаласына сапары шеңберинде 18-сентябрь күни өзине ажыратылған резиденцияда Европа кеңеси Президенти Шарль Мишель, «GE HealthCare» компаниясының Европа, Жақын Шығыс ҳәм Африкадағы президенти ҳәм бас атқарыўшы директоры Роб Уолтон, «Oppenheimer» инвестиция компаниясының басқарыўшы директоры Жон Тонелли, «Cerberus» компаниясының вице-президенти Брайан Хук, «CNH» компаниясы вице-президенти Стив Надерни, «Cintana» компаниясының баслығы Дуглас Беккер, Америка – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Каролин Лэмм, «Air Products» компаниясының басқарма баслығы, президенти ҳәм бас атқарыўшы директоры Кристалина Георгиева менен ушырасыў өткерди.
Шарль Мишель менен ушырасыўында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўларда буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Еки тәреплеме қатнасықларда бүгин оғада жоқары дәрежеге ерисилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Еврокеңес баслығының Өзбекстанға сапары, «ЕА – Орайлық Азия» форматындағы саммитлер, Өз-ара байланыслылық бойынша халықаралық конференция ҳәм экономикалық форумлар табыслы өткерилди.
Жыл басынан берли Өзбекстанның ЕА мәмлекетлери менен товар айланыс көлеми 35 процентке артты, Европаның жетекши компаниялары менен биргеликте ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, әҳмийетли мәдений илажлар шөлкемлестирилмекте.
Ушырасыў ўақтында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди тез пурсатта қабыллаў, өз-ара саўда ҳәм инвестицияларды көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперацияны, соның ишинде, узақ мүддетли еки тәреплеме ҳүжжетлерди қабыллаў арқалы тереңлестириў мәселелери додаланды.
Еврокеңес Президенти Шарль Мишель Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди алға қойыў, исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеўде Өзбекстан басшысы жетекши роль атқарып атырғанын атап өтти.
Нәтийжели халықаралық транспорт коридорларын, атап айтқанда, Транскаспий мультимодаль мартшрутты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдай, соның ишинде, аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиў бағдарындағы ҳәрекетлер бойынша да пикир алысылды.
Болажақ көп тәреплеме илажлар режеси көрип шығылды.
«GE HealthCare» компаниясының Европа, Жақын Шығыс ҳәм Африкадағы президенти ҳәм бас атқарыўшы директоры Роб Уолтон менен ушырасыўда корпорацияның мәмлекетимизде қоспа жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы режелери додаланды.
Дүньяның индустриаллық гиганты болған «General Electric» корпорациясы стратегиялық шериклик шеңберинде Өзбекстан кәрханалары менен инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, заманагөй жоқары технологиялық үскенелерди жеткерип бериў ҳәм оларды локализациялаў жойбарларын әмелге асырыў нийетинде.
«GE HealthCare» компаниясы президенти Роб Уолтон денсаўлықты сақлаў тараўында кардиограф ислеп шығарыў, скрининг ҳәм кардио мәлимлеме системасы жолға қойылатуғынын атап өтти. Буннан тысқары, инвестор Өзбекстанда Миллий медициналық мағлыўматлар архивин жаратыўда қатнасыўды режелестирилмекте.
Ушырасыў жуўмағында қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н қабыллаўға келисип алынды.
1994-жылы «General Electric» қурамында шөлкемлестирилген «GE HealthCare» бас резиденциясы Чикагода жайласқан медициналық технологиялар тараўындағы трансмиллий компания Корпорация активлери дерлик 28 миллиард долларды қурайды.
«Oppenheimer» инвестициялық компанияның басқарыўшы директоры Джон Тонелли менен ушырасыў да нәтийжели болды.
Активлериниң баҳасы 36 миллиард доллар болған бул ири инвестициялық банктиң инвестициясын тартқан ҳалда мәмлекетимизде жойбарларды әмелге асырыў перспективалары көрип шығылды.
Джон Тонелли мәмлекетимизде санаат қуўатлылықларын шөлкемлестириў ҳәм модернизациялаў бойынша ири жойбарларға жеке меншик инвестицияларды тартыў бойынша келисимлерге ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Биринши басқышта тоқымашылық кластерлери, қурылыс материаллары санааты кәрханаларын раўажландырыў, Ташкент қаласының инфраструктурасын раўажландырыў жойбарларын қаржыландырыў мөлшерленген.
Буннан тысқары, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўға инвестиция қаратыў нәзерде тутылған.
Президентимиз бул режелерди мақуллап, жуўапкерлерге тез пурсатта әмелий жумысларды баслаўға тапсырма берди.
«Cerberus» компаниясы вице-президенти Брайан Хук пенен ушырасыўда экономиканың түрли тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Активлердиң баҳасы 60 миллиард доллардан аслам болған глобаллық инвестиция корпорациясы коммуникациялар тармағы, пайдалы қазылмаларды қазып шығарыў, транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын модернизациялаў жойбларларына тиккелей инвестициялар қаратыўды режелестирген.
Вице-президент Брайан Хук дәслепки бирге ислесиў жойбарлары усы жылдың ақырына шекем басланатуғынын атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиў бойынша «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.
Активлер баҳасы дерлик 50 миллиард доллар болған «CNH» трансмиллий компаниясы аўыл хожалығы машина қурылысында Өзбекстанның стратегиялық шериги болып есапланады. Белгили «Case» ҳәм «New Holland» брендлери астында жол қурыў ҳәм аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарады.
Ушырасыўда вице-президент Стив Надерни компанияның тармақтағы бир қатар санаат кәрханаларын меншиклестириў ҳәм модернизациялаў, комбайн ҳәм пахта териў машиналарын ислеп шығарыў көлемин көбейтиў, соның ишинде, жоқары қуўатлылыққа ийе тракторлар ислеп шығарыў ҳәм лизинг структураларына тиккелей финанслық ресурслар ажыратыў режелерин билдирди.
Президентимиз компанияның Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў бағдарындағы режелерди қоллап-қуўатлады.
«Cintana»ның компаниясы Аризона мәмлекетлик университети менен бирге ислесиўде шөлкемлестирилген болып, дүньяның 30 мәмлекетинде жумыс алып барады, университетлерде билимлендириўдиң сапасын арттырыў менен шуғылланады.
«Cintana» тийкарын салыўшысы ҳәм баслығы Дуглас Беккер Аризона мәмлекетлик университети менен бирге ислесиўде мәмлекетимизде Америка технологиялар университетин шөлкемлестириў үстинде жумыс алып бармақта.
2024-жылдан баслап денсаўлықты сақлаў, инжиниринг, архитектура ҳәм дизайн сыяқлы бағдарларда маман кадрлар таярлаўды баслаў нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул режелерди мақуллап, Өзбекстан билимлендириў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға таяр екенин билдирди.
Президент Шавкат Мирзиёев Америка – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм менен ушырасты.
Илажда «GE HealthCare», «Oppenheimer», «Cerberus», «CNH» ҳәм «Cintana» корпорацияларының басшылары да қатнасты.
Өзбекстан жетекшиси ушырасыў қатнасыўшыларын Америка – Өзбекстан саўда палатасы дүзилгениниң 30 жыллығы менен қутлықлап, бул структура еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын айрықша атап өтти.
Усы жылы 15-сентябрь күни Вашингтон қаласында АҚШтың 250 ден аслам компания ҳәм банклери ўәкиллериниң қатнасыўында өткен қоспа бизнес форумның нәтийжели жуўмақлары үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Палата баслығы Кэролин Лэмм мәмлекетимиз басшысына Америка бизнесиниң мәмлекетимизге қызығыўшылығы ҳәм исениминиң артыўына хызмет етип атырған артқа қайтпайтуғын реформалар бағдарламасын әмелге асырыўдағы сиясий жетекшилиги ушын миннетдаршылық билдирди. Кейинги бир неше жылда палата қурамына АҚШтың ири компанияларының киргени, олардың улыўма саны 50 ге жеткени атап өтилди.
Ушырасыўда АҚШ бизнесиниң мәмлекетимиздеги жумысын кеңейтиў бағдарындағы анық режелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша «жол карта»ларын қабыл етиўге келисип алынды.
«Air Products» компаниясының басқарма баслығы, президенти ҳәм бас атқарыўшы директоры Сейфи Гасеми менен ушырасыўда АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң энергетика мәселелери бойынша орынбасары Жеффри Пайет те қатнасты.
АҚШтың жетекши компаниясы менен стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиў мәселелери, ағымдағы жойбарлардың барысы ҳәм келешекке мөлшерленген анық режелер көрип шығылды.
Бүгинги күнде елимизде «Air Products» тәрепинен «Uzbekistan GTL»да санаат газлерин қайта ислеў, «Наўайыазот» негизинде синтез-газ, кислород ҳәм азот суйылтырылған карбонат ангидрид ислеп шығарыў жойбарлары әмелге асырылмақта.
Кейинги еки жылда бул жойбарлардың даўамы сыпатында компанияның 1 миллиард доллардан аслам тиккелей инвестициялары тартылды.
Сәўбетте көмирди газлестириў, техникалық газлер, водород ҳәм аммоний ислеп шығарыў ҳәм ашшы газлерди утилизациялаў бойынша перспективалы жойбарлар көрип шығылды.
«Air Products» экспертлери карбонсызластырыў тараўында зәрүр нормативлик-ҳуқықый базаны ислеп шығыўда да қатнасады.
Буннан тысқары, жойбарлар портфелинен азық-аўқат санаатына инновациялық қолланбаларды енгизиў орын алған.
Ушырасыў жуўмағында «Air Products» компаниясының Өзбекстан ушын баҳасы 10 миллиард доллардан аслам болған жаңа инвестициялық бағдарламаны әмелге асырыў бойынша келисимлер алмасылды.
Өзбекстан – АҚШ көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўге қосқан үлеси ҳәм мәмлекетимиздеги артқа қайтпайтуғын реформаларды қоллап-қуўатлағаны ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Air Products» басқарма баслығы Сейфи Гасемиге жоқары мәмлекетлик сыйлық – «Дўстлик» орденин тапсырды.
Халықаралық валюта фондының басқарыўшы директоры Кристалина Георгиева менен ушырасыўда глобаллық экономикалық жағдай бойынша толық пикир алысылды. ХВФ менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди, соның ишинде, усы жылы июнь айында Самарқанд қаласында өткен еки тәреплеме ушырасыўда ерисилген келисимлерден келип шыққан ҳалда буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Фонд баслығы Өзбекстанда артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар бағдарламасының орынланыўына жоқары баҳа берди ҳәм мәмлекетимиздеги нәтийжели жаңаланыўларды алға қойыўда тығыз бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.
Ушырасыў ўақтында ХВФның елимиз қаржы тараўының турақлылығын комплексли таллаў, экономикалық сиясатты жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыўда консалтинг жәрдемин көрсетиў ҳәм мәмлекетимиз уйымлары қәнигелериниң потенциалын арттырыў бағдарламасын әмелге асырыўдағы қатнасыўына байланыслы мәселелер додаланды.
Әмелий сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатларында жасап ҳәм жумыс ислеп атырған бир топар ўатанласларымыз ҳәм усы мәмлекеттиң жетекши жоқары билимлендириў орынларында билим алып атырған «Эл-юрт умиди» қорының стипендиатлары менен ушырасты.
Ашық ҳәм жанлы сөйлесиў тәризинде өткен илажда мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында сөз етти, мәмлекетимиз модернизациясына жәрдемлесиўде ўатанласларымызда үлкен потенциал бар екенине итибар қаратты.
Ўатанласлар ҳәм оларды бирлестириўши шөлкемлер мисли көрилмеген жоқары дәрежеге шыққан Өзбекстан – АҚШ бирге ислесиўин раўажландырыўға үлкен үлес қосып атырғаны айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы ўатанласларымыз бенен байланысларды беккемлеў, олардың жәмийетлик бирлеспелериниң жумысын қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар басламаларды алға қойды. Атап айтқанда, сырт елде өзбек тили курсларын шөлкемлестириўге кеңнен жәрдемлесиў, ўатанласлар Өзбекстанның тарийхый қалаларын зыярат етиўи ушын арнаўлы туризм хызметлери топламларын ислеп шығыў режелестирилген.
– Биз билимлендириў, медицина, экономикада алып барып атырған жаңаланыўлар нәтийжесин ҳәр бир ўатанласымыз өз турмысында сезиўи керек. Сизлердей сырт елде оқыған, ири компанияларда жумыс ислеп, тәжирийбе арттырған жоқары маман қәнигелер де елимизге қайтып келиўи ҳәм пүткил потенциалы менен Жаңа Өзбекстанды қурыўда қатнаса алыўы ушын барлық шараятты жаратыўымыз керек, – деди Президентимиз. – Бүгин усы жердеги ҳәр бир өзбекстанлыда күшли Ўатан сезими ҳәм оның раўажланыўына үлес қосыў талабын көрип, оғада қуўандым. Сизлерди Өзбекстанда күтип қаламыз.
Ушырасыў қатнасыўшылары Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен әмелге асырылып атырған түпкиликли ҳәм кең көлемли реформалар халқымыз абаданлығын және де арттырыў, елимиздиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўға хызмет етип атырғанын атап өтти.
Үлкен компанияларда жумыс ислеп, абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған ўатанласлар өз пикир-усынысларын билдирди. Жәмийетлик турмыс ҳәм экономиканың түрли мәселелери бойынша пикир алысты.
Қаратылып атырған үлкен итибар ушын қызғын миннетдаршылық билдирип, ўатанласлар Өзбекстанның раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға таяр екенин атап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына әмелий сапары даўам етпекте.








