Кәмбағаллықты қысқартыўда жаңа көзқараслар таныстырылды
2025-01-17 15:35:00 / Презентациялар
Быйыл 5 миллион 200 мың пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм 1,5 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў мақсет етилген. Биринши рет 60 район ҳәм қалал кәмбағаллықтан ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырылады.
Мәҳәлле банкирлери менен бирге 1,5 миллион халық турақлы жумысқа жайластырылып, 2 миллионнан аслам адам бизнеске кеңнен тартылады. Усы мақсетте быйыл киши бизнес жойбарларына жәми 120 триллион сум кредит ажыратылады.
Алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында 32 бағдарда кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жаңа көзқараслар жолға қойылады. Мысалы, 300 аўыр мәҳәлледе улыўма қуўатлылығы 107 мегаватт болған қуяш электр станциялары иске қосылады. Оларға кәмбағал шаңарақлардың ағзалары кооперация тийкарында жумысқа алынады.
123 районда кәмбағал халық 20 мың гектар тоғай ҳәм нәллер жаратыў ҳәм дәрилик өсимликлер жетистириўге тартылады. Олар еккен ҳәр 100 терек ушын 375 мың сум субсидия төленеди.
Туризм потенциалы бар орынларда мийман жайлары ҳәм асханалар, белгили бир почта бөлимлеринде электрон коммерциялық орайлар ашылып, кәмбағал шаңарақ ўәкиллери жумысқа алынады.
Улыўма, усы жылы 6 мың 472 мәҳәлледе жаңа көзқараслар тийкарында жойбарлар әмелге асырылып, 210 мың халық кәмбағаллықтан шығарылады.
Шетки аймақлардағы, аўыр категориядағы аўылларға айрықша итибар қаратылады. Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы олардың мийнет етиўге қызығыўшылығын оятып, ийек артыўшылықты азайтыўға, кәмбағал шаңарақлардың мийнетин қоллап-қуўатлаўға, жуўапкер болады.
Мәмлекетимиз басшысы 2025-жыл жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда шешиўши жыл болыўын және бир мәрте атап өтип, бул бағдарда илажларды тәртипли ҳәм мәнзилли әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине бул ўазыйпалардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў тапсырылды. Ҳәр бир жойбар, ҳәр бир илаж электрон платформаға киргизилип, жаратылған жумыс орынлары салық базасында тексерилиўи белгиленди.
Жергиликли ҳәкимлик хызметкерлери ҳәм «мәҳәлле жетилиги» ушын оқыўлар шөлкемлестириў, жақсы тәжирийбелерди үгит-нәсиятлаў әҳмийетли екенлиги айтылды.