Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи
2025-03-07 14:10:00 / Анонслар

Ассалаўма әлейкум, қәдирли апа-қарындаслар, дилбар қызларым!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил елимиздиң ҳаял-қызларын 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Ойшыл бабамыз Әлийшер Наўайы уллы ана тулғасы, уллы ҳаялды улығлап, олардың бахыт-ығбалы жолында бәршемизди пидакәр болыўға шақырғаны әлбетте, бийкарға емес.
Ҳақыйқатында да, мийрим-шәпәәт, уллылық, муҳаббат ҳәм садықлық сыяқлы жоқары адамгершиликли қәдириятларды камал таптырыўда, шаңарақ қорғанын беккемлеўде сизлердиң хызметиңизди ҳеш нәрсе менен теңлестирип болмайды.
Бүгинги қутлы байрамның қутлы Рамазан айында болып өтип атырғаны оның көтериңки руўхы ҳәм мазмунын және де арттырмақта.
Муқаддес динимиз де ҳүрметли аналарымыз, дилбар апа-қарындасларымыз, нәзик қызларымызға ҳәмийше жақсылық ислеўге, олардың иззет-ҳүрметин орнына қойыўға шақырады.
Мине, усындай қуўанышлы әййямлар бәршеңизге мүбәрек болсын!
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Соңғы жыллары ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин толық тәмийинлеў, олардың қәдирин улығлаў Жаңа Өзбекстанның мәмлекетлик сиясатында жетекши орынға қойылмақта.
Бүгинги күнде ҳүрметли ҳаял-қызларымыз ҳәр қыйлы тараў ҳәм тармақларда Ўатанымыздың жедел раўажланыўы ушын мүнәсип үлес қосып атырғанын миннетдаршылық пенен атап өтемиз.
Мәселен, 2017-жылы басқарыў тараўында хызметкерлердиң 20 процентин ҳаял-қызлар қураған болса, ҳәзирги ўақытта бул сан 35 процентке жетти. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 38 процентин, Сенат ағзаларының 27 процентин ҳаял-қызлар қурамақта.
Ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыў ҳәм парламент жумысындағы қатнасының күшейгени жәмийетимиздиң раўажланыўына да унамлы тәсир етип атырғанын турмыстың өзи көрсетпекте.
Ең әҳмийетлиси, ақыл-парасатлы, билимли ҳәм қәбилетли ҳаял-қызларымыз мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық тараўларында үлги болмақта.
Өткен жылы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында мәмлекетимиз делегациясы қурамындағы ҳаял-қыз спортшылардан 3 еўи алтын, 8и гүмис, 3 еўи бронза медалын қолға киргизгени тарийхымызда бурын болмаған нәтийже болып есапланады.
Қызларымыз мәденият ҳәм көркем өнер тараўында да Өзбекстан байрағын бәлент көтермекте. Өткен жылы мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы абырайлы халықаралық таңлаўларда 25, мәмлекет көлеминдеги таңлаўларда болса 71 қәбилетли қызларымыздың жеңимпаз болғаны да соннан дерек береди.
Мине, усындай ҳаял-қызларымыз қатарының кеңейиўи, қызларымыз дөретиўши әўлад болып көпшиликке танылыўы ушын келешекте оларға қосымша шараятлар жаратып беремиз.
Әлбетте, бундай кең көлемли жумысларымыз халықаралық көлемде ҳақылы түрде тән алынбақта.
Қәдирли ўатанласлар!
Бир ҳақыйқатты ҳәммемиз жақсы түсинип алыўымыз зәрүр. Ҳаял-қызлардың тәшўиш ҳәм машақаты да, мойнындағы жуўапкершилиги де ер адамларға қарағанда әдеўир жоқары.
Үй-руўзыгершилик жумыслары ҳәм перзент тәрбиясынан артып, билим алып атырған, мийнет етип атырған ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳаял-қызлар заманымыздың ҳақыйқый қаҳарманлары, десек, дурыс болады.
Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың аўырын жеңил етиў, олар ушын барлық тараўларда зәрүр шараятларды жаратып бериў бәрқулла мәмлекетлик сиясаттың ең баслы бағдарларынан бири болып қалады.
Соның ушын, жаңаланған Конституциямыздағы социаллық мәмлекет принципине муўапық, социаллық қорғаў тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жаңаша шөлкемлестирмектемиз. Бул бағдарда ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлардың жағдайы үйренилип, социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жәрдемге мүтәж 1 миллион ҳаял-қызларымыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилди.
Усы жылы олардың ҳәр бири менен мәнзилли ислесип, майыплығы болған 162 мың ҳаялға санаторий, емлеўхана ҳәм өзлери жасап атырған мәҳәлледе медициналық жәрдем көрсетиледи, бағыўшысын жойтқан 130 мың ҳаял-қызға материаллық жәрдем бериледи, және 6 мың ҳаял-қыздың турақ жай шараятлары жақсыланады, мийнетке уқыплы ҳәм жумыс излеп атырған апа-қарындасларымыз жумысқа жайластырылады.
Сондай-ақ, ҳәр жылы аўыр жағдайға түсип қалған 50 мың ҳаял-қыз мәмлекетимиздеги гөззал дәргайларға оқыў ҳәм дем алыў ушын жибериледи. Оларға психологиялық жәрдем көрсетилип, исбилерменлик көнликпелерин үйретиў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестириледи.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қ.Рафиқов бул жумысларға бас-қас болады.
Ҳаял-қызлардың саламатлығы – ҳәр тәреплеме саламат ҳәм қүдиретли жәмийет тийкары болып есапланады.
Усы мақсетте елимиздеги 230 туўыў мәкемеси 21 мың ең заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленеди. Буннан тысқары, усы жылы 1,5 миллион ҳаял-қызда рак кеселлигин ерте анықлаў мақсетинде скрининглер өткериледи.
Ҳаял-қызлар арасында денетәрбия ҳәм спорт ғалаба ен жайылып атырғаны жәмийетте саламат орталықты қәлиплестириўге үлкен түртки бермекте. Соның ушын, быйыл барлық мәҳәллелердеги 4 миллион ҳаял-қыз ғалабалық спорт жарысларына тартылады.
Биз бир әҳмийетли ҳақыйқатты турмысымыздың қағыйдасына айландырыўымыз зәрүр. Ҳаял-қызлар саламат болса – шаңарақ беккем болады, оларда руўхый орталық, исшеңлик кейпияты жоқарылайды, келешекке исеним артады.
Ҳәзирги күнде елимизде 40 мың әне, сондай шаңарақ бәршеге үлги болып атырғаны өткен жылы олардың 208и «Ибратлы шаңарақ» көкирек белгиси менен сыйлықланғаны ҳәммемизди қуўандырады.
Бир ғана мысал. Таслақ районындағы Қўщибоевлар шаңарағы 45 жыл даўамында ҳәммеге өрнек болып келмекте. Шаңарақ бийкеси Муқаддамхан апа өмириниң 35 жылын жас әўладқа тәлим-тәрбия бериўге бағышлаған. Ол адам өмирлик жолдасы менен биргеликте фермер хожалығын да шөлкемлестирип, райондағы елиўге шамалас шаңарақты дәраматлы еткен.
Және бир тәрепине итибар бериң. Бул шаңарақ 30 дан аслам жәрдемге мүтәж шаңарақты аталыққа алып, олардың перзентлерине ғамхорлық көрсетип, билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўине жәрдемлеспекте.
Мәҳәллелерде бәркамал әўладты камалға келтириў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде бизге, әне, сондай ибратлы шаңарақлар ийинлес болып киятырғаны ҳәр қандай жоқары ҳүрметке мүнәсип.
Пурсаттан пайдаланып, Жаңа Өзбекстан тымасалы болған мине, усындай ибратлы шаңарақларға шын кеўилден қызғын рахметлеримди билдиремен.
Бундай шаңарақлар қанша көбейсе, Ўатанымыз сонша күшли, халқымыз сонша қүдиретли болады! Ибратлы шаңарақ – ибратлы ҳәм әдалатлы жәмийет ушын тийкар болады.
Әзиз апа-қарындаслар!
Бәршеңизге жақсы белгили, кейинги жыллары ҳаял-қызлардың сапалы билим алыўына айрықша итибар қаратпақтамыз.
Мен бир пикирди тәкирар ҳәм тәкирар айтыўдан сирә шаршамайман.
Бир қызды оқытсақ, пүткил шаңараққа билим берген боламыз. Егер шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, жәмийеттиң санасы, мәдений дәрежеси де жоқарылайды.
Елимиздеги 203 жоқары оқыў студентлериниң 52 проценттен артығын ҳаял-қызлар қурап атырғаны мине, усы ийгиликли идеяның әмелий нәтийжеси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Өткен жылдың өзинде магистратурада оқып атырған 15 мыңға шамалас ҳаял-қызларға 100 миллиард сумға шамалас контракт пулы төлеп берилди.
Ҳәзирги ўақытта 6 мың 200 ден артық ҳаял-қызлар илимий жумыс пенен шуғылланып атырғаны, илимий қолланбалардың 25 процентин илимпаз ҳаял-қызларымыз жаратып атырғаны да, жәмийетте олардың орнының беккемленип атырғанынан дерек береди. Олардың арасында халықаралық дәрежеде тән алынып атырған илим ўәкиллериниң бар екенлиги ҳәммемизге шексиз мақтаныш бағышлайды, жасларымызды жаңадан-жаңа жетискенликлерге ийтермелейди.
Мәселен, белгили микробиолог илимпазымыз Дилфуза Эгамбердиева шорланған топырақта өнимли егинлер жетистириў бойынша алып барған илимий изертлеўлери ушын ЮНЕСКОның абырайлы Карлос Финлей халықаралық сыйлығына еристи.
Ҳаял-қызлары оқымыслы ҳәм кәсип-өнерли болған елде тынышлық ҳәм раўажланыў болады. Ҳаял-қызлары ағартыўшы болған халық, әлбетте, бахытлы болады.
Соның ушын, ҳәр бир шаңарақтағы қызларымыз бақша, мектеп пенен толық қамтып алыныўы, заманагөй кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин ийелеўи, жоқары мағлыўматқа ийе болыўы ушын буннан былай да барлық шараятларды жаратамыз. Атап айтқанда, быйыл 250 мың қызымыз жоқары билимлендириўге қамтып алынады. Бул 2017-жылға салыстырғанда 3,5 есеге көп. Нәтийжеде ҳәр бир мәҳәлледен 25-30 ҳаял-қыз жоқары оқыў орынларында оқыў имканиятына ийе болады.
Оның ушын Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Маҳкамова ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳ.Умарова ҳәр бир мектепте жоқары класста оқып атырған қызларымыз бенен ислесиўди индивидуал қатнас тийкарда шөлкемлестирип, оларды жоқары оқыў орынларға таярлайды.
Быйыл шараяты аўыр шаңарақлардағы қәбилетли жасларды сырт елде оқытыў бойынша «Айдын келешек» жойбарын басламақтамыз. Бул жойбар шеңберинде кеминде 200 қызымыз ҳәр жылы дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға жибериледи.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шарипов, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Зоҳидов, Саўда-санаат палатасының баслығы Д.Ваҳобов системасы болса және 250 мың ҳаял-қызды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў ушын жуўапкер болады.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Биз халқымыздың разылығын, бәринен бурын, сизлердиң келисимиңиз, деп түсинемиз.
Бул бағдарда ҳаял-қызларымызды тынышсызландырып атырған ең үлкен мәселе, бул – жумыссызлық. Соның ушын, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў бойынша үлкен бағдарламаларды әмелге асырмақтамыз. Өткен жылдың өзинде бул мақсетлерге 17 триллион сум кредит ажыратылды. Мине, усындай итибар себепли ҳаял исбилерменлеримиз өткен жылы 81 триллион сумлық өним жаратып, 450 миллион долларлық экспортты әмелге асырғаны әлбетте, мақтаўға ылайық.
Мәселен, Наўайы қаласында кондитер ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыўшы исбилермен Шаҳноза Каримова 50 жәрдемге мүтәж ҳаял-қызды оқытып, жумысқа алған. Усылардан 10 ына турақ жай сатып алыў ушын басланғыш төлемди төлеп берген.
Ең әҳмийетлиси, бундай сақаўатлы исбилермен ҳаял-қызлар барлық аймақларымызда көплеп табылады. Олар «Мен – дөретиўши ҳаялман» деген жойбарды алға қойып, мәҳәллелерде мыңлаған ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытып, дәраматлы етиў басламасын билдиргени, туўрысы, мени жүдә руўхландырды.
Мен өзине үлкен жәмийетлик жуўапкершилик алған мине, усындай исбилермен ҳаял-қызларды «Жаңа Өзбекстанның дөретиўши ҳаял-қызлары» деп билемен ҳәм оларға терең миннетдаршылық билдиремен. Оларға қандай қосымша шараят ҳәм жеңилликлер керек болса, жаратып бериўге таярман.
Усы бағдардағы әмелий қәдем сыпатында Саўда-санаат палатасы жанында Исбилермен ҳаял-қызлар кеңесин шөлкемлестирсек, не дейсиз!
Бул кеңес орынларда ҳаял исбилерменлерди қыйнап атырған машқалаларды шешиў бойынша тиккелей парламент алдына мәселе қойса, мақсетке муўапық болады, деп ойлайман.
Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Нодира Шотурсунова бул жумысларға бас-қас болады.
Быйыл 2 миллион ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, соннан 1 миллион 300 мың ҳаял-қызды исбилерменликке тартыў бойынша үлкен шеклер алғанбыз. Оның ушын коммерциялық банклер тәрепинен ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын қолайлы қаржы пакетлер бериледи.
Мысалы ушын, Миллий банк (басқарма баслығы А.Мирсоатов) хызметлер тараўында кеминде 200 мың ҳаял-қыздың жойбарларына жәрдемлеседи. «Туранбанк» АКБ (басқарма баслығы Ч.Мирзаев) лимоншылықта 150 мың ҳаял-қызлар дәрамат табыўы ушын арзан кредитлер береди.
Сондай-ақ, «Микрокредитбанк» АКБ (басқарма баслығы О.Бўтаев) қусшылықта – 160 мың, «Санаат қурылыс банк» АКБ (басқарма баслығы А.Акбаржонов) овощ ҳәм нәллер жетистириўде – 160 мың, «Халық банки» (басқарма баслығы Ш.Отабоев) жүзим, броколли ҳәм жергиликли капуста жетистириўде – 150 мың, «Агробанк» (басқарма баслығының биринши орынбасары Э.Қаҳҳоров) бағшылық бағдарында – 144 мың, «Бизнести раўажландырыў банки» (басқарма баслығы С.Аннакличев) көк шөп, бурыш, баклажан ҳәм помидор жетистириўде – 94 мың, «Асакабанк» (басқарма баслығы Қ.Тўлаганов) фармацевтика ҳәм жүзим жетистириўде – 82 мың, «Алоқабанк» (басқарма баслығы К.Ирисбеков) IT, пал ҳәррешилик ҳәм мийўели егинлер жетистириўде 58 мың ҳаял-қызларымызды бәнт етиўге жәрдемлеседи.
Усы мақсетте быйыл мәҳәллелерде ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарлары ушын қосымша 3,3 триллион сум ажыратылады. Атап айтқанда, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде және 100 миллион доллар бериледи. Оған қосымша түрде коммерциялық банклер де 100 миллион доллар тартып, мәҳәллелерде өзин-өзи бәнт еткен ҳаял-қызларға 50 миллион сумға шекемги гиреўсиз кредитлер ажыратады.
Өткен жылы шөлкемлестирилген «Ҳамроҳ» компаниясы жаңа система тийкарында Исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасын баслаған еди. Бул жойбарға да 100 миллион доллар ажыратқанбыз.
Кредитти ўақтында төлеген ҳаял исбилерменлерге бул бағдарлама шеңберинде 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит бериўди баслаймыз.
Сондай-ақ, мәҳәлледе 5 ҳаялды бизнеске алып кирген 1 мың «устаз» исбилерменлерге 50 миллион сумға шекемги грант ажыратылады.
Орайлық банк (Т.Ишметов) коммерциялық банклер менен бирге еки ай мүддетте банклерде ҳаял-қызлар ушын жаңаша қатнас тийкарында қаржылай хызметлерди жолға қойыў ушын жуўапкер болады.
Мәселен, туўыў дем алысына шыққан ҳаял-қызлар ушын банк кредитлери бойынша төлемлер мүддети 10 айға шекем создырылады.
Енди ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша 4 басқышлы жаңа системаны жолға қоямыз.
Биринши басқышта бизнеске қызыққан, бирақ көнликпеси болмаған 20 ҳаял-қыз исбилерменликке оқытылады. Оған Саўда-санаат палатасы (Д.Ваҳобов, Н.Шотурсунова) жуўапкер болады.
Екинши басқышта «Халық банки» (Ш.Отабоев, Г.Рашидова) өзин-өзи бәнт еткен 100 мың ҳаял-қыздың киши исбилермен болыўы ушын жәрдемлеседи.
Үшинши басқышта ҳәр бир районда 2 еўден киши кәрхананы үлгили орта бизнес дәрежесине алып шығыўға «Ҳамроҳ» компаниясы (Д.Нурматова) жуўапкер болады.
Төртинши басқышта Саўда-санаат палатасы (Д.Ваҳобов) ең белсенди 50 ҳаял исбилерменди жыллық айланысы 100 миллиард сумнан асатуғын «чемпион исбилермен»ге айландырады.
Усы жылы 60 районды «жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў бойынша үлкен шек алғанбыз. Оған қосымша түрде ҳәкимлер ҳәр бир ўәлаяттың 2 районын жумыссыз ҳаял-қызлар қалмайтуғын аймаққа айландырыў ушын жуўапкер болады.
Улыўма, 2025-жыл ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде шешиўши жыл болады.
Ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, жумыслы етиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў есабынан 2 миллион ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленеди.
Онда Орайлық банк (Т.Ишметов) коммерциялық банклер менен 1 миллион 300 мың, Кәсиплик аўқамлары федерациясы (Қ.Рафиқов) «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 636 мың, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети (Х.Маҳкамова) исбилерменлик етиў тилегинде болған 100 мың ҳаял-қызды оқытып, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм бизнесин ашыўға жәрдемлесиў ушын жуўапкер болады.
З.Маҳкамова, Қ.Рафиқов бүгин айтылған ҳәр бир бағдар бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ўәлаят, район, мәҳәлле дәрежесинде нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер болады.
Т.Норбоева жергиликли кеңеслер менен бирге бул жумысларды системалы қадағалаўға алып, жуўапкерлердиң қатнасыўында оларды турақлы додалап барады.
Әзиз апа-қарындаслар!
Ҳәзирги күнде турмысымыз, адамлардың жасаў жағдайы, санасы, дүньяқарасы ҳәм мәденияты күн сайын жоқарылап бармақта.
Алдымызға барлық тараў ҳәм бағдарларда оғада уллы мақсетлерди қоймақтамыз.
Оған ерисиў ушын биз сүйенетуғын жетик әўладты тәрбиялап, камалға келтириў сиз, әзизлердиң – пидайы аналардың қолында.
Соның ушын сиз, ҳүрметли ҳаял-қызларымызға үлкен алғыслар айтып, сизлерди қоллап-қуўатлаўдан ҳеш қашан шаршамаймыз.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бүгинги байрам мүнәсибети менен мийнет жолы ҳәм жәмийетлик жумысларда үлкен нәтийжелерге ерискен, ел-халқымыз арасында ҳүрмет ҳәм абырайға ерискен ҳүрметли ҳаял-қызларымыздан бир топары мәмлекетимиздиң жоқары орден ҳәм медаллары менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, өзиниң билими, қәбилети ҳәм әдеби менен заманласларына үлги болып киятырған қызларымыздан 28 и ҳәр қыйлы тараўлардағы жетискенликлери ушын Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болды.
Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары бәршеңизге мүбәрек болсын!
Сизлерди өзимниң атымнан, пүткил халқымыздың атынан және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, келешектеги жумысларыңызда үлкен табыс ҳәм әўметлер тилеймен.
Ҳәмийше саў-аман болың!
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли апа-қарындаслар!
Бүгин биз мәрт ҳәм уллы халқымызға, оның дөретиўшилик имканиятына исенип, баслаған үлкен реформаларымызды исенимли даўам еттириўимиз, жаңа басқышқа көтериўимиз зәрүр.
Жанажан Ўатанымыздың жаңа раўажланыў дәўирин қурыўда әзиз ҳаял-қызларымыз бәрқулла алдыңғы қатарда болады, деп исенемен.
Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.
Бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық, дүньядағы ең үлкен байлық – шаңарақлық бахыт-ығбал яр болыўын тилеймен.
Ҳәмийше перзентлериңиз ҳәм жақынларыңыз, ел-халқымыздың ардағында жүриў несип етсин!