Транспорт жойбарлары бойынша усыныслар көрип шығылды
2025-02-04 09:35:00 / Презентациялар
Халық ҳәм экономиканың өсип баратырған талабынан келип шығып, транспорт тармағы избе-из раўажландырылып барылмақта. Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 10-октябрьдеги қарарына муўапық, жол хожалығы тараўы жетилистирилди, жол қурыў, оңлаў ҳәм олардан пайдаланыў көлеми артты.
Бул қарарда заманагөй автомобиль жолларын қурыў перспективалары да белгиленген. Соның ишинде, өткен ўақытта Жәҳән банкиниң қатнасыўында “Ташкент-Әндижан” альтернатив жолы жойбарластырылды. Улыўма узынлығы 314 километр болған бул тез жүрер магистрал пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде Ташкенттен Әндижанға жетип барыў ўақты 5 сааттан 3 саатқа шекем қысқарады. Сондай-ақ, бул жалпы ишки өнимди 2,6 процентке арртырып, жол апатшылығын 40 процентке азайтыўы мүмкин.
Жақын арада бул жойбар бойынша халықаралық тендер жәрияланды. Қысқа ўақытта оған көплеген абырайлы сырт ел компаниялары қызығыўшылық билдирди.
Мәжилисте бул жойбар бойынша усыныслар көрип шығылды. Транспорт министрлигине жүклемеси көп басқа жолларда да альтернатив магистраллар қурыў, жолларда қолайлық ҳәм қәўипсизликти күшейтиў, түрли төлемли хызметлерди шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысына Бирлескен Араб Әмирликлериниң “AD PortsGroup” компаниясы менен биргеликте Наўайы ўәлаятында “қурғақ порт” қурыў жойбары ҳаққында да мәлимлеме берилди.