Мәмлекетлик бағдарлама жойбары додаланды
2025-01-28 09:40:00 / Мәжилислер
![Мәмлекетлик бағдарлама жойбары додаланды](/_next/image?url=https%3A%2F%2Fapi-portal.gov.uz%2Fuploads%2F13ad637e-73a7-9e81-4ed8-89b006ee3f1d_lists_slider_.jpg&w=3840&q=75)
Бүгин дүньяда климат өзгериўлериниң унамсыз ақыбетлери анық сезилмекте. Оны алдыннан көре билип, мәмлекетимизде экологиялық таза экономикаға өтилмекте.
Соңғы үш жылда орынларда 3,5 гигаваттлы 16 ири қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылды, 35 киши ГЭСлер қурылды. Санаатта «жасыл энергия» сертификаты системасы енгизилди. Қуяш панеллери орнатқан хожалықлар 60 мыңнан асты. «Жасыл мәкан» бағдарламасы шеңберинде тереклер егилип, бағлар жаратылмақта. Суўдан үнемли пайдаланылмақта.
2025-жыл мәмлекетимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланды. Бул бағдарда мәмлекетлик бағдарлама жойбары ислеп шығылып, бир ай даўамында жәмийетшилик додалаўынан өткерилди. Оның менен 11 миллион пуқара танысып, 100 ден аслам усыныслар таңлап алынды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң тармақлары ҳәм басқа да ўәкилханалары бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
Мәмлекетлик бағдарламадағы ең үлкен бағдарлардан бири энергетика.
Соңғы жыллардағы жеделлик себепли мәмлекетимиздиң жәми қуўатлықларында «жасыл» энергияның үлеси 16 процентке жетти. Быйыл оны 26 процентке шығарыў режелестирилген. Оның ушын және 3,5 гигаваттлы 16 ири қуяш ҳәм самал станциясы, 160 мегаваттлы 5 ири ГЭС ҳәм 1,8 гигаваттлы энергия сақлаў қуўатлықлары иске қосылады.
Мәмлекетимиз басшысы оған қосымша және 1 гигаватт қуўатлықтағы жойбарларды қәлиплестириў бойынша көрсетпе берди.
Сондай-ақ, мәмлекетлик кәрханалар, санаат ҳәм хызмет көрсетиў комплекслери ҳәм хожалықларда қуяш панеллерин орнатыўды қоллап-қуўатлаў даўам еттириледи. Оған 2 триллион сум кредит ажыратылады.
Сырдәрья ўәлаяты Боёвут районындағы 19-мектеп тәжирийбеси тийкарында бақша, мектеп ҳәм емлеўханаларда ыссылық насосын енгизиў ен жайдырылады.
«Жасыл экономика» бул тек ғана таза энергетиканы раўажландырыў емес, ал тармақларда энергия нәтийжелилигин арттырыў да болып есапланады.
Быйыл кеминде 6 процент экономикалық өсиў пәтин сақлап қалып, жалпы ишки өнимди 125 миллиард доллардан арттырыў мақсет етилген. Оған ерисиўде истиң көзин билиў ҳәм үнемлилик жүдә әҳмийетли.
Соның ушын Бас министрдиң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министрине энергия нәтийжелилиги есабынан қәрежетлерди 15-20 процентке шекем қысқартыў ҳәм қосымша қунды көбейтиў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.
Мәмлекетимиз басшысы ресурс үнемлеўши экономика моделине өтиў ўақты келгенин атап өтти.
Мысалы ушын, электротехника, автомобиль қурылысы, фармацевтика ҳәм азық-аўқат санаатында 1 тонна энергия жумсалыўына туўра келетуғын қосымша қун химия, қурылыс материаллары, тоқымашылық тармағындағыдан 15-20 есеге жоқары.
Жоқарыдағы тараўларда да ресурсларды үнемлеў, аз энергия жумсап, көп қосымша қун алып атырған тармақларды раўажландырыў ўазыйпасы қойылды. Энергиядан пайдаланыў жоқары болған 400 ири санаат кәрханасы энергия аудиттен өткерилип, үнемлеўши технологиялар енгизилиўи белгиленди.
Жақын келешекте раўажланған мәмлекетлер тек ғана «жасыл технология» тийкарында ислеп шығарылған өнимлерди алады. Соның ушын ҳәзирден оған айрықша итибар қаратылмақта. Быйыл өндирис ҳәм инфраструктура жойбарларының 15 проценти, 2027-жылдан 30 проценти, 2030-жылдан 55 проценти «жасыл» болады. Аз углеродлы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Жәҳән банки ҳәм басқа да шөлкемлерден 300 миллион доллар ресурс тартылады.
Энергетика комплекслерин қурыўда 4 миллиард долларлық үскене ҳәм комплектлеўши бөлеклер жергиликли кәрханаларда ислеп шығарылады. Бул арқалы ири жойбарларда «жасыл компонент»тиң үлеси 25 проценттен 31 процентке жетеди.
«Жасыл мәкан» бағдарламасы шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек егилмекте. Өткен 3 жылда 698 бағ ҳәм 316 жәмийетлик парк шөлкемлестирилди. Арал теңизиниң қурыған түбинде дерлик 2 миллион гектарлық путазар қурылды.
Оны даўам еттирген ҳалда, быйыл нәлшиликке қәнигелескен 18 тоғай хожалығы шөлкемлестириледи. Оларда «илим-жойбарлаў-әмелият» принципи тийкарында генетикалық селекция жумыслары күшейтилип, туқымгершилик лабораториялары, интенсив тәжирийбе участкалары ҳәм «аналық» плантациялары жолға қойылады.
Бул хожалықларда усы жылы 123 миллион түп нәл таярланады. «Жасыл дүнья» платформасы иске қосылып, оларды онлайн сатып алыў жолға қойылады.
Аймағында терек еккен, өндиристе экологиялық таза үскене ҳәм материаллардан пайдаланғанларға «жасыл исбилермен» статусы бериледи. Бул исбилерменлер рейтингинде де инабатқа алынады. Оларға сыртқы базарларға шығыўы ушын «жасыл сертификат» алыў, базар табыўда ҳәр тәреплеме жәрдем бериледи.
Мәжилисте жуўапкерлер мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылған ўазыйпалар ҳәм оларды әмелге асырыў режелери бойынша мәлимлеме берди.