Инвестиция ҳәм экспорт бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди
2025-01-17 09:10:00 / Мәжилислер
Мәмлекетимиздеги ашық-айдынлық, күшли инвестиция сиясаты нәтийжесинде экономика турақлы өсип келмекте. Атап айтқанда, 2024-жылы жалпы ишки өним 6,5 процентке артып, 115 миллиард долларға жетти. Сырт ел инвестициясы 1,6 есе өсип, дерлик 35 миллиард долларды қурады. Баҳасы 10 миллиард долларлық 242 ири ҳәм орта жойбарлар иске қосылды. Экспорт биринши мәрте 27 миллиард долларға жетти.
Өткен жылы таў-кән, нефть-газ, химия, аўыл хожалығы тараўларында инвестиция 2 есеге артқан. 50 районға 100 миллион доллардан көп инвестиция кирип келген.
Сын көзқараста өткен мәжилисте тараўдағы артта қалыўшылықлар ҳәр тәреплеме талланды.
Тоқымашылық санааты, «Өзтрансгаз», «Өзметкомбинат», «Өзсуўтәмийнат» системасында инвестиция көрсеткишлери төменлеген. Экология, Аўыл хожалығы, Санлы технологиялар, Транспорт, Қурылыс, Денсаўлықты сақлаў, Спорт, Мәденият, Жоқары билимлендириў, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрликлери алып келген инвестиция ҳәм грантлар имканиятқа жараса емес.
Айырым район ҳәкимлери инвестиция ҳәм экспорт мәселесин өз ҳалына таслап қойғаны көрсетип өтилди. Соның ишинде, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Пешку, Янгиабад, Қамашы, Ханқа, Шават, Ромитан, Дийқанабад, Миришкор, Шырақшы, Нарпай, Нурабад ҳәм Гүлистан районлары ҳәм Аҳангарон қаласы ҳәкимлерине сөгис жәрияланды. Жумысында аўыр кемшиликлерге жол қойғаны ушын Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими Акмалжон Маҳмудалиев лаўазымынан босатылды.
Мәжилисте инвестиция ҳәм экспорт бойынша быйылғы тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.
Бәринен бурын, бул мәселе аймақлар кесиминде көрип шығылды. 27 районда инвестиция көлеми 200 миллион доллардан артыўы есап-санақ етилген. Бирақ 10 районда реже 40 миллион долларға да жетпейди. Жуўапкерлерге усы районларда жаңа жойбарларды қәлиплестирип, инвестицияны көбейтиў бойынша тапсырма берилди.
Қаржылардың нәтийжелилигине айрықша тоқтап өтилди. Мәселен, соңғы жети жылда киргизилген 120 миллиард доллар инвестиция есабынан 6 мыңнан артық кәрхана иске қосылған. Таллап көрилгенде, ҳәр 1 мың доллар инвестиция жылына орташа 530 доллар қосымша қун жаратпақта. Бул көрсеткиш таў-кән санаатында 700 долларға жеткен.
Бирақ нефть-газ, металлургия ҳәм қурылыс материаллары тараўларында инвестицияның нәтийжелилиги салыстырмалы төмен. Аймақлардан болса Сырдәрья, Бухара ҳәм Қарақалпақстанда усындай жағдай.
Жаңадан ашылған 92 кәрханада үскенелер қолланылмай турғаны ушын кредитлер қайтыўы кешикпекте. 105 исбилермен алып келген үскенелер бажыхана қоймаханаларында турмақта.
Президент инвестицияның нәтийжелилигин арттырыў аймақ ҳәм тармақ басшыларының тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлигин атап өтти.
– Бул экономикамыздың өсиўине үлкен түртки береди. Кепилленген сатып алыў есабынан, жүдә көп жаңа жумыс орынлары жаратылады, валюта үнемленеди ҳәм уқсас тараўлар раўажланады. Оны ҳәкимлер жақсы түсинип, ҳәр бир жойбардың «ишине кирип», жумысты нәтийжели шөлкемлестириў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.
Исбилерменлердиң қатнсыўында ярмаркалар өткерип, жаңа өнимлерди өзлестириў ири инвестициялық жойбарларда жергиликли өнимлердиң үлесин көбейтиў бойынша көрсетепелер берилди.
Мәмлекетимизде исбилерменлер класы кеңейип, халықаралық шеңберге шықпақта. Раўажланған кәрханаларымыз сырт елден тиккелей қаржы алып келиўди баслады. Оны қоллап-қуўатлаў мақсетинде, Президент пәрманы менен, Саўда-санаат палатасында Исбилерменлерге сыртқы қаржы базарларына шығыўға жәрдемлесиў орайы шөлкемлестирилди. Енди буннан пайдаланып, көбирек исбилерменлер сырт елден қаржы тартыўға үйретилетуғыны айтылды.
Быйыл халықаралық қаржы институтларының есабынан 5 миллиард 200 миллион долларлық жумыслар режелестирилген. Оларды өз ўақтында әмелге асырыў ушын Бас министрдиң басшылығында айрықша штаб шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен 1 миллиард 100 миллион доллар, Ислам раўажланыў банки менен 1 миллиард долларлық жойбарлар нәзерде тутылған. Жуўапкерлерге усы банклер менен мәмлекет кепилисиз жойбарларды көбейтиў, қаржы тартыўда исбилерменлерге жәрдемлесиў тапсырылды.
Инвестиция нәтийжелилигиниң көрсеткишлеринен бири – экспорт. Мәселен, еркин экономикалық зоналардағы кәрханалар киргизген инвестициясына қарап, жеңиллик алмақта. Бул өзине түсер баҳаны азайтыў, экспортқа шығыўға хызмет етиўи керек.
Өткен жылы 22 еркин экономикалық зонадағы 589 кәрхана 42 триллион сумлық өним ислеп шығарған. Бирақ товарлардың тек ғана 18 проценти сыртқы базарларға сатылған, 372 кәрхана улыўма экспорт етпеген.
Соның ушын енди тек ғана экспортқа ислейтуғын еркин экономикалық зоналар шөлкемлестирилетуғыны атап өтилди. Оларда сырт ел брендлери менен жоқары қунлы, сыртқы базарларда өтимли өнимлер ислеп шығарылады. Солардан бириншиси Наманган ўәлаятында, 30 гектар майданда тоқымашылық бағдарында шөлкемлестириледи.
Және бир жаңа қатнас – өткен жылы 12 технопарк сырт ел кәрханаларының басқарыўына берилди. Ҳәзирше оларға 2,5 миллиард долларлық 27 жойбар жайластырылған. Бул тәжирийбени кеңейтип, сырт ел компанияларының қатнасыўында және бир неше технопарклер шөлкемлестириў усынысы билдирилди.
Быйыл экспортты 30 миллиард доллардан арттырыў мөлшерленбекте. Мәселен, елимизде шийки заты бар болған тоқымашылық, электротехника сыяқлы тармақларда экспортты 2-3 есеге көбейтиў имканияты бар.
Соның ушын еки драйвер тармақты раўажландырыў, экспортқа ислеп атырған кәрханаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары көриледи.
Атап айтқанда, экспортшыларды айланыс қаржы менен тәмийинлеў ушын айрықша факторинг шөлкеми ашылып, оған 100 миллион доллар ажыратылады. Кәрханаларды халықаралық сертификат талапларына бейимлестириў қәрежетлериниң 20 мың долларға шекемги бөлеги қаплап бериледи. Раўажланыў орайлары (R&D) ушын алып келинетуғын лаборатория үскенелери бажыхана бажыларынан азат етиледи. Халықаралық маркетплейслер арқалы жергиликли өнимлерин үгит-нәсиятлаў ушын 2 миллион доллар қаратылады.
Жуўапкерлерге сыртқы базарлардағы имканиятты таллап, үш жыллық экспорт стратегиясын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Пахта жетистириў ҳәм қайта ислеўде де қосымша базар механизмлери енгизиледи. Усы жылдан баслап, кластерлер пахтаға талабы ҳәм баҳа усынысын биржаға қояды, фермерлер болса өзине мақулын сайлап, фьючерс шәртнамасын дүзеди. Жеңиллетилген кредит алмай, өзи пахта жетистирген фермерлерге биржада сатқан пахтасының 10 проценти муғдарында субсидия бериледи. Жеңиллетилген кредитти 31-декабрьге шекем толық қайтарған фермерлерге кредиттиң 4 проценти қайтарып бериледи.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимин жетистириўши қыйтақ жер ийелери мәҳәлле банклерине қарыйдар болады.
Мәжилис соңында мәмлекетимиз басшысы дүньяда инвестиция ҳәм базарлар ушын бәсеки кескинлигин және бир мәрте атап өтип, жуўапкерлерге исшеңлик ҳәм нәтийжелиликти арттырыў талабын қойды. Бул бойынша қадағалаў ҳәм сораў қатты болатуғыны көрсетип өтилди.
Бас министрге быйылғы 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясы бойынша айма-ай реже тастыйықлап, орынланыўын тәмийинлеў тапсырылды.
Мәжилисте министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң мәлимлемеси тыңланды.