Фармацевтика тараўындағы әҳмийетли басламалар халықтың саламатлығын беккемлеўге хызмет етеди
2024-12-19 09:10:00 / Мәжилислер
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирис фармацевтика кластерин барып көрди.
Усы комплекс Президентимиздиң 2020-жыл 28-январьдағы қарарына муӯапық шөлкемлестирилген, сол жылы 17-апрельде оныӊ қурылысына тырнақ тасы қойылған.
Биринши басқышта дерлик 20 гектар майданда технопарк қурылмақта. Ол ҳәкимшилик орай, изертлеӯ ҳәм раӯажланыӯ орайы (R&D), фармацевтика өнимлериниӊ қәӯипсизлиги лабороториясы, клиникалық изертлеӯлер орайы, Фармацевтика техникалық университети ҳәм виварийди өз ишине алады.
Бүгинги күнде ҳәкимшилик орай қурылып питкерилген. 11 қабатлы булл имаратта Фармацевтика тармағын раӯажландырыӯ агентлиги, конференция залы, коворкинг орайы, бизнес инкубатор, китапхана, тараӯ тарийхыныӊ музейи жайласқан.
Мәмлекетимиз басшысы бул орайды ҳәм гезектеги объектлердиӊ қурылысын көзден өткерди.
Кластерден тийкарғы мақсет жоқары технологияларды енгизиӯ арқалы мәмлекетимиз фармацевтика тармағын раӯажландырыӯ, халықаралық инновациялық системаға интеграцияласыӯ, жоқары сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техниканы ислеп шығарыӯ, маман кадрлар таярлаӯ болып есапланады. Бул кеӊ көлемли мақсетлерден келип шығып, Ташкент ӯәлаятының Зангиата районынан 190 гектар жер майданы ажыратылған.
Ҳәзирги күнде бул жердеги санаат зонасында улыӯма баҳасы 818 миллион долларлық 21 жойбар жайластырылған. Олардыӊ бириншиси – «Grand Pharm Logistics Hub» тәрепинен 40 миллион долларлық дистрибьюторлық орайы иске қосылды ҳәм 300 жумыс орны жаратылды. Кәрханалар Түркия, Ҳиндстан, Қытай, Малайзия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Росиия менен биргеликте шөлкемлестириледи.
Президентимиз бул жойбарлардыӊ интакерлери менен сәӯбетлести. Инвестицияларды тартыӯ ҳәм қоллап-қуӯатлаӯ избе-из даӯам еттирилиӯин атап өтти.
Келешекте санаат зонасында және 620 миллион долларлық 20 жойбар әмелге асырылыӯы мөлшерленген.
Улыӯма, кластерде жоқары сапалы дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар ислеп шығарылады, импорт болып атырған өнимлер локализацияланады, 8 мыӊ жумыс орны жаратылады. Зәрүр әмелиятлар орайы (GxP) товарлардыӊ таярланыӯынан тутуныӯшыға жетип барыӯына шекем болған барлық басқышларда халықаралық стандартларға муӯапықлық ҳәм сапасын тәмийинлеӯге жәрдем береди.
Мәмлекетимиз басшысына усы жерде қурылатуғын Фармацевтика техникалық университети ҳаққында мәлимлеме берилди.
Онда фармакопея орайы, китапхана, спорт комплекси, оқытыӯшылар ҳәм сырт елли хызметкерлер ушын турақ жай болады. Санаат фармациясы, биохимия ҳәм биомедицина, биотехнология, биофармацевтика, биоинформатика сыяқлы бағдарларда жоқары маманлықтағы қәнигелер таярланады. Оныӊ ушын билимлендириӯ халықаралық бағдарламалар тийкарында жолға қойылады, микробиология, биотехнология, клетка биологиясы, фармакология, аналитикалық химия сыяқлы лабораториялар қурылады.
Университетте быйылғы оқыӯ жылында дәслепки стундетлер қабыл етилди. Президент олар менен сөйлести.
_- Биз раӯажланған мәмлекетлерден инвесторлар алып келип атырмыз. Олар Өзбекстанға қандай етип баҳа береди? Сизлер менен сөйлесип, Мәмлекетимиздиӊ байлығы – жаслар ! Фармацевтика бойынша да еӊ жақсы бағдарламаларды қолланып, келешек ушын қәнигелерди таярлап алмасақ, басқаларға пул төлеймиз, байланыслы болып қаламыз. Соныӊ ушын заманагөй университет шөлкемлестирилип, дуал билимлендириӯди жолға қоямыз. Бул жерде ҳәм билим аласыз, ҳәм оқығанларыңызды әмелде қолланыӯ имканиятына ийе боласыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Усы оқыӯ орайыныӊ питкериӯшилерине Корея Республикасыныӊ Ёнсе, Уллы Британияныӊ Сандерленд ва Де Монтфорт университетлериниӊ халықаралық көлемде тән алынатуғын дипломлары бериледи. Сондай-ақ, Данди, Пусан ҳәм Пурдю университетлери менен илимий бирге ислесиӯ жолға қойылған.
Президент Шавкат Мирзиёев «Tashkent Pharma Park» инновациялық кластеринде фармацевтика тараўындағы кәрханаларының басшылары менен сөйлести.
Ҳәм экономикалық, ҳәм жәмийетлик әҳмийетке ийе бул тараўға мәмлекет тәрепинен кең имканиятлар жаратылмақта. Кейинги жети жылда фармацевтикада өндирис 2 есеге артқан. Экспорт 11 есеге көбейген. 750 миллион доллар инвестиция өзлестирип, кәрханалардың саны 3 есеге өскен.
Елимизде 3,5 мың түрдеги дәри-дәрмақлары ҳәм медициналық буйымлар ислеп шығарылмақта. Бирақ бул талапты толық қапламайды.
Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы көп түрдеги дәрилерди мобилизациялаў ҳәм экспортты кеңейтиў бойынша әҳмийетли басламаларды алға қойды.
«Асакабанк» ҳәғм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине ири жергиликли кәрханалар менен бирге 2025-жылы кеңнен пайдаланылатуғын 200 түрдеги дәри-дәрмақларын өзлестириў ҳәм өндиристи 2 есеге арттырыў бойынша бағдарлама таярлаў тапсырылды. Бундай жойбарларға сырт елден тартылған 400 миллион доллардан қолайлы шәртлерде бағдарланады.
Енди фармацевтика тармағында Алдынғы жойбарлар инвестиция қоры шөлкемлестирилди. Бул қор биофармацевтика, клетка технологиялары, онкология сыяқлы бағдарларындағы жойбарлаға үлес пенен киреди, оларға катализатор болады.
Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан «Асакабанк»ке тараўды раўажландырыў ушын 100 миллион доллар кредит линиясы ашылған. Енди бул қаржы лизинг ушын да бериледи.
«Асакабанк» тәрепинен фармацевтика тараўында жаңа қолланбаларды коммерцияластырыў ҳәм стартап жойбарларды қаржыландырыў ушын 10 миллион долларлық венчур компания ашылады. Стартап жойбар шеттен қанша қаржы тартса, усы компания ушын сонша пулды қосымша экспертизасыз береди.
Жаңа қолланбалар ушын Инновация қорынан 20 миллиард сум грант ажыратылады. Бул илимпазлар жаратып атырған жаңа жергиликли дәри қолланбаларын коммерция жойбарына айландырыў ҳәм стартаплар ушын бағдарланады.
Жергиликли фармацевтика кәрханаларына 2025-жыл 1-январьға шекем берилген бажыхана жеңилликлери мүддети және 3 жылға созылады.
Мәмлекетимиз кәрханалары жетекши сырт елли фармацевтика компанияларының технологиясы ҳәм рецепти тийкарында дәрилер шығарыўға таяр. Бирақ бундай кооперация ушын ҳуқықый тийкар жаратылмағаны себепли ҳәр бир дәрини жаңа өним сыяқлы клиникалық изертлеў ҳәм дизимнен өткериўге дурыс келмекте. Оған көп ўақыт кетеди. Сонлықтан бул тәртипти әпиўайыластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Исбилерменлердиң экспорт базарларын кеңейтиў ушын АҚШтың Азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақлар сапасының қадағалаў басқармасы (FDA) ҳәм Европа медициналық агентлиги сертификатларын алыў қәрежетлери бюджеттен қаплап бериледи.
Елимизде өсимликлерди санаат усылында жетистирип, қайта ислеў арқалы субстанция ҳәм косметикалық компонент алыў раўажланбақта. Усыған муўапық, «Асакабанк» қатнасыўында келеси жылы ҳәр бири 5 гектардан болған дәрилик өсимликлер плантанциясы қурылып, оларды қайта ислеў бойынша 5 үлги жойбары орынланады.
Улыўма, фармацевтикада 1 миллиард долларлық жойбарлар қәлиплестириў белгиленди. Олар талабы жоқары дәри-дәрмақларын сырт елдикиндей сапада ислеп шығарыў, базарда бәсеки жаратып, баҳаларды арзанластырыўға қаратылған.
Сөйлесиўде тараў ўәкиллери өндиристи раўажландырыў, өнимлер сапасын ҳәм экспортын арттырыў, илим ҳәм билимлендириўди хошаметлеў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Соң, Президент шавкат Мирзиёев «Grand Pharm Logistics Hub» жумысы менен танысты.
Бул логистика орайы «Tashkent Pharma Park» инновациялық кластери аймағында он гектар майданда жайласқан. Жойбардың улыўма баҳасы 40 миллион доллар болып, үш қабатлы ҳәкимшилик имарат, қоймаханалар, мийманханалар, асхана ҳәм жатақхана қурылған. 300 ден аслам жумыс орны жаратылған.
Өнимлерди сақлаў орны 50 мың квадрат метр. Бул жерде үлкен көлемдеги фармацевтика өнимлерин халықаралық стандартлар тийкарында қабыл етиў, сақлаў ҳәм тарқатыў имканияты бар. Бул басқышлар толық санластырылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул процесслерди көзден өткерди.
Логистика орайы «Tashkent Pharma Park» фармацевтика кластериндеги басқа ислеп шығарыўшыларға да қолайлы. Өнимлерди сақлаў ҳәм экспорт етиўинде халықларалық «SAP» системасы арқалы әмелий жәрдем бериледи. Оның ушын дәри-дәрмақлардың сапасын тәмийинлеў бойынша «GDP» ҳәм «GSP» сертификатлары ҳәм бажыхана қоймаханасы, халықаралық жүклерди тасыў ушын лицензиялар бар.
Бул бағдардағы талапларды тәмийинлеў ушын халықаралық стандартларға муўапық ҳаўаны суўытыў системалары орнатылған. Жүклерди жүклеў ўақтында да температура модерациясы тәмийинленеди. Жигирмадан аслам жүк машиналарында тасыў хызметлери де көрсетиледи. Комплексте бундай транспортлар ушын туратуғын орын ҳәм техникалық хызмет шөлкемлестирилген.
Бүгинги күнде Россия, Қазақстан, Түркменстан, Қырғызстан, Германия, Польша, Франция, Венгрия, Румыния ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлер менен логиятикалық қатнасықлар орнатылған. Бул география жылдан-жылға кеңейип бармақта.
Жуўапкерлерге өнимлерди сақлаў ҳәм рәсмийлестириўде қолайлықларды арттырыў, өзине түсер баҳасын азайтып, дәрилерди арзанластырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Компания фармацевтика базарын турақлы үйренип, медицина тараўындағы мүтәжлилклерди де таллап барады. Нәтийжеде жеткерип бериў бағдарының көлеми кеңейип бармақта. Бул кәрхана мәмлекетимиз аймағы бойлап 7 мың 500 ден аслам дәриханаға товарлар жеткерип береди. Сондай-ақ, онлайн дәрихана хызмети жолға қойылған болып, бул бағдардағы шериклердиң саны да артпақта.
Бул жерде «GPH Academy» жойбары жолға қойылған болып, бир қатар жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислеспекте. Үш билимлендириў орайында әмелий сабақлық ханалары шөлкемлестирилди. Үш мың фармацевт маманлығын арттырыў курсларынан өтти. Отызға шамалас студент бул жойбардың стипендия ҳәм грантларына ийе болды.