Социаллық қорғаў системасын күшейтиўге байланыслы жаңа басламалар билдирилди
2024-12-14 08:45:00 / Мәжилислер
Өзбекстан – социаллық мәмлекет. Конституциямызда беккемленген усы принцип тийкарында меҳир ҳәм жәрдем системасы халыққа жақынластырылмақта. Барлық аймақларда «Инсан» орайлары ашылып, 102 социаллық хызмет мәҳәллелерде жолға қойылды. Социаллық хызметкерлер үйме-үй жүрип, усы жылы реестрде болмаған және 95 мың мүтәж адамға жәрдем көрсетти. 51 мың адамға майыплық белгиленди. 26 мыңы протез алды. Жатып қалған 4 мың жалғыз кексе анықланып, оларға үйиниң өзинде тәрбиялаў шөлкемлестирилди. Майыплығы бар 5 мың бала бақша-мектепке жайласты.
Бундай мәнзилли жумыслар себепли халық қабыллаўханаларында ҳәм ҳәкимликлерде социаллық қорғаў ҳәм жәрдем бойынша мүрәжатлер 35 процентке азайған.
Үш ай алдын ўәлаят ҳәм райондағы 14 мың басшы 75 мың кәмбағал шаңараққа бириктирилип, олар менен индивидуал ислесиў жолға қойылды. Нәтийжеде бул шаңарақлардағы 17 мың адам турақлы жумысқа жайластырылды, исбилерменлик ҳәм қыйтақ жер арқалы 14 мың халықтың дәраматы арттырылды. 30 мың бала бақша, дөгерек ҳәм кәсипке оқытыў менен қамтып алынды, 45 мың мүтәж халыққа медициналық жәрдем көрсетилди.
Бирақ айырым орынларда жумыс дурыс шөлкемлестирилмеген жағдайларда да бар. Мысалы, 184 басшы өзи жуўапкер болған кәмбағал шаңарақтың үйине бирде бир мәрте бармаған. Майыплығы бар шахслардың бәнтлиги дәрежеси республикада 20 процентке жеткени менен, Жалақудық, Шымбай, Пастдарғом, Чортоқ ҳәм Денаў районларында бул көрсеткиш әдеўир аз. Келеси жылы Инвестиция бағдарламасына киретуғын 598 социаллық мәкемениң жойбары майыплығы бар адамларға бейимлесип ислеп шығылмаған.
Мәжилисте усы сыяқлы кемшиликлер көрсетип өтилип, гезектеги илажлар додаланды. Мәмлекетимиз басшысы социаллық қорғаў системасын күшейтиўге байланыслы жаңа басламаларды айтты.
Келеси жылы 1 миллион 200 мың халықты кәмбағаллықтан шығарыў ушын билимлендириў, дөгерек, кәсип-өнер, медицина мәкемелерин шешиў ҳәм жасаў шараятын жақсылаў зәрүрлиги атап өтилди.
Бул бағдарда жақсы тәжирийбелер бар. Мысалы, Тайлақ ҳәм Касансай районларында «Дәслепки раўажланыў орайлары» ашылып, кәмбағал шаңарақтағы ҳәм майыплығы бар болған 4 мың 200 балаға бақша билимлендириўи берилген. Ўәлаят ҳәкимлерине бул тәжирийбени үйренип, ҳәр бир районда енгизиў тапсырылды.
Сондай-ақ, келеси жылы кәмбағаллық жоқары мың мәҳәлледе және биреўден шаңарақлық бақша жумысы иске қосылады. Жаңа жылдан шаңарақлық бақша орынларының 15 процентине кәмбағал шаңарақтың перзентлери қабыл етиледи ҳәм бақша төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи.
Кәмбағал шаңарақ перзентлериниң оқып, турмысын оңлаўы ушын қосымша ҳәм имканиятлар жаратылады. Соның ишинде, 18 мың жаслар шет тили, мәлимлеме технологиялары ҳәм кәсип өнерге оқытылады. Бул дөгереклердиң қәрежетлери 80 процентке шекем бюджеттен қапланады. 2025-жылы 3,5 мың усындай перзентлер жоқары билимлендириўге грант тийкарында қабыл етиледи.
Кәмбағал шаңарақлардағы өзи ҳәрекетлене алмайтуғын 23 мың адамға ата-анасы, өмирлик жолдасы яки балалары қарап отыр. Январьдан баслап олардың 19 мыңына үйинде ҳәм 4 мыңына күндизги қатнаў тийкарында қараў жолға қойылады. Нәтийжеде усы арқалы бәнт болған 15 мың халықтың қолы босап, жумыс ислеўи мүмкин болады. Бундай хызметти көрсеткен жеке меншик секторға шаңарақ қәрежетиниң 80 процентин мәмлекет төлеп береди. Бул тәжирийбе алдын Ташкент қаласында, ўәлаятларда жыл ақырына шекем жолға қойылады.
Кәмбағал шаңарақтағы 460 мың адам медициналық жәрдемге, 6 мың шаңарақ болса турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж. Соның ушын келеси жылы мүтәж адамлардың хирургиялық операциясы ушын Медициналық қамсызландырыў қорына қосымша 185 миллиард сум ажыратылады. «Социаллық дәптерлер» қаржысы болса кәмбағал шаңарақлардың жасаў шараятын жақсылаў ҳәм дәраматын арттырыўға жумсалады.
Ҳәзирги күнде пуқаралар социаллық хызмет ҳәм жәрдем алыў ушын 10 нан артық ҳүжжетти алып жүриўге мәжбүр. Енди булардың орнын басатуғын бир – «социаллық карта» енгизиледи. Ол арқалы жәмийетлик транспортта бийпул жүриў, электр, газ ҳәм оқыў қәрежетлерине компесация алыў мүмкин болады. Напақа ҳәм жәрдем пуллары да усы картаға түседи.
Бул система 1-июльға шекем Ташкент қаласы ҳәм Янгийул районында сынақтан өткериледи, кейин барлық орынларда қолланылады.
Мәжилисте майыплықтың себеплери, оларға жәрдем бериў мәселелери талланды. 33 районда майыплығы барларды реабилитациялаўға қамтыў оғада төмен екени көрсетип өтилди.
Соның ушын ҳәр бир ўәлаят ҳәм район емлеўханасында реабилитация хызметлери жолға қойылыўы белгиленди. 12 майыплық реабилитация орайында эрготерапия, физиотерапия, емлеў-гимнастика хызметлерине қамтыў 5 есеге арттырылады. 7 медициналық жоқары оқыў орнында реабилитация кафедралары ашылады, профессор-оқытыўшылар Корея тәжирийбеси тийкарында қайта оқытылады. Республикалық реабилитация орайына Корея ҳәм Япониядан экспертлер алып келинип, қәнигелердиң маманлығы арттырылады.
Майыплықтың айырым түрлеринде үй шараятында орынласа болатуғын шынығыўларды орнатыў арқалы да наўқастың денсаўлығын тиклеў мүмкин. Соның ушын оларға усындай шынығыўлар бағдарламасы ҳәм саламат аўқатланыў менюси тарқатылады. Енди реабилитацияның нәтийжеси майыплығы барлардың ҳәрекети ҳәм қарым-қатнастағы өзгерисине қарап баҳаланды, соннан келип шығып шыпакерлерге үстеме бериледи.
Бүгинги күнге келип, майыплығы барларға берилетуғын протез ҳәм реабилитация қуралларының дизими 18 ден 30ға, қаржы болса 1,5 есеге көбейтилди. Буның нәтийжесинде жыл басынан 100 мың адамның талабы тәмийинленди.
Енди буған және 7 түрдеги қураллар қосылатуғыны мәлим етилди. Бул арқалы 2025-жылы 80 мың мүтәж адамға зәрүр протез қураллары жеткерип бериледи.
Жаратылған имканиятлар есабынан, быйыл исбилерменлер майыплығы бар 40 мың пуқараны жумысқа алған. Буны және де кеңейтиў ушын 1-январьдан баслап майыплығы болған жумысшылар ушын социаллық салық 1 процент етип белгиленди.
Кәрханаларға сурдо-аўдармашы, психолог ҳәм көзи әззилер ушын жолдаслық хызмети қәрежети ушын 50 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады. Бундай адамларды жумысқа орналастырған жеке меншик бәнтлик компанияларына 500 миллион сумға шекем грант бериледи. Бул имканиятлар нәтийжесинде және 80 мың майыплығы бар адамды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкинлиги айтылды.
Аўыр жағдайға түсип қалған болса-да, өзинде күш таўып, өмирин өзгерткен шыдамлы инсанлар арамызда көп. Оларды басқаларға өрнек етип көрсетиў, қаҳарманлығы ҳаққында ҳүжжетли фильмлер сүўретке алыў керек екени атап өтилди.
Дўньяда майыплығы бар инсанларға туўра келетуғын 100 ден артық спорт түри бар. Бирақ бизде тек ғана 22 си бойынша медициналық жуўмақ бериледи.
Енди халықаралық үлгилер тийкарында майыплығы барларға усыныс етилетуғын спорт түрлери кеңейтиледи. Олардың буған уқыбы кеселлик түрине қарап автоматик түрде белгиленеди. Бул бағдардағы спорт тренерлериниң айлығы 1-январьдан баслап 1,5 есеге арттырылады. Аймақлардағы 130 спорт мектеби, 90 арнаўлы билимлендириў мәкемеси ҳәм 29 «Мүриўбет» үйиндеги майданлар адаптивлик спорт түрлерине бейимлестириледи.
Жуўапкерлерге келеси жылы адаптивлик спортқа қамтып алыўды 1,6 есеге арттырып, 45 мыңға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Майыплығы бар балаларды билимлендириў менен қамтып алыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Усы мақсетте ҳәр бир районда бир бақшада инклюзивлик билимлендириў топары ашылады. Ҳәрекети шекленген балалардың мектепке келип-кетиў қәрежетиниң 75 процентин қаплаў системасы енгизиледи. 1-сентябрьге шекем 954 мектепте инклюзив класс шөлкемлестирилип, және 1 мың 800 майыплығы бар баланың билим алыўына шараят жаратылады.
Быйыл Меҳрибанлық үйлери ҳәм арнаўлы оқыў мәкемелеринен 300 ул-қыз шаңарақлық орталыққа қайтқан. Усы тәжирийбе тийкарында және 500 баланы жуўапкерлерге бириктирип, шаңарақлық балалар үйине ҳәм мектепке жайластырыў әҳмийетли екени айтылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди, социаллық тараў ўәкиллериниң усыныслары тыңланды