«Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйынында жаңа заманагөй спорт майданшасы пайдаланыўға тапсырылды
2025-10-03 17:25:00 / Министрлик

2025-жылдың 1-мәўсиминде «Басламалы бюджет» жойбары тийкарында райондағы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы қәнигелестирилген мектеби жанынан заманагөй спорт майданшасын қурыў бойынша усынысы жоқары даўыс жыйнап, бул жойбар жеңимпаз болған еди.
Бүгин бул орында қурылыс жумыслары толығы менен жуўмақланып, заманагөй балалар спорт майданшасы пайдаланыўға тапсырылмақта.
Ашылыў салтанатына район ҳәкими З.Зайтов қатнасып, бәршени бүгинги пайдаланыўға тапсырылып атырған футбол, волейбол ҳәм ўоркоут спорт майданшаларының ашылыўы менен қызғын қутлықлады ҳәм бундай жаратылған имканиятлар нәтийжесинде жаслармыз арасынан Жәҳән ҳәм Азия чемпионлары жетилисип шығыўына тилеклеслик билдирди.
Буннан соң, илаж қатнасыўшылары спорт майданшасында балалар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.





