"Мәртлик" мектебинде "Келешек сааты" сабақлығы шөлкемлестирилди.
2025-09-18 14:50:00 / Министрлик

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы Нөкис районындағы "Мәртлик" мектебинде "Келешек сааты" сабақлығы шөлкемлестирилди.
⚡️Оқыўшыларға елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәмде келешекте олар ийелеўи мүмкин болған кәсип ҳәм бағдарлар ҳаққында толық түсиниклер берилди.
⚡️Сабақта басқарма баслығы А.Давлетов жасларға ўатансүйиўшилик, жуўапкершилик ҳәм умтылыўшаңлық пазыйлетлериниң әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
⚡️ Олардың қызығыўшылықлары, арзыў-нийетлери тыңланып, келешекте елимиздиң раўажланыўы ушын мүнәсип үлес қосыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
⚡️Оқыўшылардың белсене қатнасыўы тийкарында сораў-жуўаплар, ашық пикирлесиўлер болып өтти.






