Нөкис районында пуқаралар менен ашық пикирлесиў: "Саманбай" аўыл пуқаралар жыйынында көшпели қабыллаў өткерилди
2025-09-13 14:30:00 / Министрлик

Бүгин, Нөкис районында жәмийетшилик пенен ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм пуқаралардың машқалаларын шешиў мақсетинде әҳмийетли илаж болып өтти. Атап айтқанда, "Саманбай" аўыл пуқаралар жыйынында район прокуроры П.Халмуратов тәрепинен көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Бул көшпели қабыллаў даўамында аўыл турғынлары тәрепинен ҳәр қыйлы бағдарлардағы әҳмийетли машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Пуқаралардың көтерген мәселелер арасында аўылларда ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў, гөнерген электр бағаналарын алмастырыў, тәбийғый газ тәмийнатындағы үзилислерди сапластырыў сыяқлы турмыслық әҳмийетли бағдарлар орын алды. Сондай-ақ, пуқаралардың турмыс сапасын арттырыўға байланыслы бир қатар социаллық машқалалар да көтерилди.
Көшпели қабыллаў ўақтында ҳәр бир мүрәжат айрықша үйренилип, оларға тийисли илажлар белгиленди. Прокурор П.Халмуратов мәселелерди шешиў бойынша жуўапкер шөлкем ҳәм уйымлардың басшыларына анық тапсырмалар берип, белгиленген мүддетлерде әмелий нәтийжеге ерисиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.






