Нөкис районында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды
2025-09-07 15:45:00 / Министрлик

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси жанындағы коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша турақлы комиссия баслығы М.Бегдуллаевтың басшылығында мәжилис болып өтти. Бул илаж мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилериниң қатнасыўында шөлкемлестирилди.
Мәжилисте 2025-жылы районда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, ерисилген нәтийжелер, бар машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша пикир-усыныслар додаланды. Соның менен бирге, келешекте әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар ҳәм тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды.
Илаж даўамында коррупцияның алдын алыў, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ҳуқықый санасын арттырыў, сондай-ақ, профильактикалық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

