Нөкис районында әмелге асырылып атырған субжойбарлар ҳәм келешектеги режелестирилген жумыслар бойынша мәжилис болып өтти.
2025-08-12 14:55:00 / Министрлик

Бүгин Нөкис районы ҳәкимлигинде Ислам Раўажланыў банки ҳәм ОПЕК Халықаралық Раўажланыў қоры тәрепинен қаржыландырылған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасы "Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў" жойбары шеңберинде бүгинги күнде Нөкис районында әмелге асырылып атырған субжойбарлар ҳәм келешектеги режелестирилген жумыслар бойынша мәжилис болып өтти.
Онда жойбарды әмелге асырыўға жәрдемлесетуғын жумысшы топар ўәкиллери, тийисли шөлкемлер, усы жойбарға киргизилген мәҳәллелердиң ўәкиллери қатнасып, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпаларға тоқтап өтти.




