“30-июль – Халықлар дослығы күни”
2025-08-01 22:25:00 / Министрлик

Бүгин, “30-июль – Халықлар дослығы күни” байрамына бағышланған “Дослық фестивалы” Нөкис районы Едиге бағында көтеринки руўхта өткерилди.
Байрам кешесинде сөзге шыққанлар бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиў, олардың миллий мәдениятын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин қəстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.
Айтып өтиў керек, соңғы жыллары елимизде “Халықлар дослығы күни” байрамы ҳәм “Дослық фестивалы” көтериңки руўхта өткерилип келмекте. Ҳәр жылы ҳүрметли Президентимиз тəрепинен көп миллетли халқымызға айрықша ҳүрмет көрсетилип, миллий-мәдений орайларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылып атыр.
Байрам илажы көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.









