Беларус Республикасы хызмет сапары
2025-06-10 13:40:00 / Министрлик

Нөкис районы ҳәкими З.Зайтовтың басшылығындағы делегация ағзалары тәрепинен Беларус Республикасы хызмет сапарының кейинги күнлеринде Беларус Республикасы Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат министрлиги ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилип, фитосанитария ҳәм өним экспорты мәселелери додаланды.
Соның менен бирге, Беларус Республикасы Байланыс ҳәм мәлимлемелестириў министрлигиниң ўәкиллери менен санластырыў, жасалма интеллект ҳәм киберқәўипсизлиги тараўындағы бирге ислесиў мәселелери де сөйлесилди.
Сондай-ақ, Гродно ўәлаяты Гродно районы ҳәкимлиги менен аймақлараралық бирге ислесиў ҳәм аўыл хожалығындағы қоспа жойбарлар бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
"Сохра" жеке меншик компаниясы менен Нөкис районында қусшылық ҳәм қарамал жетистириў тараўында қоспа кәрхана шөлкемлестириў ҳәм Беларус өнимлери ушын Саўда үйин шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Беларус Республикасының жетекши медицина мәкемеси "Минск ўәлаяты клиникалық емлеўханасы" менен Нөкис районы медицина бирлеспеси арасында шыпакерлердиң хирургия, педиатрия ҳәм реабилитация тараўында тәжирийбе алмасыў бойынша келисилип алынды.
Усы хызмет сапары жуўмағында, еки тәреплеме бирге ислесиўди әмелге асырыў мақсетинде бир қанша келисимлерге ерисилди.








