МЕНШИКЛЕСТИРИЎ ПРОЦЕССЛЕРИ ЖƏНЕ ДЕ ЖЕДЕЛЛЕСТИРИЛЕДИ
2025-06-02 10:20:00 / Jańalıqlar
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2025 жылгы меншиклестириў дәстүри ҳаққындағы» ПФ-70 санлы пәрманы қабыл етилди.
«Өзбекстан - 2030» стратегиясына муӯапық 2030 жылға шекем мәмлекетлик емес сектор үлесин 85 процентке жеткериӯ ҳәм мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды қысқартырыӯ бойынша ӯазыйпалар орынланыӯын тәмийинлеӯ, мәмлекет қатнасындағы ири кәрханалар ҳәм коммерциаллық банклерди трансформация қылыӯ, олар қурамындағы бәсеки шараяты қалиплесген тараӯлардағы кәрханалар санын кемейтиӯ ҳамде меншиклестириӯ процеслерин жәнеде жеделлестириӯ пәрманда мақсет етилген.
Пәрман менен Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
• 4 кəрханадағы мəмлекет акция пакетлери (үлеслери) ғалабалық саўдаларға шығарыӯ.
• 46 көшпес мүлк обекти ғалабалық саўдаларға шығарыӯ.
• 614,3 гектар жер участкалары электрон онлайн-аукцион саўдаларына шығарыӯ белгилеп берилген.
Сондай ақ, 2027 жыл 1 январға шекем Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан аукцион саўдаларында сатылған мəмлекет көшпес мүлк обектлери бойынша дүзилген алды-сатты шəртнамаларына муўапық төлемлер үш ай ишинде толық төленгенде шəртнама суммасының 25 процентине тең муғдарда шегирмелер бериледи;
2027 жыл 1 январға шекем Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан аукцион саўдаларында сатылған мəмлекет көшпес мүлк обектлериниң сатып алыў баҳасына қарамастан барлық қарыйдарларға сатып алыӯ төлемлерин 7 жыл мүддетке бөлып төлеў мүмкиншилиги бериледи.
Соның менен бирге экономикада мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды қысқартыӯ ҳәм жеке сектор үлесин асырыӯ мақсетинде 2030 жыл 1 январға шекем мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды шөлкемлестириӯге мораторий енгизилди.
«Электрон онлайн-аукционларды
шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық ўәкили. Р.Есимбетов
