PISA-2025 изертлеўи шеңберинде тийкарғы сынақ процесслери бойынша тест өткерилди
2025-05-12 12:25:00 / Министрлик
Бүгин Нөкис районындағы 30-улыўма билим бериў мектебинде оқыйтуғын оқыўшылардың саўатлылығын баҳалаўда халықаралық PISA-2025 изертлеўи шеңберинде тийкарғы сынақ процесслери бойынша тест өткерилди.
Бул илажға Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов қатнасып, оқыўшыларға әўметлер тиледи.
Тест процеси бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәмде мектеп координаторы тәрепинен толық қадағалаўға алынып, сапалы шөлкемлестирилди.
Халықаралық PISA-2025 изертлеў тийкарғы сынағына мектепте окыйтуғын 8-,9-,10-класслардан 15 жастағы жәми 42 оқыўшы қатнасыўы таңлап алынды.
Бул изертлеў оқыўшылардың билимлендириў сапасын баҳалаў ҳәм глобал билимлендириў системаларындағы дәрежесин анықлаўға жәрдем береди.




