Төлепберген Қайыпбергенов туўылғанына 96 жыл толды
2025-05-07 11:50:00 / Jańalıqlar

Бүгин 7-май күни Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық жазыўшысы, Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлериниң ийеси Төлепберген Қайыпбергенов туўылғанына 96 жыл толды.
Усы мүнәсибет пенен Т. Қайыпбергеновтыӊ шаӊарақ ағзалары, шәкиртлери ҳәм район ҳәкимлиги Нөкис районындағы "Азизлер Баба" қойымшылығына барып, руўхына қуран тиләўат етилди.
Буннан соң, райондағы Политехникумында әдебий кеше шөлкемлестирилди.Кешеде сөзге шыққанлар Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың өмир жолы, ислеген мийнетлери, шығармалары ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.








