Қытай Халық Республикасы исбилерменлер делегациясы менен ушырасты
2025-05-03 15:05:00 / Министрлик

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Нөкис районы ҳәкими З.Зайтовлар Қытай Халық Республикасы исбилерменлер делегациясы менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында Қытай Халық Республикасы Гуанчжоу қаласының ири компаниясы бас директорлары менен Нөкис районы аймағында әмелге асырыў режелестирилип атырған қоспа инвестициялық жойбарлар ҳаққында сөйлесиўлер алып барылды.
Сәўбетлесиў барысында Қарақалпақстанда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, жаңа санаат, ислеп шығарыў кәрханалары, заводлар қурыў бағдарында ҳәр қандай инвесторды қоллап-қуўатланатуғынлығын билдирди.
"Еллеримиз ислеп шығарыў ҳәм саўда-сатық мәселелеринде әзелден бирге ислесип келген. Бүгинги күнде экономикалық байланысларымыз және де раўажланып, аймақлараралық бирге ислесиў әмелий түс алып атырғанының гүўасы болмақтамыз. Бул процессте биз шериклик байланысларын орнатыўға таярмыз," – деди DONGGUAN YAOSHENG AUTO PARTS CO. LTD. компаниясы бас директорыLiang Qinghua .

