Суд жумысын және де жақсылаў мәселелери көрип шығылды
2025-02-28 09:55:00 / Мәжилислер

Инсан мәплери, нызам үстинлигин тәмийинлейтуғын бул тараўды жетилистириў мәмлекетимиздиң бәрқулла дыққат орайында. Соңғы сегиз жылда судларға байланыслы 70 ке шамалас нызам, пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Олардың материаллық-техникалық базасы жақсыланды.
Булар халық ҳәм исбилерменлердиң мәселелерин шешип, әдилликти тәмийинлеўге хызмет етпекте. Өткен жылы судларда 3 миллионнан артық мәселе көрип шығылды. Бул – халықтың ҳуқықый санасы артып атырғанынан дерек береди.
Ҳәзирги күнде судқа арза бериў, суд жумысының жағдайын бақлаў, суд ҳүжжетлеринен электрон нусқа алыў сыяқлы 14 хызмет санласқан. Жоқарғы судтың my.sud.uz порталында хызметлер ҳәм оннан пайдаланыўшылар саны көбейип бармақта. Усы ўақытқа шекем 17 миллионға шамалас суд иси мәлимлеме системалары арқалы алып барылған, 15,5 миллион ис судьяларға инсан факторысыз бөлистирилген.
2024-жыл 1-ноябрьден баслап, судлардың ишки ҳүжжетлер айланысы толық электрон түрге өткерилди. Нәтийжеде қысқа дәўирде мәмлекетлик бюджеттен 638 миллион сумлық қәрежетлер үнемленди.
Енди оны избе-из даўам еттириў, судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыў керек. Атап айтқанда, суд додалаўының салыстырмалы нәтийжеси ҳәм кететуғын қәрежетлерди алдыннан анықлап бериў, ҳуқықый жәрдем бойынша виртуал мәсләҳәтшини жаратыў, тайынланған жәриймаларды онлайн бақлаў ҳәм электрон түрде төлеў сыяқлы имканиятлар адамларға үлкен қолайлық жаратады. Ҳәзирги күнде раўажланып атырған жасалма интеллекттен пайдаланып, бундай көплеген жаңалықларды енгизиў мүмкин.
Соның ушын мәжилисте суд жумысын санластырыў дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлар додаланды.
Презентацияға бола, суд жумысларын алып барыўда қағаз түринен пүткиллей ўаз кешиў мақсетинде «Санлы суд» концепциясы әмелге асырылады. Оның ушын Жоқарғы суд жанында Мәлимлеме технологиялары орайы шөлкемлестириледи. Ол судларға зәрүр болған мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлер жаратыў, жасалма интеллектти енгизиў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў менен шуғылланады. Исбилерменлик субъектлери менен судлар арасында электрон мағлыўмат алмасыў жолға қойылады. Жумысларды көрип шығыў тезлиги артады.
Мәмлекетимиз басшысы оның ушын судлар ҳәм барлық тийисли шөлкемлердиң мәлимлеме системаларының интеграциясы әҳмийетли екенлигин, қолайлықларды адамлар сезиўи кереклигин атап өтти.
Бул жумысларды кеңейтиў, ҳуқық қорғаў уйымларының мағлыўматларын судлар менен нәтийжели байланыстырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Ҳәр жылы судларда 1 миллионға шамалас тартыссыз ислер де көрилмекте. Мәселен, өткен жылы пуқаралық судларда коммуналлық қарыздарлық бойынша 200 мыңға шамалас сондай жумыс көрилген. Негизинде оны нотариуста да шешсе болады. Усы көзқарастан, тартыссыз ислерди көрип шығыўды тийисли уйымларға өткериў усынысы билдирилди.
Конституцияға бола, Жоқарғы судқа нызамшылық басламасы ўәкиллиги берилген. Соған тийкарланып, исбилерменлик, инвестиция, инфраструктура, жер, салық, кредит, мийнет қатнасықлары сыяқлы ең көп ушырасып атырған мәселелерди таллап, ҳәр айда ҳүкиметке, ҳәр шеректе парламентке усыныс киргизип барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Тараўға байланыслы нызамларды халықаралық стандартларға бейимлестириў, судты және де халықшыл етиў, системаны қаржыландырыў бойынша нызамлар зәрүрлиги атап өтилди.
Экономикалық суд системасын реформалаў, бул бағдарда бирден-бир суд әмелиятын жолға қойыў мәселесине тоқтап өтилди.
Суд имаратларында адамлар ушын зәрүр шараят жаратыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Судьялардың тәжирийбесин, соның ишинде, мәлимлеме технологиялары бойынша билимин арттырыў, жас кадрларды ҳәр тәреплеме жетик етип таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.