Энергияны үнемлеў бойынша усыныслар көрип шығылды
2025-02-20 09:10:00 / Презентациялар

Бул ҳақкында 28-январьда электр энергетикасын раўажландырыў бойынша болып өткен мәжилисте тапсырма берилген еди.
Елимизде энергия қуўатлылықлары халық ҳәм экономика тармақларының өсиўшең талапларына сәйкес түрде артып бармақта. Атап айтқанда, өткен жылы 50 миллиард куб метр тәбийғый газ, 81 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарылды.
2035-жылға барып, электрден пайдаланыў ҳәзиргиден 1,7 есеге көбейиўи есап-санақ етилген. Бул талапты толық қанаатландырыў ушын тек ғана өндирис емес, үнемлилик те зәрүр.
Таллаўларға қарағанда, Өзбекстанда 1 долларлық жалпы ишки өним жаратыўға дүньядағы орташа көрсеткиштен 2,5 есеге көп энергия жумсалып атыр. Электр тармақларындағы шығынлар 14 процент, тәбийғый газде болса 7 проценттен жоқары.
Сонлықтан илимпазлар менен орынларда энергияны үнемлеў имканиятлары илимий тийкарда үйренилмекте. Бүгинги шекем 7 ўәлаятта 4,6 миллиард киловатт саат электр ҳәм 1 миллиард куб метр газди үнемлеў имканиятлары анықланған.
Презентацияда усындай үйрениўлер тийкарында ислеп шығылған усыныслар додаланды.
Мысалы, суў хожалығында ески насосларды заманагөйине алмастырып, жылына миллиард киловатт-саат электрди үнемлеў мүмкин. Социаллық мәкемелерде қазанханаларды жаңалаў, «жасыл» энергиядан пайдаланыў арқалы быйыл 5 миллион куб метр газ, 15 миллион киловатт-саат электрди үнемлеўге болады.
Улыўма, быйыл 1,6 миллиард куб метр газ ҳәм 3,5 миллиард киловатт-саат электрди үнемлеў белгиленген. Бул ушын ҳәр бир кәрхана ҳәм шөлкемге илимий тийкарланған илажлар жеткериледи.
Соның ишинде, ири санаат кәрханаларында бир өним бирлигин өндириўге кететуғын энергия нормасы белгиленеди. Соның өзинен энергияны жумсаў 5-10 процентке қысқарады. Социаллық объектлерде энергия үнемлейтуғын үскенелерди орнатыў бойынша мәнзилли бағдарлама тастыйықланды.
Көп қабатлы жайларда ыссылықты жақсы сақлаў ушын оларды изоляциялаў кеңейтиледи. Шаңарақларда гелиоколлектор ҳәм қуяш панелин орнатыўға арзанлатылған кредитлер бериледи. Пайдаланыўшылар Япония тәжирийбеси тийкарында энергияны үнемлеў саўатлылығы бойынша оқытылады.
Мәмлекетимиз басшысы экономиканың барлық тармақлары, социаллық тараў ҳәм турақ жайларда үнемлиликтиң зәрүрлигин атап өтти. Аймақ ҳәм тармақлар кесиминде энергия ысырапгершилигин азайтыў, талан-таражлықлардың алдын алыў бойынша қатаң көрсетпелер берилди.