Спорт – саламат халық, саламат әўладтың беккем тийкары
2025-02-14 09:05:00 / Мәжилислер

Ҳәр бир ата-ана, ҳәр бир миллеттиң нийети – физикалық ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў болып табылады. Буған болса денетәрбиясы ҳәм спортсыз ерисиўге болмайды. Спорт саламат халық, саламат әўладтың беккем тийкары.
Сонлықтан мәмлекетимиз тәрепинен бул тараўға үлкен итибар қаратылмақта. Қейинги төрт жылда бюджеттен спортқа ажыратылып атырған қаржы 1,5 триллион сумнан 3 триллион сумға көбейди. тренерлердиң орташа айлығы 2 есеге көбейди. 101 ири спорт объектлери қурылды, 67си реконструкцияланды. Спортшыларымыздың Париж Олимпиадасында ерискен табыслары бул реформалардың айқын нәтийжелери болды.
Енди 2028-жылы Лос-Анджелесте болатуғын Олимпиада ойынларында күшли онлыққа кириў мақсет етилген. Бул ушын таярлықты күшейтиў, спорт федерацияларын раўажландырыў зәрүр.
Мәжилисте бул мәселелер 26 спорт федерациясы ҳәм аймақлар кесиминде талланды.
Мәселен, соңғы Олимпиада ойынларында 48 бағдарламадан ибарат жеңил атлетика бойынша 5, 49 суў спорты бағдарламасынан тек 4 лицензия алынған. Қарақалпақстан, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган ҳәм сырдәрьялы спортшылар төмен нәтийже көрсеткен.
Сонлықтан қәбилетли жасларды табыў, олимпиада спорт түрлерине таярлаў, оларды ҳәм тренерлерди хошаметлеў бойынша жаңа система жолға қойылыўы белгиленди. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда бир қатар басламаларды алға қойды.
Бәринен бурын, олимпиада ҳәм паралимпиада ҳәрекетин раўажландырыў, селекция системасын жақсылаў мақсетинде Олимпиада комитетиниң аймақлық бөлимлери дүзилди. Миллий Олимпиада комитетиниң баслығы Президент болғанындай, аймақлық бөлимлерге ўәлаят ҳәкимлери басшылық етеди.
Олар ҳәр бир федерация менен бирге, Олимпиада ойынларына таярлық дәўири бойынша стратегия ислеп шығады. Бул ушын зәрүр шараят ҳәм инфраструктураға 300 миллиард сум қаратылады.
Сондай-ақ, сырт елден алдыңғы тәжирийбелерди, грантлар тартыў илажлары көриледи. Спортшы ҳәм тренерлер сырт ел спорт академияларында оқытылады. Алдыңғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларының нәтийжесине қарай, спорт түрлери үстинлиги бойынша 3 категорияға ажыратылады.
Аймақлардағы 310 спорт мектеби миллий сайланды командалардың селекция базасына айланыўы керек екени атап өтилди. Оларға жаңа методика ҳәм қатнаслар енгизиледи.
Олимпиада спорт түрлерине сәйкеслендирилген 56 спорт мектеби миллий сайланды командаларға тийкарғы резерв болады. Оларда аймақлардан сайлап алынған жаслар индивидуал реже тийкарында мақсетли таярланады.
Сондай-ақ, жылына еки мәрте аймақларда олимпиада спорт түрлери бойынша «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» жарыслар системасы жолға қойылады. Район ҳәм ўәлаят жеңимпазларын ҳәкимлер хошаметлеп барады. Ўәлаят басқышы жеңимпазлары ҳәр жылы декабрьде Олимпиада қалашасында өткерилетуғын «Президент Олимпиадасы»нда қатнасады.
Жарыс жеңимпазлары жай, автомобиль сыяқлы баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Биринши ҳәм екинши орынды алған спортшылар Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайына қабыл етиледи. Онда 1-2-курс оқыўшыларына стипендия төлеў жолға қойылады.
Президентимиз жарысларда жоқары нәтийже көрсеткен спортшы ҳәм сайланды команда тренерлери қатарында спортшыларды жетистирген биринши тренерлерди хошаметлеў зәрүрлигин атап өтти.
Мәжилисте параспорт имканиятларына айрықша тоқтап өтилди.
Бурын бул категориядағы жасларға тек ғана 33 мектепте спорт дөгереклери болған, бүгин бундай мектеплердиң саны 235 ке жетти. Параспорт пенен турақлы шуғылланыўшылар 4 есеге көбейип, 7 мыңнан асты.
Енди Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети менен биргеликте майыплығы болған жасларды спорт пенен қамтып алыў, нәтийжелиликти тәмийинлеў бойынша илимий методика ҳәм стандартлар ислеп шығылады. Оның Ташкенттеги филиалында адаптив спорт бойынша өз алдына факультет ашылады.
Сондай-ақ, аймақлардағы 39 мектеп параспорт түрлерине қәнигелеседи. Бундай жасларды, әсиресе, майыплығы болған қызларды имканиятына қарай, басқа да саламат спорт топарларында да шуғылланыўына шараят жаратылады. Тренерлерге маманлық сертификатын бериў ҳәм оларды қайта таярлаў системасы жеңиллетиледи.
Параспорт түрлери бойынша сайланды командаларды қәлиплестириў тәртиби де өзгертиледи. Буннан кейин жаслар тек ғана жарыстағы нәтийжесине қарай емес, ал спорт нормативлерин орынлаўына қарай да сайланды командаға қабыл етиледи. Бунда майыплығы болған спортшылардың көрсеткишлерин мониторинг етип баратуғын өз алдына онлайн платформа болады.
Жарыс ҳәм спорт илажларын шөлкемлестириўде олимпиада ҳәм паралимпиада системасына өтиледи. Яғный, қай жерде чемпионат болса, оның менен қатар параспорт жарыслары да өткериледи, илажлар да биргеликте шөлкемлестириледи. Бул ҳақыйқый инклюзив системаға айланады, майыплығы бар спортшылар ушын исеним ҳәм хошамет болады.
Спорт тараўында да жеке секторға кеңнен жол ашылатуғыны атап өтилди. Енди жеке меншик спорт клубларының бирден-бир реестри жүргизиледи, олардың жумысы бойынша нормалар жаратылады. Қамтыў дәрежесине қарай, клубларға бийпул спорт инвентарьлары ажыратылады. Жеке тренерлерге өзин-өзи бәнт етиў ҳуқықы бериледи.
Әҳмийетлиси, жеке меншик клублардағы жаслар барлық жарысларда өзиниң атынан қатнасыўы мүмкин болады ҳәм нәтийжесине қарай, сайланды командаларға қабыл етиледи.
Спортшыларды табыў, сайлап алыў ҳәм таярлаў процесине санластырыўды кеңнен енгизиў, әдилликти тәмийинлеп, қәбилетли жасларды жүзеге шығарыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилисте ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Өткен жылы жарысларға жасларды қамтыў дерлик 10 миллионға жеткен. Бирақ үлкен жастағы инсанлардың спортқа қатнасыўы аз.
Сонлықтан, енди мәҳәллелерде ғалабалық физикалық белсендилик илажлары өткериледи, бул бойынша рейтинг жүргизиледи. Жылдың жуўмағы менен ең белсенди шаңарақларға шынығыў үскенелери бериледи, ең жақсы мәҳәллелерде спорт майданшалары қурылады.
Оқыўшыларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде ҳәр бир мектепте жеке гүрес ҳәм командалық олимпиада спорт түрлери бойынша дөгереклер ашылады.
Мектеплер арасында олимпиада спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестириледи. Ең жақсы нәтийже көрсеткен оқыўшылар селекция етилип, мектеплер болса керекли спорт инвеньтары менен тәмийинленеди. Нәтийже көрсеткен денетәрбиясы муғаллимлери өз алдына хошаметленеди.
Елимизде 700 мыңнан аслам студентлер бар екени атап өтилип, олар арасында спортқа қызығыўшылықты күшейтиў, қамтыўды кеңейтиў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Халықты саламат турмыс тәризине үйретиўде тек ғана спорт емес, ал дурыс аўқатланыў да әҳмийетли. Үйрениўлерге қарағанда, халықтың 44 проценти физикалық белсенди емес, 36 проценти дурыс аўқатланыў қағыйдаларына әмел етпейди. Масақлы ҳәм дәнли өнимлерден, мийўе-овощлардан пайдаланыў аз. Тез таяр болатуғын ҳәм қурамында канцероген затлар жоқары болған өнимлердиң саўдасы көбейген. Булар ҳәр қыйлы кеселликлерге ҳәм ерте өлимге себеп болмақта.
Сонлықтан «Саламат инсан – саламат миллет» идеясы улыўма миллий ҳәрекетке айландырылатуғыны атап өтилди. Бул ушын саламат аўқатланыў ҳәм физикалық белсендиликти үгит-нәсиятлаўды ҳәр бир шаңараққа алып кириў керек екени айтылды.
Мәжилисте тараў жуўапкерлери, ҳәкимлер ҳәм спортшылар менен сөйлесиў өткерилди.