Бәнтлик ҳәм инвестиция тараўлары бойынша мәлимлеме берилди
2025-02-03 18:05:00 / Презентациялар
Бул бағдарда декабрь ҳәм январь айларында өткен мәжилислеринде үлкен ўазыйпалар белгиленген еди. Мәмлекетимиз басшысы «2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўда ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болады» деп атап өтти.
Атап айтқанда, быйылғы жылы 5 миллион 200 мың халықты бәнт етип, 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў, 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартып, экспортты 30 миллиард доллардан арттырыў режелестирилген.
Мәжилисте бул бағдарда басланған жумыслар ҳәм дәслепки нәтийжелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Январь айында 277 мың пуқара жумыслы болған. Соннан 91 мыңы турақлы жумысқа жайласқан, 153 мыңы исбилерменликке тартылған.
Кәмбағаллықты қсықартыў бойынша 32 бағдарда жаңа процессслер енгизилмекте. Жақында министрлик ҳәм ҳәкимликлердеги қәнигелерден ибарат топарлар Қытайға барып, тәжирийбе алмасып келди. Енди орынлардағы имканиятлар халыққа түсиндирилип, дәрамат табыўға жәрдем бериледи.
Жумыс орынлары ҳәм инвестиция өз-ара байланыслы. Быйыл дерлик 14 миллиард долларлық 8 мың жойбарды әмелге асырып, 272 мың турақлы жумыс орнын жаратыў режелестирилген.
Дәслепки есап-санақларға бола, өткен айда елимизге 3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы келген. Февраль айында да сонша инвестиция алып келиў, 623 жойбарды иске түсириў нәзерде тутылған.
Мәжилисте жойбарлар бойынша мәнзилли ислесип, пәтти кескин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жыл басынан берли экспорттың көлеми 1 миллиард 300 миллион долларға жеткен. Жуўапкерлерге сырт елли бирге ислесиўшилер менен ислесип, исбилерменлерге сыртқы базарларға шығыўға жәрдем бериў, жаңа кәрханаларды экспортқа тартыў бойынша тапсырмалар берилди