Жоқары дәраматлы егинлер жетистириў бойынша жаңа басламалар алға қойылды
2025-01-30 16:15:00 / Мәжилислер
Искерлик ҳәм структуралық өзгерислер себепли аўыл хожалығы майданларынан мол өним алынбақта. Соның менен бирге, басқа жерлерди де «экономикалық актив»ке айландырыў, адамларды жумыслы етип, дәраматын арттырыў илажлары көрилмекте.
Мысалы, 5 миллионнан аслам шаңарақта 508 мың гектар қыйтақ жер, алдын шөлкемлестирилген дийқан хожалықларында 17 мың гектар ҳәм соңғы жыллары халыққа тарқатылған 260 мың гектар жер бар. Бул азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде ең үлкен резерв.
Өткен 7 жылда қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықларын қоллап-қуўатлаў ушын жәми 2,3 триллион сум жеңилликли кредит ҳәм 265 милллиард сумлық субсидия берилген. Адамлардың көнликпесинен келип шығып, 5 мың 145 мәҳәлле мийўе-овощ жетистириў, көк шөплер, лимон жетистириў сыяқлы бағдарларға қәнигелестирилген.
Ең тийкарғысы, адамлар жерде ислеўди, заманагөй агротехнологияларды қолланыўды жақсы үйренди. Алдыңғы қыйтақ жерде гектарынан орташа 18 тонна өним алынған болса, ҳәзирги күнде бул 2 есеге артып, 38 тоннаға жетти.
Мәҳәллелерде қосымша 470 мың тонна мийўе-овощты сақлаў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеў қуўатлылықлары жаратылды. Бул бағдарда жақсы тәжирийбе жаратқан район ҳәм мәҳәллелер жүдә көп. Асака Жандор, Шаҳрисабз, Үйчи, Қизилтепа, Янгийул, Тайлақ, Ангор, Қува, Алтиариқ сыяқлы онлаған районларда адамлар қыйтақ жерден 2-3 мәрте өним алып, бир сотыхтан орташа 15-20 миллион сум дәрамат таппақта.
Бундай жумысларды басқа орынларда да раўажландырыў ушын халық, қайта ислеўшилер ҳәм экспортшылардың усыныслары үйренилди.
Мысалы, самарқандлы бағманлар жүзим нәлин шпалерге өткериў ушын субсидия бериўди сораған. Бундай усылда өним 2 есеге артады. Бул қоллап-қуўатланып, ҳәр бир шпалер ушын 15 мың сумға шекемги субсидия ажыралатуғын болды. Сондай-ақ, кишмишти аспа усылда кептириў үскенелери ушын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде жеңилликли кредит берилиўи айтылды.
Сурхандәрья ўәлаяты Денау районындағы Тасмасай мәҳәллесинде 875 шаңарақ қыйтақ жеринде цитруслы мийўе нәли менен лимон жетистирип, ҳәр бири жылына 200 миллион сумға шекем дәрамат алмақта. Сариосиё ҳәм Алтынсайдағы мыңнан аслам шаңарақлар да “хандак” ҳәм “термос” усылында лимон жетистириў басламасын билдирген.
Янгийулли дийқанлар да өзимиздиң нәл туқымлары жоғалып кеткени, сапалы сорт жетиспейтуғынлығын айтқан. Булар бойынша жағдайды оңлаў, халықтың басламаларын әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы қыйтақ жер ҳәм дийқаншылық жерлеринде жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа қолайлы егинлер егиў, олардың есабатын жүргизиў ҳәм қаржыландырыў бойынша жаңа басламаларды мәлим етти.
Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жерди раўажландырыў бойынша өз алдына кеңес дүзиледи. Ол халықты оқытыўдан баслап, туқым, нәл жеткериў, өним жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспортқа шығарыў шынжырын жаратыў менен системалы шуғылланады.
Усы кеңести басқаратуғын «Өзагростар» холдинг компаниясы шөлкемлестириледи. Усы холдинг қурамында мийўе-овощлар жетистириў бағдарларында қәнигелескен 15 компания ашылады. Бул компаниялар мийўе-овощ жетистириў бойынша өз брендин жаратқан 15 драйвер районды жаңа басқышқа алып шығып, олардың тәжирийбесин және 72 районда ғалаба ен жайдырады.
Ҳәр бир компанияға бюджеттен 20 миллиард сумнан қаржы ажыратылады. Буған қосымша банклер де өзлери жуўапкер болған қәнигелескен компанияға 10 миллион доллардан береди. Қыйтақ жер кеңесинде өз алдына қор шөлкемлестирилип, дәслепки басқышта 260 миллиард сум қаржы ҳәм 1,2 триллион сумлық кредит портфели бериледи.
Соның есабынан банк басшылары бириктирилген районлардағы қәнигелескен мәҳәллелер халықты өзине қарыйдар етип, қаржы менен тәмийинлейди. Қыйтақ жерде өнимди көбейтиў ушын сырт елден жаңа технологиялар ҳәм экспертлер алып келеди. Шаңарақларға өнимдарлы туқым ҳәм нәл, сапалы төгин жеткериў, агротехникалық хызметлер көрсетиў, өнимди қайта ислеў, сақлаў ҳәм экспорт етиўде жәрдемлесетуғын система шөлкемлестириледи.
Туқымгершилик институтлары менен бирге ислесиў раўажландырылады.Таңлап алынған районларда “жасыл” ыссыханалар шөлкемлестириледи.
Улыўма, халықтың қыйтақ жеринде азық-аўқат жетистириўди қаржыландырыў ушын дерлик 5 триллион сум қаратылатуғыны белгиленди.
Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша имканиятлар жаратылады.
Соның ишинде, мәҳәлле ҳәм шаңарақларда музлатқыш, қадақлаў, кептириў, қайта ислеў, қоймаханалар ҳәм ыссыханалар қурылып, халыққа 5 жылда бөлип төлеў шәрти менен таяр ҳалда бериледи. Қыйтақ жер хызметлерин жолға қойған исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 17,5 процентлик жеңилликли кредит ажыратылады. Халық ҳәм дийқанлардың ең үлгили жойбарлары ушын ҳәр жылы 20 миллиард сумлық грантлар жәрияланады. Онда 500 мәҳәлледеги ең зор жойбарға 40 миллион сумнан грант бериледи.
Соның менен бирге, мәҳәлледе экспортқа қолайлы өним жетистириўди жолға қойып берген шебер-дийқанларға 100 миллион сумға шекем, қысқа мүддетли оқыў курсын шөлкемлестиргенлерге 5,5 миллион сум субсидия ажыратылады. Суў тәмийнаты аўыр жағдайларда жаўын суўын топлаў ҳәм сақлаў сыйымлығын қурыў қәрежетиниң ярымы қаплап бериледи.
Және бир жаңалық- Аўыл хожалығы қорынан мийўе-овощ жетистириў ҳәм қайта ислеў жойбарларына кредит ажыратыўда гиреў талап етилмейди. Бунда қамсызландырыў полисиниң өзи жетерли болады. Дийқанларға артықша ҳүжжетлерсиз жеңилликли кредит бериледи.
Қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалығы жерлери, оларда жетистирилген өниминиң есабын жүргизиў бойынша да жаңадан система болады. Буның ушын жыл ақырына шекем қыйтақ жерлер ҳәм егислик жерлери өз алдына классификацияланады. Оларда нелер егилгени “онлайн мәҳәлле” платформасына киргизиледи.
Жерден нәтийжели пайдаланып, бир сотыхта 5 миллион сумнан жоқары рәсмий түрде дәрамат алып атырған дийқанларға жер салығының 90 проценти “кэшбек” сыпатында қайтарып бериледи. Керисинше, қыйтақ жерине егин екпегенлерден жер салығы арттырылған муғдарда өндириледи.
Ҳәзирги күнде бул тараўда “санлы базар” болмағаны ушын дийқанлар мийўе-овощына қарыйдар, қайта ислеўши ҳәм экспортшылар болса өним излеп жүрипти. Сол себепли оларды өз-ара байланыстыратуғын “маркет плейс” иске қосылады.
Соңғы үш жылда 260 мың гектар жер халыққа бөлип берилген еди. Енди бул жетилистирилип, Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Жиззақ, ҳәм Ташкент ўәлаятында бос турған 3 мың 300 гектар жер тәжирийбе тийкарында жаңа тәртипте ижараға бериледи. Онда контурлар 3 гектардан 50 гектарға шекем пүтин ҳалда саўдаға қойылып, 49 жылға ижараға бериледи.
Ең әҳмийетлиси, бул жерлердиң топырақ қурамы ҳәм сапасы талланып, кепилликли суў лимитин ең төмен ҳәм жоқары шеклери көрсетилген ҳалда аукционға қойылады. Онда, тек ғана усы аймақтағы емес, ал басқа ўәлаятдағы исбилерменлер де қатнасып, жер алыўы мүмкин болады. Аукцион басланғыш баҳаны төменлетип барыў ҳәм бир мәрте төлеў шәрти менен өткериледи. Ол жерлердиң бил бөлегине сақлаў ҳәм қадақлаў қуўатлылықларын қурыўға да руқсат бериледи.
Келеси жылдан аўыл хожалығы жерлери ушын салық есаплаў тәртиби де өзгереди. Ижараға берилген жердиң балл-бонитети артса, төленетуғын салық өзгермейди, керисинше түсип кетсе, салық ставкасы 3 есеге артады.
Елимизде ең көп пайдаланылатуғын өнимлерден бири картошка болып есапланады. 290 мың гектарда егилсе де, талаптың бир бөлегине импорттан қапланбақта. Негедур сорт ҳәм өнимдарлық жақсы емес.
Сол себепли Картошкашылық илимий-изертлеў институтына климатқа бейимли, өнимдарды сортларды жаратыў, “ин-витро” усылында жылына 3 миллион түп түйнеклер жетистирип, тарқатыў ўазыйпасы қойылды.
Быйыл картошкашылықты раўажландырыў ушын аўыл хожалығы қорынан 400 миллиард сум қаратылады. Импорт етилген ҳәм жергиликли жетистирилген туқымлық картошканы сатыўда қосымша қун салығының 50 проценти “кэшбек” сыпатында қайтарып бериледи. 2027-жылдан картошкаға талап толық ишки имканият есабынан қапланыўы режелестирилген.
Сондай-ақ, өним жетистириў ҳәм қайта ислеў ушын техникалар жеткерип бериў, дийқанларға қолайлы лизинг өнимлерин бериў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы аймақлардағы шебер дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелери менен сөйлести. Олардан бири –үйи алдындағы ыссыханада жылына 4 мәрте өним алып, жоқары дәрамат алып атырған қарақалпақстанлы Генжемурат Турдымуратов “Дўстлик” орденине ылайық көрилди.
Жуўапкерлер ҳәм банк басшылары бул жаңа басламаларды енгизиў, 1 миллион 500 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәлимлеме берди.