Электр энергетикасын раўажландырыў илажлары көрип шығылды
2025-01-29 10:00:00 / Презентациялар
Кейинги сегиз жылда электр ислеп шығарыў 38 процентке артып, 81,5 миллиард киловатт саатқа жетти. Жеке меншик секторға кең жол ашылғаны себепли 11,2 гигаваттлы қосымша қуўатлылық жаратылды. Нәтийжеде бул сектордың генерациядағы үлеси 24 процентке, «жасыл» энергияның үлеси болса 16 процентке жетти.
Усы дәўирде халықтың дәраматы 1,6 есеге өскени, жаңа түрдеги турмыслық техникалардан пайдаланып атырғаны себепли шаңарақларда электрден пайдаланыў 21 миллиард киловатт сааттан артты. Бул 2016-жылғыдан 2 есеге көп.
2030-жылға барып мәмлекетимиздиң халқы 41 миллионға жетиўи экономикамыз болса 1,5 есеге өсиўи күтилмекте. Усыған сәйкес түрде, санаатта 45 миллиард долларлық қосымша қун жаратыў, хызметлердиң көлемин 3 есеге арттырыў, ири Мағлыўматлар орайларын иске қосыў нәзерде тутылған.
Оның ушын, бәринен бурын, турақлы электр тәмийнаты зәрүр. Есап-санаққа муўапық, 2030-жылы 117 миллиард киловатт саат, 2035-жылы болса 135 миллиард киловатт саат электр энергиясы талап етиледи. Яғный, ҳәзиргиден 1,7 есеге көп.
Мәжилисте энергетика министри усы мақсетке қаратылған узақ мүддетли бағдарламаны таныстырды.
Атап өтилгениндей, яғный электр станциялары ҳәм энергия сақлаў қуўатлықлары қурылады. Оларды системаға қосыў ушын 7 мың километр магистрал тармақ қурылып, санластырылған басқарыў енгизиледи. Бул арқалы аймақларда энергия балансы тәмийинленеди. Бир ўәлаятта электр жетиспеўшилиги болса, басқа жерде қосымша қуўатлылықлар иске қосылады. Бул жумыслар ушын келеси бес жылда «Өзбекстан миллий электр тармақлары»на 4 миллиард долларлық инвестиция киргизиў талап етиледи.
Және бир әҳмийетли мәселе – электр энергиясының өзине түсер баҳасын азайтыў. Оның факторы альтернатив дереклерди көбейтиў болып есапланады. Сырт ел экспертлери де Өзбекстан шараятында «жасыл» энергия имканиятларының көп екенлигин айтпақта.
Соннан келип шығып, 2030-жылға барып улыўма генерацияда «жасыл» энергия үлесин 50 проценттен арттырыў нәзерде тутылған. Соның ишинде, 3 мың микроГЭСте 164 мегаватт, қуяш ҳәм самал қурылмалары есабынан 750 мегаватт қуўатлықларды иске қосыў режелестирилген.
Күни кеше мәмлекетимиз басшысы ресурс үнемлеўши экономика моделине өтиў ўақты келгенин атап өтти.
Атап айтқанда, санаатта энергия нәтийжелилиги арқалы қосымша 27 процент жалпы ишки өним жаратыў имканияты бар. Ҳәзир химия ҳәм металлургия бойынша айырым жергиликли кәрханаларда энергияның жумсалыўы дүньядағы орташа көрсеткишке салыстырғанда 2 есеге, цемент ислеп шығарыўда болса 1,2 есеге жоқары.
Сонлықтан, ҳәр бир тармақ кесиминде энергияны 10-15 процент жумсаў, 2030-жылда электр энергиясының шығынларын ҳәзирги 14 проценттен 8-9 процентке шекем түсириў ўазыйпа етип алынбақта.
Сырт ел инвесторлары менен және 26 миллиард долларлық 24 гигаваттлық жойбарлар бойынша жумыслар басланған. Оларға көп муғдарда үскене ҳәм қурылыс материаллары ислетиледи. Бул елимиз кәрханалары ушын үлкен имканият екени, жойбарларда локализациялаў ҳәм кооперацияны раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тутыныўшыларға турақлы ҳәм үзликсиз электр жеткерип бериў, тараўда кадрлар таярлаўды раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Жуўапкерлерге булардың барлығын инабатқа алып, электр энергетикасы тараўын 2035-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасын таярлаў тапсырылды.