Қарақалпақ миллий саз әсбабы қобыз ЮНЕСКО дизимине киргизиледи
2023-10-03 10:00:00 / Jańalıqlar

Бул илаж «Миллий саз әсбабы болған қобыз соғыў ҳәм жыраў атқарыўшылық дәстүрин асығыслық пенен қорғаў» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди. ЮНЕСКОның 2003- жылғы Конвенциясының материаллық емес мәдений мийрас фонды тәрепинен қаржыландырылған жойбардың тийкарғы мақсети, қобыз ҳәм жыраўшылық дәстүрлерин сақлап қалыў арқалы Қарақалпақстанның бийбаҳа мийрасын қорғаў, бул бойынша хабардарлықты арттырыўдан ибарат.
Атап өтилгениндей, жыраўлардың саз әсбабы болған қобыздың жаратылыўы әййемги заманларға барып тақалады. Жыраўлар қаҳарманлық дәстанларын усы әсбапда кәмине келтирип атқарған. Сонлықтанда қарақалпақ халқының миллий саз әсбабы қобызды ЮНЕСКОның дизимине киргизиў жумыслары алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың ЮНЕСКОның Өзбекстандағы турақлы ўәкили Сара Ношади менен болған ушырасыўында бир неше әсирлик мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң әжайып дүрданаларын қәстерлеп сақлаў, қарақалпақ миллий саз әсбабы есапланатуғын қобызды ЮНЕСКО дизимине киргизиў жумысларын жеделлестириў бойынша пикирлесилди.
Дәстүрий саз әсбабы болған қобыз ҳәм оның менен байланыслы жыраўшылық өнери Қарақалпақстанның материаллық емес мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги болып есапланады. Кейинги жылларда мәдений мийрастың бул түри тәжирийбели санының азайып кетиўи, жас әўладтың жеткиликсиз хабардарлығы, қунлы билимлерди сақлаў ҳәм жеткерип бериўде бир қатар машқалаларға ушырады. ЮНЕСКО бул машқалаларды сапластырыў, қобыз соғыў өнери ҳәм жыраў атқарыўшылық дәстүриниң келешегин тәмийинлеўге қатаң ҳәрекет етиў әҳмийетли деп есаплайды. Усындай мақсетти гөзлеген бул тренинг бағдарламасы музыка ҳәм материаллық емес мәдений мийрас қәнигелерин, жергиликли халықты, усталарды ҳәм басқа да тийисли тәреплерди Қарақалпақстанның белгиленген материаллық емес мийрас элементлерин ҳүжжетлестириў ушын керекли билим ҳәм көнликпелер бойынша оқытыў арқалы оларды инвентаризациялаў потенциалын көтериўге қаратылған.
Тренингтиң даўамы сыпатында усы жылдың 4-10-октябрь күнлери аралығында республикамыздың аймақларында изертлеў жумыслары алып барылады. Бул илаждың мақсети қобыз ҳәм жыраўшылыққа байланыслы материаллық емес мәдений мийрас элементлерин анықлаў, оларды есапқа алыў ҳәм ҳүжжетлестириў болып табылады. Бул изертлеў жумысларының материаллық емес мәдений мийрасты орынларда инвентаризациялаў бойынша әмелий тәжирийбе менен тәмийинлеў, сондай ақ, бул мәдений дәстүрлерди ҳүжжетлестириў ҳәм қорғаў жумысларына үлес қосыў мақсетлерин өз ишине алады.
ЮНЕСКО Өзбекстанда материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў ҳәм оның әҳмийетлилиги ҳаққында хабардарлықты жергиликли, мәмлекетлик ҳәм халықаралық дәрежеде арттырыў жумысларын әмелге асырады. Бул бағдарда халықаралық, регионаллық ҳәм мәмлекетлик шериклер менен тығыз бирге ислесиўди даўам етеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.