«Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўы ушын атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў перспективалары: халықаралық ҳәм миллий тәжирийбе» темасындағы халықаралық конференция қатнасыўшыларына
2024-12-05 15:50:00 / Анонслар
Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳәм оны раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерине бағышланған халықаралық әнжуманның барлық қатнасыўшыларын шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Мине, усындай әҳмийетли ҳәм абырайлы форумды мәмлекетимизде өткериў басламасын жақсы қоллап-қуўатлағаны ҳәм жеке өзи қатнасып атырғаны ушын Атом энергиясы бойынша халықаралық агентлик бас директоры Рафаэль Гросси мырзаға айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Усы әнжуманның әзелден Шығыс ҳәм Батысты байланыстырып келген, бүгинги күнде халықаралық бирге ислесиў бағдарындағы ең әҳмийетли мәселелер бойынша глобал көлемде нәтийжели сөйлесиў орайына айланып баратырған әййемги Самарқанд қаласында өткерилип атырғанлығы бизге айрықша қанаатланыўшылық бағышлайды.
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Климат өзгерислериниң унамсыз тәсири ҳәм дәстүрий энергия дәреклериниң жетиспеўшилиги айқын сезилип атырған ҳәзирги шараятта тыныш атом турмыстың сапасын арттырыў ҳәм миллий раўажланыў стратегияларын әмелге асырыўда әҳмийетли альтернатив шешим болып есапланады.
Усы мәнисте, өткен жылы Дубай қаласында өткерилген КОП28 Климат саммитинде көплеген мәмлекетлер жетекшилериниң қоршаған-орталыққа углеводород энергетикасы дәреклериниң унамсыз тәсирин кескин азайтыў мақсетинде 2050-жылға барып атом электр энергетикасы қуўатлылықларын үш есеге арттырыў бойынша ерискен әҳмийетли келисимлери бийкарға емес, әлбетте.
Мәмлекетимизди исенимли, қәўипсиз, экономикалық нәтийже ҳәм экологиялық таза энергия дәреклери менен тәмийинлеў – Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында жетекши орын ийелеп келмекте.
Биз тараўдың ҳуқықый-институтционаллық тийкарын беккемлеў ушын Миллий агентлик шөлкемлестирдик, Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққындағы нызам, Атом энергиясын раўажландырыў бойынша узақ мүддетли концепция, кадрлар потенциалын беккемлеўге қаратылған стратегияны қабыл еттик. Тараў ушын жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў системасын енгиздик.
Елимиз жер жүзинде бириншилерден болып, халықаралық талап ҳәм стандартларға муўапық, киши қуўатлылықтағы атом электр станцияларын қурыўға киристи. Биз бул жойбарларды, буннан тысқары, денсаўлықты сақлаў ҳәм бир қатар илимий бағдарламаларды табыслы әмелге асырыўда МАГАТЭни өзимиз ушын әҳмийетли шерик деп билемиз.
Әлбетте, атом энергиясы бойынша алдыңғы технологиялардың енгизилиўи мәмлекетимиздиң раўажланыўына күшли түртки береди ҳәм жаңа илимий-технологиялық қолланбалар ҳәм инновациялық экономикаға өтиў ушын имканият жаратады.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Бул әнжуман тараўда топланған билим ҳәм тәжирийбелерди өз-ара алмасыў, кең көлемли бирге ислесиў орнатыў ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде тыныш атомнан нәтийжели пайдаланыў бойынша анық усыныс ҳәм әмелий усыныслар ислеп шығыў ушын оғада керекли сөйлесиў майданы болып хызмет ететуғынын айрықша атап өтпекшимен.
Конференция күн тәртибине тараўдағы жумысын МАГАТЭ менен муўапықластырылған ҳалда АЭСлер қурыў, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, ядро технологияларын раўажландырыўдың экологиялық тәреплери сыяқлы оғада әҳмийетли мәселелер киргизилген. Сондай-ақ, инновациялар, ядролық медицина, тараўда билимлендириўди раўажландырыў ҳәм маман кадрлар таярлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылады, деп исенемен.
Әнжуман даўамында додаланатуғын барлық идея ҳәм басламалар усы әҳмийетли тармақта өз-ара сөйлесиўди ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, энергетикалық қәўипсизликти беккемлеў, мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Өзбекстан барлық сырт елли бирге ислесиўшилер менен усы тийкарғы бағдарда тығыз бирге ислесиўге ҳәр қашан таяр.
Бәршеңизге денсаўлық, уллы жумысыңызда үлкен жетискенликлер, әнжуман жумысына болса табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти