Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылары кеңесиниң тоғызыншы жыллық мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи
2024-09-26 09:30:00 / Анонслар
Сизлерди Өзбекстан үлкесинде, тарийхый ҳәм ҳәмийше нәўқыран Самарқанд қаласында көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилиси регионымызда биринши мәрте өткерилмекте. Бул абырайлы әнжуманның гезектеги, тоғызыншы мәжилиси ушын Өзбекстанның таңланғанын биз өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған бирге ислесиўимиздиң жоқары үлгиси, деп билемиз.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары Жаңа Өзбекстан әҳмийетли глобаллық ҳәм регионаллық мәселелерди додалаў, оларға нәтийжели шешимлер табыў ушын халықаралық сөйлесиў майданына айланып бармақта.
Бүгинги әнжуманымызда дүньяның 100 ден артық мәмлекетлеринен 2 мыңға шамалас ўәкиллер қатнаспақта. Сизлер мәмлекетимиздеги жедел реформалар, қолайлы инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығы менен жақыннан танысып, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеп аласыз.
Соның менен бирге, елимиздиң бай тарийхы ҳәм заманагөй көринисин өзинде жәмлеген Самарқанд қаласы ҳәммеңизде умытылмас тәсир қалдыратуғынына исенемен.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Ҳеш кимге сыр емес, дүньядағы белгили жағдай күнделикли турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып үлгерди. Ҳәзирги ўақытта дүньядағы қурамалы геосиясий жағдай, глобал экономикадағы турақсызлық, азық-аўқат ҳәм энергия ресурсларының жетиспеўшилиги, кәмбағаллық, экология машқалалары күн сайын өткирлесип бармақта. Мәселен, орташа глобал температура 2040-жылға шекем 1,5 дәрежеге артыўы прогноз етилген еди. Бирақ ҳәзирги жағдайда бул жағдай 2030-жылда-ақ жүз бериўи мүмкин екенлиги бизди үлкен қәўетерге салмақта.
Дүнья халқының төрттен бир бөлеги таза ишимлик суўы машқаласына дус келмекте. Климат өзгериўи пәтлериниң тезлисиўи ақыбетинде азық-аўқат тамтарыслығы глобал қәўипке айланды. Нәтийжеде дүньяда 800 миллионға шамалас халық оғада аўыр кәмбағаллық шараятында жасамақта.
Ҳәр қыйлы регионларда ҳәўиж алып атырған тартыслар себепли дәстүрий логистика бағдарлары пүткиллей өзгермекте. Өним жеткериў шынжырындағы үзилислер шийки зат ҳәм тутыныў товарларының қымбатлаўына себеп болмақта.
Булардың барлығы – ҳәзирги инфраструктураға болған жүклемени кескин арттырады ҳәм глобал экономикалық раўажланыўға үлкен тосқынлық болады. Экспертлердиң пикирине бола, 2030-жылға шекем дүньяда жаңа инфраструктура ушын 15 триллион доллар инвестиция талап етиледи.
Сондай-ақ, сырт ел инвестицияларының ағымы соңғы еки жылдан берли 10 проценттен азаймақта, дүньяда қаржы ресурслары дерлик 2 есеге қымбатлады.
Олар барлық мәмлекетлердиң турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўин қыйынластырмақта.
Бундай шараятта глобал қәўип-қәтерлердиң ақыбетлерин жумсартыў, турақлы өсиў халықтың турмыс шараятын жақсылаўда халықаралық қаржы шөлкемлериниң роли және де артып бармақта. Бул бағдарда Азия инфраструктуралық инвестициялар банки қысқа дәўир ишинде 55 миллиард долларлық жойбарлар портфели менен тек ғана регионда емес, ал дүнья көлеминдеги ең абырайлы қаржы шөлкемлеринен бирине айланғанын айрықша атап өтиў керек.
Әзиз дослар!
Соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанда артқа қайтпас түрге енген реформалар ҳәм түпкиликли өзгерислер жедел әмелге асырылмақта. Биз экономиканы либералластырыў, халқымыздың турмыс дәрежеси ҳәм абаданлығын жоқарылатыўға тийкарғы итибар қаратамыз.
Өткен дәўирде жалпы ишки өнимимиз көлеми 2 есеге көбейип, биринши мәрте 100 миллиард доллардан асты. Келеси бес жылда бул санды 160 миллиард долларға жеткериўди режелестиргенбиз.
Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – мәмлекетимизди халқының дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына алып шығыў болып есапланады. Бул мақсетлерге ерисиў ушын алдымызға үлкен-үлкен шеклерди қойғанбыз.
Биринши. Биз төрт жыл ишинде мәмлекетимиздеги кәмбағаллық дәрежесин 23 проценттен 11 процентке түсириўге еристик.
Быйыл бул көрсеткишти 9 процентке шекем, 2030-жылға шекем болса 2 есеге төменлетеўди мақсет еткенбиз.
Бизиң реформаларымыздың тийкарында исбилерменликти жедел қоллап-қуўатлаў, адамларымыз ушын барлық тараўларда жаңа жумыс орынларын ҳәм дәрамат дәреклерин көбейтиўдей тийкарғы ўазыйпа жәмленген.
Соның менен бирге, халықтың сапалы билимлендириў ҳәм медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, турақ жай шараятларын жақсылаў, социаллық қорғаўды күшейтиў, ең аўыр аймақларда инфраструктура тармақларын қурыўды қамтып алған «көп өлшемли» кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасын әмелге асырмақтамыз.
Соның ушын алдыңғы сырт ел көзқараслары тийкарында ең төменги буўын – мәҳәлле дәрежесине түскен ҳалда кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Өзбекстан тәжирийбесин жараттық. Жақында экономика бойынша Нобель сыйлығының сыйлы орын ийеси мырза Абжихит Банержи «Өзбекстандағы мәҳәлле системасы ҳәр бир мүтәж шаңарақты кәмбағаллықтан алып шығыў бойынша өзиниң теңсиз рецептине ийе», деп атап өткени де бийкарға емес.
Екинши. Инсан капиталын раўажландырыўды мәмлекетимиздиң турақлы ҳәм узақ мүддетли экономикалық өсиўиниң беккем тырнағы, деп билемиз.
Бул бағдарда кейинги сегиз жылда мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў көлемин 27 проценттен 74 процентке арттырдық.
Жаңа мектеплер қурылып, қосымша 800 мың оқыўшы орны жаратылды. Жоқары оқыў орынларының саны 200 ден артып, қамтып алыў 9 проценттен 38 процентке жетти.
Келеси 3-4 жылда мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды кеминде 80 процентке жеткериўди мақсет еткенбиз. Оның ушын жеке меншик сектор менен бирге 240 мың орынлық бақшалар қурылады.
Сондай-ақ, келеси жылдан баслап мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ҳәр жылы барлық қала ҳәм аўылларда ең алдыңғы стандартларға сәйкес келетуғын 100 ден жаңа мектеплерди иске қосыўды режелестирдик. Оған келеси жыллары 2 миллиард доллар инвестиция киргиземиз.
Биз билимлендириўдеги жойбарларды халықаралық қаржы шөлкемлери менен бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдары сыпатында белгилеп алыўды усыныс етемиз.
Үшинши. Есап-санақларға бола, Өзбекстанда энергетика, суў, транспорт, 85 ҳәм басқа да инфраструктураларды жақсылаў ушын жыллық мүтәжлигимиз жалпы ишки өнимниң 10 процентине тең.
Усы мәниде, бүгинги әнжуман «Ҳәмме ушын турақлы инфраструктура жаратыў» темасында өткерилип атырғанын алғыслаймыз.
Бул бағдарда халықаралық қаржы шөлкемлери менен тығыз бирге ислесип, үлкен тәжирийбе арттырдық. Соның нәтийжесинде бул тараўларға жеке меншик сектор жедел кирип бармақта.
Биз 2030-жылға шекем 30 миллиард долларлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў бойынша үлкен бағдарлама қабылладық. Атап айтқанда, «Ташкент-Самарқанд» ҳәм «Ташкент-Әндижан» жөнелислеринде төлемли автомобиль жоллары, «Ташкент-Самарқанд», «Самарқанд-Наўайы-Бухара» жөнелислеринде тез жүретуғын поездлар ушын жаңа темир жол қурыў жойбарлары әмелге асырылады.
Республиканың 6 халықаралық аэропортын модернизациялаўды мәмлекетлик-жеке меншик шерикликке беремиз.
Сондай-ақ, келеси бес жылда электр, суў ҳәм газ бөлистириў тармақларын басқарыў жеке меншик операторларға өтеди. Мәселен, Самарқанд ўәлаятының электр тармақларын басқарыўға алыў бойынша өткерилетуғын тендерге 50 ден аслам сырт елдеги абырайлы компаниялар өз қызығыўшылығын билдирди.
Соның менен бирге, бизде ҳәр жылы 100 мыңнан аслам квартиралы турақ жайлар қурылмақта. Мәселен, Ташкент, Самарқанд, Наманган ҳәм Әндижан сыяқлы ири қалаларымыз ҳәм қалған ўәлаятлардың орайларына жолдас «Жаңа Өзбекстан» қалашаларын қурыў бойынша үлкен жойбарларды әмелге асырмақтамыз.
Бул бағдарда орта қалаларды раўажландырыў бойынша 200 миллион долларлық, аўыллық жерлердеги инфраструктураны жақсылаў бойынша 130 миллион долларлық жойбарларды Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен биргеликте баслағанымызды айрықша атап өтпекшимен.
Банк ҳәм басқа да бирге ислесиўшилеримиз бенен бундай инфраструктуралық жойбарларды және де кеңейтемиз.
Төртинши. «Жасыл» экономиканы жедел раўажландырыўды алдымызға баслы ўазыйпа сыпатында қойып, 2030-жылға шекем «жасыл» энергия дәреклерин 40 процентке жеткериў бойынша үлкен шек алғанбыз.
Бул бағдарда Азия инфраструктуралық инвестициялар банки 2030-жылға барып жәми портфелиниң 50 процентин климат өзгериўине байланыслы жойбарларға қаратыўы бизиң мақсетлеримиз бенен үнлес.
Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ири «жасыл» энергия жойбарларында Банк абырайлы сырт ел компаниялары менен бирге ислесип, бул тараўда глобал дәрежеде жаңа үлгилерди жаратпақта.
Биз келеси жыллары және 18 гигаватт қуяш ҳәм самал, 3 гигаватт гидро электр станциялары, 5 гигаватт энергия жыйнаў сыйымлықлары ҳәм 5 миллиард долларлық электр тармақларын иске қосамыз.
Бул жойбарлар арқалы ири «жасыл» мағлыўматлар орайларын да жаратпақтамыз. Бул – барлық халықаралық қаржы шөлкемлери ушын да тартымлы жойбар болады, деп есаплайман.
Соның менен бирге, қайта тиклениўши энергия дәреклери есабынан жылына 100 миллион долларлық «жасыл» сертификатлар базары қәлиплесип, бул халықаралық қаржы шөлкемлери менен бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдары болатуғынына исенемен.
Қоңсы мәмлекетлер де қайта тиклениўши энергия дәреклери бойынша үлкен жойбарларды баслағанын атап өтиў керек. Келеси жыллары қайта тиклениўши энергия ресурсларына бай Орайлық Азия дүнья энергетика базарларына «жасыл» энергия жеткерип беретуғын ири экспортшыға айланыўы ушын үлкен қәдемлер таслап атырмыз. Бул бағдарда Транскаспий электр тармағын қурыў жойбары үлкен потенциалға ийе екенин айрықша атап өтпекшимен.
Усы жерде, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки басшылығында Орайлық Азияда «жасыл» энергияны раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыўды усыныс етемен.
Бесинши. Ҳәзирги күнде Орайлық Азия халқы 80 миллионнан асты. Регионның жалпы ишки өними келеси бес жылда 700 миллиард долларға жетиўи күтилмекте.
Соның менен бирге, регионымызда ири инфраструктура жойбарларына талап күн сайын артып бармақта.
Ҳәзирги ўақытта әмелге асырыў басланған «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолын қурыў әне, сондай ири регионаллық инфраструктура жойбарына анық мысал болып есапланады.
Буннан тысқары, Орайлық Азияда азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм суў ресурсларының тамтарыслығы машқалалары оғада қыйынласпақта.
– Өзбекстан бул бағдарда өз стратегиясын ислеп шығып, келеси бес жылда суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин 25 процентке арттырыў арқалы 15 миллиард куб метр суўды үнемлеў бойынша үлкен жойбарларды баслаған.
Бирақ суў машқаласын шешиў пүткил регион мәмлекетлери ҳәм халықаралық қаржы шөлкемлериниң биргеликте ислеўин талап етеди.
Соның ушын, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен биргеликте суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў бойынша регионаллық орай шөлкемлестириў басламасын алға қоймақшыман. Қоңсыларымыз да бул басламамызды қоллап-қуўатлайды деп ойлайман.
Ҳүрметли банк басқарыўшылары!
Өзбекстан турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң үлесин жоқары баҳалайды.
Ҳәзирги күнде инфраструктура, энергетика, транспорт, суў тәмийнаты ҳәм турақлы раўажланыў бағдарында Банк пенен 3 миллиард долларлық 15 жойбар әмелге асырылмақта.
Булардың есабынан Өзбекстан банктиң топ-10 бирге ислесиўшисинен бирине айланғанын қанаатланыўшылық пенен айтыўым керек. Мысалы ушын, Банк пенен биргеликте Бухара ўәлаятындағы ишимлик суўы тармақларын жақсылаў бойынша 720 миллион долларлық жойбар дерлик 1,5 миллион халықты таза ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинлейди. Ямаса «Бухара-Хийўа» темир жолын электрлестириў жойбарын иске қосыў нәтийжесинде Хийўа қаласына жылына қосымша 1 миллион турист тартыў имканияты жаратылады.
Усы күнлери Банк пенен келеси үш жылда және 4 миллиард долларлық жойбарлар бағдарламасын әмелге асырыўға келисип алғанымызды атап өтиў керек.
Пурсаттан пайдаланып, биз бенен биргеликте жойбарларды әмелге асырып атырған ҳәм кең көлемли реформаларымызды қоллап киятырған Азия инфраструктуралық инвестициялар банки президенти Цзинь Лицюнь мырзаға, Банкке ағза мәмлекетлер ҳүкиметлери ҳәм басқарыўшыларына және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремен.
Өз алдына қойған мақсетлерге ерисиў жолында Банктиң барлық жәмәәтине үлкен табыслар тилеймен.
Сондай-ақ, бүгин әнжуманда қатнасып атырған Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Европа инвестиция банки ҳәм ири компаниялар менен инвесторларға өзимниң айрықша ҳүрмет ҳәм иззетимди билдиремен.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Келеси еки күнде Банк басқарыўшылары алдында жүдә әҳмийетли глобал ҳәм регионаллық машқалаларға заманагөй көзқараслар тийкарында шешимлер табыў, жаңа жойбарлар ҳәм бағдарламаларды додалаў сыяқлы жуўапкершиликли ўазыйпалар тур.
Сизлер қабыл ететуғын қарарлар Банкке ағза мәмлекетлерде жасайтуғын 6 миллиардтан аслам халықтың күнделикли турмысына тиккелей тәсир етеди.
Бул үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыўда сизлер өзиңиздиң терең билим, бай тәжирийбе ҳәм күш-ғайратыңызды аямайтуғыныңызға исенемен.
Ҳәммеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм әййемги Самарқандта жумысларыңыз табыслы болыўын тилеймен.
Сиз, әзиз досларымызды Өзбекстанға және көп мәрте келиўиңизди күтип қаламыз.