Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қорғаў системасы жетилистириледи
2024-08-15 09:20:00 / Májilisler

Ҳәр бир мәмлекет раўажланыў процесинде кәмбағаллықты қысқартыў басқышынан өтеди. Өзбекстан да 2020-жылда халықтың белгили бир бөлеги кәмбағал екенин тән алып, оларға мәдет бериўге киристи. Қаржылай-шөлкемлестириў илажлары көрилип, система енгизилди. Бул өз нәтийжесин берип, узақ жыллар аўыр жағдайда болған 3 миллионнан аслам адамлардың шараяты жақсыланды. Кәмбағаллық дәрежеси 17 проценттен 11 процентке түсти.
Келеси үш жылда кәмбағаллық дәрежесин 11 проценттен 7 процентке қысқартыў мақсет етилген. Ҳәзирге шекемги болған система менен нәтийжелиликти арттырыў қыйын. Кәмбағал шаңарақты танлаўда анықлық, оларды бул жағдайдан алып шығыў ҳәм пул ажыратыўда исенимлилик жетиспейди.
Усы жылы 12-июль күни Ферғана ўәлаятында өткен мәжилисте мәмлекетимиз басшысы бул бойынша жаңа көзқараслар кереклиги, енди кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қорғаў бир системада болатуғынын айтқан еди.
Презентацияда бул еки тараўды пропорционал раўажландырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Таллаўлардан келип шығып, кәмбағаллықты анықлаў критерялары ҳәм мәнзилли дизими қәлиплестирилди. Соның ишинде, оған «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»ндеги ҳәм кәмбағаллыққа түсиў қәўпи жоқары болғанлар киргизиледи. Бундай шаңарақлар «мәҳәлле жетилиги» ҳәм белсендилери тәрепинен даўыс бериў жолы менен тастыйықланады. Кәмбағаллықтан шығарыўға қаратылған барлық социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер «Инсан» орайлары тәрепинен әмелге асырылады.
Кәмбағаллық факторларын үйрениў ушын социаллық қорғаў ҳәм бәнтлик мәселелеринде 8 бағдарда бирден-бир сораўнама ислеп шығылады. Усы тийкарда шаңарақлардың имканиятлары баҳаланып, 3 категорияға ажыратылды. Ҳәр бир шаңараққа индивидуал қатнас жасап , «аяққа турыўы»на жәрдемлеседи.
Усы тәризде, кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған мәҳәллелер дизими де қәлиплестириледи. Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен ҳәр жылы 50 мәҳәлле таңлап алынып, олар кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырып барылады.
Бүгинги күнде ҳәким жәрдемшилерине 20 дан аслам ўазыйпалар жүкленген. Сол себепли кәмбағаллықты қысқартыў мәселеси екилемши дәрежеге түсип қалған. Енди ҳәким жәрдемшилериниң жумысы қайта көрип шығылып, тийкарғы итибар кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылалады.
Ҳәр жылы кәмбағаллықты қысқартыўға 14 триллион сум жумсалмақта. Бирақ бул қаржы 40 түрдеги қаржылай қураллар арқалы, 10 ға шамалас уйым тәрепинен берилмекте, бирден-бир қатнас жоқ. Сол себепли бул система да өзгертиледи. Қаржылар аймақ, район ҳәм мәҳәллелер кесиминде кәмбағал шаңарақлар санынан келип шығып, сәйкес түрде Агентлик ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен бөлистириледи. Онда қаржылар, биринши гезекте, шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыўға қаратылады.
Кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўы бойынша 3 басқышта-мәҳәлле ҳәм район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде мониторинг шөлкмлестириледи. Бул бағдарда жәмийетлик қадағалаў күшейтиледи.
Жумыс орынларын резервин таярлаў әмелияты орнына мүтәж адамларды жумысқа алған исбилермен ушын салық жеңилликлери енгизиледи. Бос жумыс орынлары толық санластырылады. Буйыртпашыны жумысты үйге алып ислеўши ҳәм фрилансерге байланыстыратуғын онлайн платформа шөлкемлестириледи. «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларында кәмбағал пуқараларды хызметлер тараўында заманагөй кәсиплерге үйретиў жолға қойылды.
Соңғы жыллары топланған тәжирийбе ҳәм адамлардың мүтәжлигинен жуўмақ шығарып, кәмбағаллықты қысқартыўды жаңа басқышқа алып шығыў керек. Мүтәж инсанлардың тилеги ҳәм имканиятын қоллап қуўатлап, тырмысқа, жәмийетке араластырыў зәрүр. Улыўма, ҳәр қандай социаллық жәрдем ақырғы нәтийжеде бәнтликке байланысыўы шәрт,-деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге социаллық жәрдемлердиң мәнзиллигин, ҳәм ашық айдынлығын тәмийинлеў бәнтлик ҳәм киши исбилерменликти раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

