Ғалаба хабар қуралларының конституциялиқ ҳуқықый тийкарлары
2025-05-20 17:30:00 / Министрлик

Ғалаба хабар қуралларының конституциялиқ ҳуқықый тийкарлары
Бүгинги күни Өзбекстанда басқарыўды либералластырыў, мәмлекет ҳәм жәмийетти модернизациялаў, экономиканы еркинлестириў, әдалатлы пуқаралық жәмийетин раўажландырыў процесс ҳәмде ғалаба хабар қураллары искерлигин жәнеде еркинлестириў тараўында реформалар даўам етпекте.
Өзбекстанда мәлимлеме тараўын демократияластырыў ҳәм либералластырыў бойынша әмелге асырылып атырған избе-из реформалар нәтийжесинде мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары искерлигиниң ашықлығы сезилерли дәрежеде өсип, жәмийетте ашық байланыс майданы жаратылды. Жәмийетшиликтиң көз-қарасы қәлиплесде, қызығыўшылығына себеп болатуғын кең көлемли мәселелер бойынша жәмийетлик пикирдиң пайда болыўында болса ғалаба хабар қураллары ҳәм журналистлердиң орны жоқары.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 81-статьясында “Ғалаба хабар қураллары еркин ҳәм нызамға муўапық ислейди. Олар мәлимлемениң туўрылығы ушын белгиленген тәртипте жуўапкер. Цензураға жол қойылмайды” деп анық көрсетип өтилген.
Ҳәр қандай жәмийетте мәлимлеме ҳәмийше мәмлекет раўажланыўының айнасы, адамлардың санасы, дүнья-қарасы, сиясий дәрежесиниң қәлиплесиўинде тийкарғы қурал болып хызмет етип келген. Бул ҳалат, әсиресе, бүгинги күндеги глобалласыў заманында ҳәр қашанғыдан да кең тарқалмақта, турмысымыздың бирде- бир тараўын ғалаба хабар қуралларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев “Ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң өз искерлигин нызам шеңберинде еркин әмелге асырыўына тосқынлық жасаў - бул демократиялық реформаларымызға қарсы ҳәрекет, мәмлекетимиздиң абыройына зыян жеткизиў ретинде баҳаланыўы керек” деп айтып өткен еди.
Сөз ҳам баспа сөз еркинлиги, оның әшкаралығы, реформалардың ашықлығын тәмийнлейтуғын демократиялық принциплерди турмысқа енгизиў ҳақыйқый демократияны тәмийнлейди.
Тийкарғы нызамымыздың 33 – статьясында “Ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги ҳуқықына ийе.Ҳәр ким өзи қәлеген мағлыўматты излеў, алыў ҳәм тарқатыў ҳуқықына ийе, әмелдеги конституциялық дүзимге қарсы қаратылған мағлыўмат ҳәм нызам менен белгиленген басқа шеклеўлер буннан тысқары” деп көрсетип өтилген.
Мәмлекетимизде ғалаба хабар қураллары тараўында алып барылып атырған мәмлекет сиясатының нызамлар ҳәм нызам асты ҳүжжетлери жәрдеминде беккемлениўи ғалаба хабар қураллары искерлиги еркинлиги ғәрезсизлигин әмелде тәмийнлеў, олар искерлигин тәртипке салыўшы ҳуқықты раўажландырыўға қаратылмақта.
Согдиана Абдинайымова.

