Қоңырат районында "Халық пенен бирге" бағдарламасы шеңберинде көшпели қабыллаў өткерилди
2026-07-04 20:20:00 / Министрлик

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизовтың қатнасыўында Қоңырат районында Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен «Халық пенен бирге» улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде гезектеги көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Өткерилген қабыллаўда пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалалар, мәҳәллелердеги инфраструктура, бәнтлик, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да бағдарлардағы мәселелер тыңланды.
Көтерилген ҳәр бир мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары тәрепинен жеке қадағалаўға алынып, көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғынлары бойынша тийисли жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube






