Ҳәкимият ҳаққында

Қараөзек районы ҳаққында
улыўма мағлыўматлар
Республика |
Қарақалпақстан |
Район |
Қараөзек |
Шөлкемлестирилген ўақты |
1975-жыл. |
Улиўма майданы, км2. |
5,89 мың км2. |
Мәҳәлле пуқаралар жыйынларының саны(өзин-өзи басқарыў органлары) |
13 дана. |
2025-жыл 1-январь жағдайындағы турақлы халық саны |
54,4 мың. |
Еркеклер |
26 984. |
Ҳаяллар |
26 967. |
Шегаралас районлар |
Нөкис қаласы, Шымбай, Кегейли, Нөкис районы, Мойнақ районы, Әмиўдәря, Беруний, Тахтакөпир районлары. |
Район ҳәкими: |
Баймуратов Анвар Махсетович. |
Қараөзек районы ҳаққында қысқаша мағлыўмат
Қараөзек районы 1975-жыл 26-сентябрде шөлкемлестирилген. Қараөзек районы Қарақалпақстан Республикасы аймағының бир бөлеги болып, оның арқа-батысында жайласқан. Район батыстан Шымбай, Кегейли, Нөкис районлары, Арқадан Мойнақ районы, шығыстан Тахтакөпир районы, қубла-шығыстан Беруний районы ҳәм қубла батыстан Әмиўдарья районлары менен шегаралас. Майданы 5,89мың кв.км. Районда бир пасёлка пуқаралар жыйыны, 13 мәҳәлле пуқаралар жыйыны бар. Орайы Қараөзек қаласы. 2025-жыл 1-январь ҳалатына район халқы 54,4 мын пуқараны қурайды.
