Ишимлик суўы тәмийнаты - халықтың абаданлығы ушын әҳмийетли қәдем.
2025-10-25 10:50:00 / Jańalıqlar

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын буннан былай да жетилистириў және тараўдағы инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында» ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде, Қараөзек районында халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў бағдарында унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Бул жумысларды әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрельдеги «Азия Раўажланыў банки қатнасында «Өзбекстанның батыс аймағында ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў» жойбарларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында жойбар шеңберинде район аймағында узынлығы 148,845 км жоқары басымлы суў қубырлары, ишимлик суў тармақлары ҳәм «Қараөзек» УРВ, «Қаратал» ВС-1 «Самат» ВС-2 суў бөлистириў имаратларын реконструкциялаў жобаластырылған.
Бүгинги күнге шекем С. Камалов, Мәденият, А. Досназаров, Қараөзек, Есимөзек аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм район орайы аймақларында жәми 51,1 км узынлықта жоқары басымдағы суў жеткерип бериўши суў тармақлары ҳәмде усы аймақларда жәми 121,9 км узынлықта киши басымдағы суў тармақлары тартылды.
Ҳәзирги ўақытлары Есим мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы суў бөлистириў орнында сыйымлылығы 1700 метркуб болған еки резервуар, Қараөзек АПЖ Самат насос станциясында сыйымлылығы 350 метркуб болған еки резервуарда бетонлаў жумыслары даўам етпекте.
Сондай-ақ, кәрханада ислеўши хызметкерлер ҳәм суў тутыныўшыларына қолайлық жаратыў мақсетинде, Қарақалпақ суў тәмийнаты акционерлик жәмийети Қараөзек районлық филиалының кеңсеси жаңадан салынып, ҳәзирги ўақытлары бул жерде, имараттың ишин сыбаў, төбелерин шиферлаў жумыслары алып барылмақта.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.


