Қараөзек районында спорт сынаўлары болып өтпекте.
2025-10-24 10:30:00 / Jańalıqlar

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 16-июньдағы ПҚ-5148-санлы қарары тийкарында ҳәр жылы спорт сынаўларын алыў белгилеп берилген еди.
Бүгин Қараөзек районы спорт мектебинде 30-70 жастағы ересеклер ҳәм ҳаял-қызларымыздыhttp://my.sport.uz платформасынан дизимнен өткерген ҳалда спорт сынаўлары алынды.
Иләжда дәслеп, қатнасыўшыларға спорт сынаўларын тапсырыў тәртиби ҳәм шәртлери түсиндирилди.
Буннан соң, районлық спорт мектебиниң тәжирийбели оқытыўшы-тренерлери тәрепинен спортшылардың физикалық таярлық дәрежеси көзден өткерилди.
Спорт сынаўларын тапсырыў усы жылдың 30-октябрь күнине шекем даўам етеди.

