«Ана тилим – мақтанышым» атамасында иләж өткерилди
2025-10-21 19:20:00 / Jańalıqlar

21-октябрь - Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен Қараөзек районы 2-санлы мектебинде «Ана тилим – мақтанышым» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Иләж даўамында шығып сөйлегенлер, өзбек тилиниң миллий қәдириятларымызды сәўлелендириўши, халқымыздың бай руўхый мийрасы ҳәм ой-пикирин көрсетиўши бийбаҳа байлық екенлигин атап өтти.
Буннан соң, мектеп оқыўшылары тәрепинен өзбек тилиниң гөззаллығын жырлайтуғын қосықлар ҳәм сахналық композициялар көрсетилди.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.



