Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн.
2025-10-21 19:05:00 / Jańalıqlar

Қараөзек районындағы қәнигелестирилген мектепте 21-октябрь - Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Илажды район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Р. Сагидуллаева, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы Ж. Нуратдиновалар өзбек тили - халқымыздың бийбаҳа руўхый байлығы, миллий өзлигимиз ҳәм мақтанышымыздың көриниси екенин атап өтти ҳәм тилимиздиң абырайын және де арттырыў, жас әўладты ана тилине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз етти.
Байрам бағдарламасы даўамында мектептиң қәбилетли оқыўшы жаслары тәрепинен таярланған музыкалы шығыўлар, сахналық көринислер жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.


