Қараөзек районында және еки жас турақ жай менен тәмийинленди.
2025-10-20 09:20:00 / Jańalıqlar

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-август күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында” ғы ПҚ-5216-санлы қарарына тийкар, бағыўшысын жоғалтқан жасларымыз М. Реймов ҳәм Е. Қадирниязовларға райондағы «Есим» мәҳәллесинде жайласқан «Жаңа Өзбекстан массиби» нде барлық қолайлықларға ийе еки ханалы турақ жайдан еки жасқа саўға етилди.
Иләжда район ҳәкими А. Баймуратов, тараў басшылары менен бирге турақ жай ийелерине жаңа турақ жайларының гилтин тапсырып, оларға жақсы тилеклерин билдирди ҳәм шараятлары менен танысты.
Имәрат ийелериде Президентимиздиң жасларға жаратып атырған имканиятларына кеўиллери толып, өз миннетдаршылықларын билдирди.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.



