Зулфия сыйлығының районлық басқышы өткерилди.
2025-10-17 19:35:00 / Jańalıqlar

Қараөзек районы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ушын жәрияланған таңлаўдың районлық басқышы болып өтти.
Таӊлаўға пән, әдебият, билимлендириў, көркем-өнер, мәденият, спорт, хабар технологиясы ҳәм жәмийетшилик бағдарларында жоқары жетискенликлерге ерисип киятырған қәбилетли қызлар қатнасты.
Жоқарыдағы жөнелислер бойынша айрықша жетискенликлерди қолға киргизип киятырған он төрт жастан отыз жасқа шекемги қызлар өз-ара беллести ҳәм төрешилер тәрепинен жеңимпазлар анықланды.
Таңлаў жуўмағында жеңимпаз қызларымыз Республикалық басқышқа жоллама алды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.



