15-октябрь Халықаралық аўыл ҳаяллары күни
2025-10-15 17:30:00 / Jańalıqlar

БМШ Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрдеги «Аўыл ҳаялларының аўҳалын жақсылаў» ҳаққындағы резолюциясына тийкарланып, 15-октябрь- Халықаралық аўыл ҳаяллары күни деп жәрияланды. Бул күн бизиң елимизде де байрам сыпатында ҳәр жылы белгиленип киятыр. Усы байрам мүнәсибети менен Қараөзек районында аўыл ҳаялларын қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық белсендилигин асырыў мақсетинде байрам иләжы шөлкемлестирилди. Онда район ҳәкиминиң орынбасары шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Р. Сагидуллаева аўыл ҳаялларына ҳармасын айтып, районымыздың социал-экономикалық, аўыл хожалығы тараўларының раўажланыўында ҳал-қызларымыздың салмақлы үлеслериниң бар екенлигин мақтаныш етти ҳәм халқымыздың миллий байлығы болған пахта зүрәәтине қосып атырған үлеслери ушын миннетдаршылық билдирип, байрам менен қутлықлады. Буннан соң, бир қатар тараўлардағы белсенди ҳаял-қызларға район ҳәкимлигиниң қымбат баҳалы саўғалары менен ҳүрмет жарлықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды. Усындай дүньяның тиреги, өмирдиң мазмуны, аўылдың көрки болған ҳаял-қызларымызға байрам мүбәрек болсын, әзиз аўыл ҳаяллары дегимиз келеди!
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети*



