Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясы болып өтти.
2025-10-10 10:10:00 / Jańalıqlar

Сессияға районлық Кеӊес депутатлары, район ҳәкими ҳәм орынбасарлары, сиясий партиялар, мәкеме, шөлкем басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессия күн тәртибинде, Қараөзек районы Әдиллик бөлими, ИИБ, районлық медицина бирлеспеси, санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлық бөлими, Өзбекстан Мәҳәллелер аўқамы Қараөзек районы бөлими басшылары 2025-жыл 9 айы даўамында әмелге асырған жумыслары бойынша мағлыўматлар берип өтти. Сондай-ақ, райондағы Есим МПЖ «Жаңа Өзбектан» массивинен турақ жай алыўды қәлеўши пуқараларға туўрыдан-туўры субсидия ажыратыў бойынша мәселелер қарап шығылды. Сессия соңында, усынылған мәселелер толығы менен көрип шығылып, алдағы режелер белгиленип алынды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.



