8-декабрь - Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни!
2025-12-08 / Waqıyalar kestesi

8-декабрь - Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни!
Өзбекстан Республикасының Конституциясы 1992-жылы 8-декабрьде қабыл етилген.
Конституция инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин жоқары қәдирият деп жәриялап, демократиялық реформалар, экономиканы модернизациялаў, социаллық өзгерислер ушын тийкар болды. Бул миллетлераралық тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў, тарийхый-мәдений дәстүрлерди раўажландырыўға хызмет етпекте.
Конституция инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, мәмлекетлик суверенитет, жәмиетте тынышлық ҳәм татыўлық принциплерине әмел етиў, турмысымыздың барлық тараўларында кең көлемли реформаларды әмелге асырыўдың кепили болып есапланады. Бул ҳүжжет Өзбекстан мәмлекечилиги қәлиплесиўиниң ең жаңа басқышын баслап берди ҳәм бүгинги күнде ол ҳәр бир инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин кепиллейди.
Конституция күни еркин ҳәм күшли мәмлекет рәмзи, мәмлекет раўажланыўы ҳәм ҳәр бир инсанның турмыс сапасын арттырыў тийкары болып есапланады.
