Районда "Дослық" фестивалы шөлкемлестирилди.
2025-07-29 09:10:00 / Jańalıqlar

Қараөзек районы Мәденият сарайында «30-июль - Халықаралық дослық күни» не бағышланып, руўхый-ағартыўшылық илажлары болып өтти.
Иләжда шығып сөйлеўшилер, жәмийетте өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлерин күшейтиў, миллетлерара татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, жас әўладты Ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ҳаққында кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, усы күни «Дослық ырғақлары» атамасындағы концерт бағдарламалары, өнерменшилик ҳәм сүўретлеў өнери ҳәм китап көргизбелери шөлкемлестирилди.
Иләж соңында районлық мәденият бөлиминиң таярлаған концерт бағдарламалары бәршеге заўық бағышлады.



